2 Салоникалылар 1 bob

Келешектеги қәҳәрли жаза (3-12).

1 Әкемиз Қудайға ҳәм Ийемиз Ийса Масихқа тийисли болған Салоника исениўшилериниң жәмәәтине, Павел, Сила ҳәм Тимофейден сәлем!
2 Әкемиз Қудайдың ҳәм Ийемиз Ийса Масихтың мийрими ҳәм тынышлығы сизлерге яр болсын!
3 Туўысқанлар! Сизлер ушын ҳәмме ўақытта Қудайға шүкирлик етиў парызымыз. Усылай ислеўимиз орынлы. Себеби исенимиңиз күн сайын өсип, ҳәр қайсысыңыздың бир-бириңизге деген сүйиспеншилигиңиз артып бармақта.
4 Сонлықтан бизлер басыңыздан кешип атырған барлық қуўдалаў ҳәм азап-ақыретлер ўақтындағы сизлердиң сабырлылығыңыз ҳәм исенимиңиз ушын Қудайдың жәмәәтлеринде сизлер менен мақтанамыз.
5 Булардың ҳәммеси Қудайдың әдил жазасының белгиси. Нәтийжеде, шегип атырған азабыңыз ушын сизлер Қудайдың Патшалығына ылайықлы деп саналасызлар.
6 Қудай әдил: сизлерге азап бергенлерге Ол азап пенен жуўап қайтарады.
7 Азап шегип атырған сизлерге болса, бизлер менен бирге тынышлық береди. Булардың ҳәммеси Ийемиз Ийса Өзиниң қүдиретли периштелери менен жалынлаған от ишинде аспанда көрингенде жүз береди.
8 Сонда Ийемиз Ийса Қудайды билмейтуғынларды ҳәм Өзи ҳаққында Хош Хабарға бойсынбағанларды жазалайды.
9 Олар мәңги набыт болыўға ҳүким етилип, Ийемиздиң жүзинен ҳәм қүдиретли салтанатынан алыслатылады.
10 Ийемиз келген күни Өз мухаддеслери тәрепинен уллыланып, пүткил исениўшилер тәрепинен алғысланады. Олардың арасында сизлер де боласызлар. Өйткени бизлердиң Ол ҳаққында берген гүўалығымызға исендиңлер.
11 онлықтан сизлер ушын бәрқулла дуўа етип атырмыз: Қудайымыз сизлерди Өзи шақырған өмирге ылайықлы қылсын, ҳәр түрли жақсы арзыў-әрманыңызды ҳәм исенимге тийкарланған ҳәр бир исиңизди Өз қүдирети менен әмелге асырсын.
12 Солай етип, Қудайымыздың ҳәм Ийемиз Ийса Масихтың мийрими менен, Ийемиз Ийсаның аты сизлер арқалы уллылансын ҳәм сизлер де Ол тәрепинен мәртебели болыңлар.


Shu bobni eshitish:


Download (0 mb)

Shu bobni tarjimada ko’rish


Kitoblar




kitap Qaraqalpaqsha Júklep alıw - Muxaddes Kitap Qaraqalpaq tilinde (latin 27mb .PDF)
Жүклеп алыў - Мухаддес Китап (кирилл 26mb .PDF)
Tawrat | Zabur | Injil (+audio)




ӘЖАЙЫП КИТАПТЫ ОҚЫҢ Муқаддес Китап.


1. Ең көп оқылатуғын китап - ҳәр жылы шама менен 80 миллион нусқада баспадан шығарылады

2. Мухаддес Китап 1600 жыл даўамында 40 тан артық авторлар тәрепинен жазылған ҳәм ҳеш қандай қарама-қарсылықларға ийе емес.

3. Инжил үш тилде (еврей, грек ҳәм арамей) ҳәм үш континентте жазылған.

4. Мухаддес Китап толық ямаса бөлеклеп 2377 тил ҳәм диалектке аўдарылған.


Bible Karakalpaksha Muxaddes Kitap Qaraqalpaqsha (latin 50mb .pdf)
Скачать - Мухаддес Китап (Қарақалпақ). (Таурат, Забур, Инжил) (51mb PDF)






















Muxaddes Kitap. Audio

Kitap Дүньяның жаратылыўы Matto Muqaddas xushxabar  Mark Muqaddas xushxabar  Luqo Muqaddas xushxabar  Yuhanno Muqaddas xushxabar  Havoriylarning faoliyati  Yoqubning maktubi  Butrusning birinchi maktubi  Butrusning ikkinchi maktubi  Yuhannoning birinchi maktubi  Yuhannoning ikkinchi maktubi  Yuhannoning uchinchi maktubi  Yahudoning maktubi  Rimliklarga maktub  Korinfliklarga birinchi maktub  Korinfliklarga ikkinchi maktub  Galatiyaliklarga maktub  Efesliklarga maktub  Filippiliklarga maktub  Kolosaliklarga maktub  1-Salonikaliklarga  2-Salonikaliklarga  Timo'tiyga birinchi maktub  Timo'tiyga ikkinchi maktub  Titusga maktub  Filimo'nga maktub  Ibroniylarga maktub  Yuhannoga ko'rsatilgan vahiy

Sharhlar


Sebebi Quday bul du'nyanı sonshelli su'ygenlikten, O'zinin' jalg'ız Ulın berdi. Onın' Ulına isengen ha'r bir adam nabıt bolmay, ma'n'gilik o'mirge iye boladı
Юхан 3:16


Фильмлер

Qaraqalpaqsha Фильмлер

Мультфильмлер

Qaraqalpaqsha Мультфильмлер

Фильмы на Каракалпакском

Qaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha Kino

Инжил Онлайн – har doim tomondan Muqaddas Kitob (Injil) oddiy va samimiy versiyasiga ega istaganlar uchun sayt. Saytida kitob matn Xudoning Kalomini o'rganish yordam beradi va simfonik.