1 Тимофей 4 bob
1 Мухаддес Руўх анық айтпақта: соңғы ўақытларда гейбир адамлар алдаўшы руўхларға ҳәм жинлердиң тәлийматларына қулақ асып, исенимнен қайтады.
2 Бундай тәлийматлар ҳүждансыз болған еки жүзли өтирикшилер тәрепинен тарқалады.
3 Бул өтирикшилер үйлениўди ҳәм турмысқа шығыўды қадаған етеди, және де, айырым азық-аўқатларды жемеўди буйырады. Деген менен, ҳақыйқатты билетуғын исениўшилердиң миннетдаршылық билдирип жеўи ушын, Қудай бул нәрселерди жаратқан-ғо.
4 Қудай жаратқан ҳәр бир нәрсе жақсы ҳәм егер миннетдаршылық пенен қабыл етилсе, ҳеш нәрсеге тыйым салынбаўы керек.
5 Өйткени бизлер ҳәр бир нәрсени Қудайдың сөзи бойынша ҳәм дуўа етиў арқалы мухаддес деп қабыл етемиз.
6 Егер буларды туўысқанларға нәсиятласаң, онда сен исенимниң ҳәм өзиң тутынған жақсы тәлийматтың сөзлери менен азықланған, Масих Ийсаның жақсы хызметшиси боласаң.
7 Жарамас ҳәм мәниссиз гәплерден аўлақ болып, өзиңди Қудай жолында шынықтырып бар.
8 Денени шынықтырыўдың пайдасы аз. Ал Қудайдың жолында шынығыў ҳәр тәреплеме пайдалы. Себеби бул арқалы ҳәзир ҳәм келешекте өмир бериледи.
9 Бул сөзлер исенимли ҳәм ҳәр тәреплеме қабыл етилиўге ылайықлы.
10 Соның ушын бизлер аўыр мийнет етип, азап шекпектемиз. Өйткени ҳәмме адамлардың, әсиресе исениўшилердиң Қутқарыўшысы болған тири Қудайдан үмит етемиз.
11 Сен усыларды буйыр ҳәм үйрет.
12 Жассаң деп, өзиңди ҳеш кимниң кемситиўине жол қойма. Керисинше, сөйлеген сөзиң, жасаў тәризиң, сүйиспеншилигиң, исенимиң ҳәм пәклигиң менен исениўшилерге өрнек бол.
13 Мен жаныңа барғанымша, исениўшилер жәмәәтине Мухаддес Жазыўларды оқыўға, үгит-нәсият етиўге ҳәм үйретиўге өзиңди бағышла.
14 Ақсақаллар жыйыны сениң үстиңе қол қойып дуўа еткенде, өзиңе пайғамбаршылық арқалы берилген руўхый сыйды пәс көрме.
15 Усыны ис жүзинде қоллан ҳәм табысларыңды ҳәмме көриўи ушын, өзиңди буған толық бағышла.
16 Өзиңе ҳәм берип атырған тәлимиңе дыққат аўдар, усы ислериңди даўам ет. Усылай ислесең, өзиңди де, сени тыңлайтуғынларды да қутқарасаң.