1 Тимофей 3 bob
1 «Егер ким де ким жәмәәт жетекшиси болыўды аңсаса, жақсы исти арзыў еткени», – деген сөзлер ҳақыйқат.
2 Солай етип, жәмәәт жетекшиси айыпсыз, бир ҳаяллы, салмақлы, өзин тутып билетуғын, ҳүрметли, миймандос ҳәм тәлим бериўге қәбилетли болыўы шәрт.
3 Және де, ол мәскүнемликке берилген, қызба, жәнжелкеш, пайдакүнем болмай, ал мүләйим,
4 өз үйин жақсы басқаратуғын, балаларына сөзин тыңлатып, өзин ҳүрмет еттире алатуғын адам болыўы лазым.
5 Себеби өз үйин басқара алмайтуғын адам Қудайдың жәмәәтине қалай ғамхорлық қыла алады?
6 Жетекши жақында исенген адам болмаўы тийис. Олай болса, ол мақтанып кетип, шайтан сыяқлы жазаға дуўшар болыўы мүмкин.
7 Және де, ол айыпланып, шайтанның дузағына түспеўи ушын, жәмәәттиң сыртындағы адамлардың алдында жақсы атқа ийе болыўы керек.
8 Сол сыяқлы, жәмәәт хызметшилери де мәскүнемликке берилген, ҳарам пайданы гөзлейтуғын адам болмай, бир сөзли ҳәм ҳүрметли адамлар болыўы шәрт.
9 Олар исенимниң терең ҳақыйқатлығын билип, таза ҳүждан менен ис-ҳәрекет етиўи тийис.
10 Бул хызметшилер де дәслеп сынақтан өтиўи лазым. Егер айыпсыз болса, хызметке қойылсын.
11 Сондай-ақ, олардың ҳаяллары да өсекши болмай, ҳүрметли, салмақлы ҳәм ҳәмме исте исенимли болсын.
12 Жәмәәт хызметшилери бир ҳаяллы, балаларын ҳәм өз үй-ишин жақсы басқаратуғын адамлар болсын.
13 Хызметин жақсы атқарған хызметшилер жоқары мәртебеге ериседи ҳәм Масих Ийсаға деген исенимде үлкен батырлыққа ийе болады.
14 Мен жақын арада сениң жаныңа барыўдан үмит етемен. Бирақ егер кешиксем, Қудайдың шаңарағында исениўшилердиң қалай ис тутыўы кереклигин билиўиң ушын, саған усы хатты жазып атырман.
15 Қудайдың шаңарағы – ҳақыйқат тиреги ҳәм тийкары болған тири Қудайдың жәмәәти.
16 Қудайдың жолының сыры уллы екени сөзсиз. Келди Масих адам денесинде, Мухаддес Руўх тәрепинен ҳақ деп тастыйықланды Ол, Периштелерге көринди, Ол ҳаққында жәрияланды миллетлерге, Дүньяда Оған исенди, Ол жоқарыға алынды салтанат пенен.