2 Салоникалылар 2 bob
1 Туўысқанлар! Енди Ийса Масихтың қайта келиўине ҳәм бизлердиң Оның алдына жыйналыўымызға байланыслы сизлерден мыналарды өтинемиз.
2 Ийемиздиң күниниң әлле қашан келгенин айтқан ҳәр қандай пайғамбаршылық, сөз ямаса бизлер жибергендей етип көрсетилген хат себепли ақылдан дәрҳал азып, тәшиўишленбеңлер.
3 Өзлериңизди ҳеш кимге ҳеш қандай жол менен алдатпаңлар. Себеби сол күн келиўге дейин дәслеп исенимнен қайтыў басланып, нызамды бузыўшы, яғный тәғдирине набыт болыў жазылған адам пайда болады.
4 Сол адам – Қудайға ямаса адамлар «қудай» деп сыйынатуғын ҳәр бир нәрсеге қарсы шығып, өзин ҳәммеден жоқары қояды, ҳәтте, ол Қудайдың Ибадатханасындағы Мухаддесханада отырып, өзин «қудайман» деп жәриялайды.
5 Сизлер менен бирге болғанымда усыларды айтқаным еслериңизде жоқ па?
6 Сол адамның өз ўақтында пайда болыўына дейин ҳәзир оны не услап турғанын билесизлер.
7 Аўа, нызамсызлықтың сырлы күшлери әлле қашан ҳәрекет етпекте. Бирақ усы күшти услап турыўшы жоқ қылынбағанша, ол өз исин даўам ете береди.
8 Буннан соң, нызамды бузыўшы пайда болады. Бирақ Ийемиз Ийса оны аўзынан шыққан деми менен өлтиреди ҳәм Өзиниң уллы салтанаты менен келгенде жоқ қылады.
9 Сол адам шайтанның күши менен келип, ҳәр түрли қүдирет, жалған белгилер менен таң қаларлық нәрселерди
10 ҳәм набыт болатуғынларды алдаўшы ҳәр түрли жаманлықларды көрсетеди. Өйткени олар өзлериниң қутқарылыўы ушын ҳақыйқатлықты сүйиўден бас тартқанлықтан, набыт болады.
11 Сонлықтан жалғанға исенсин деп, Қудай оларға алдаўшы бир күш жибереди.
12 Солай етип, ҳақыйқатқа исенбей, жаманлықтан рәҳәтленетуғынлардың ҳәммеси ҳүким етиледи.
13 Бирақ бизлер Ийемиз сүйген туўысқанларымыз болған сизлер ушын ҳәмме ўақыт Қудайға шүкирлик етиўге парызлымыз. Себеби Қудай Мухаддес Руўх тәрепинен мухаддес қылыныўыңыз арқалы ҳәм ҳақыйқатқа исениўиңиз арқалы қутқарылыўыңыз ушын, сизлерди әўел бастан таңлап алған еди.
14 Ийемиз Ийса Масихтың уллылығына ерисиўиңиз ушын, бизлер жәриялаған Хош Хабар арқалы Қудай сизлерди усы қутқарылыўға шақырды.
15 Сол себепли, туўысқанларым, беккем турыңлар! Бизлердиң сөз ямаса хат арқалы сизлерге үйреткен тәлийматымыз бойынша ис тутыңлар.
16 Ийемиз Ийса Масихтың Өзи ҳәм бизлерди сүйип, мийримшәпәәти менен бизлерге шексиз жубаныш ҳәм жақсы үмит берген Әкемиз Қудай
17 сизлердиң кеўиллериңизди жигерлендирип, ҳәр қандай жақсы исте де, сөзде де күш-қуўат берсин.