1 Тимофей 5 bob

Жәмәәт ишиндеги қатнасықлар (1-25).

1 Ғарры адамға урыспа, ал оны әкеңдей көрип, нәсият бер. Жас жигитлерди иниңдей,
2 жасы үлкен ҳаялларды анаңдай, жас ҳаял-қызларды әжапаң ҳәм қарындасыңдай көрип, толық пәклик пенен ақыл-нәсият бер.
3 Ҳақыйқаттан қәўендерсиз болған жесир ҳаялларды ҳүрмет ет
4 Бирақ, егер бир жесир ҳаялдың балалары ямаса ақлықлары болса, олар ең алды менен Қудайдың жолы менен жүрип, өз үй-ишине ғамхорлық көрсетиўди, әке-шешеси менен кемпир апа ҳәм атасының алдында парызын өтеўди үйренсин. Себеби бул Қудайға унайды.
5 Ҳақыйқаттан қәўендерсиз, жалғыз қалған жесир ҳаял Қудайдан үмит қылып, күни-түни Оған жалбарынып дуўа етеди.
6 Бирақ тек кәйип-сапа менен жасайтуғын жесир ҳаял – тири өлик.
7 Айыпланбаўы ушын, оларға усыларды ескертип қой.
8 Егер ким де ким өз ағайин-туўғанларына, әсиресе үй-ишиндегилерге қарамаса, ол исенимнен жүз бурған адам болып, исенбейтуғын адамнан да бетер болғаны.
9 Жесирлер дизимине жазылатуғын жесир ҳаял тек бир мәртебе турмысқа шыққан, жасы алпыстан кем болмаған болыўы керек.
10 Сондай-ақ, ол жақсы ислери менен ат шығарған болып: балаларын жақсы тәрбиялаған, миймандос болған, исениўшилерге кишипейиллик пенен хызмет еткен, қыйыншылықта болғанларға жәрдем берген ҳәм ийгиликли ислерге өзин бағышлаған болыўы тийис.
11 Жас жесир ҳаяллардың атларын дизимге жазба. Өйткени олардың Масихқа деген садықлығынан дене қәлеўлери үстин болып, және турмысқа шығыўды ойлайды.
12 Солай етип, олар алдын берген ўәделерин бузып, жазаға дуўшар болады.
13 уннан тысқары, олар үйме-үй жүрип, ўақытларын бийкар өткизиўди әдетке айландырады. Олар тек ериншек болып қалмай, өсек те айтады ҳәм керек емес нәрселерди сөйлеп, басқалардың исине араласады.
14 Сонлықтан жас жесир ҳаяллар турмысқа шығып, бала туўыўын ҳәм хожалық жумысларын меңгерип, душпанлардың өсек қылыўына себеп туўдырмаўын қәлеймен.
15 Себеби олардың гейбиреўлери әлле қашан азғырылып, шайтанның изине ерип кетти.
16 Егер исениўши бир ҳаялдың жесир қалған жақынлары болса, оларға жәрдем етсин, исениўшилер жәмәәтине аўырманлық салмасын. Сонда исениўшилер жәмәәти ҳақыйқаттан қәўендерсиз қалған жесирлерге жәрдем ете алады.
17 Жәмәәтти жақсы басқаратуғын ақсақаллар, әсиресе Қудайдың сөзин жәриялап ҳәм үйретип, мийнет етип атырғанлар еки есе ҳүрметке ылайықлы болсын.
18 Өйткени Мухаддес Жазыўда: «Түйек айдаған өгиздиң аўзын буўма» ҳәм «Жумысшы өз мийнет ҳақысына ылайықлы», – делинген.
19 Еки ямаса үш гүўа болмаса, бир ақсақалға қойылған айыпламаны қабыл етпе.
20 Басқалар қорқыўы ушын, гүна ислегенлерди ҳәммениң алдында әшкара қыл.
21 Қудайдың, Масих Ийсаның ҳәм таңланған периштелердиң алдында саған ескертип атырман: ҳеш кимди айырмай, тек бир тәрепке болыспай, усы буйырғанларымды орынла.
22 Биреўди хызметке алыў ушын, оның үстине қол қойып дуўа еткениңде, асығыслық қылма. Басқалардың гүналарына шерик болма: өзиңди таза тут.
23 Буннан былай, тек суў ишпей, асқазаның ҳәм жийи-жийи болып туратуғын аўырыўларың ушын, аз ғана шарап та иш.
24 Айырым адамлардың гүналары белгили болып, оларды ҳүким етилиўге алып келеди. Басқалардың гүнасы болса, соңынан мәлим болады.
25 Сол сыяқлы, жақсы ислер де белгили. Ал ҳәзир белгили болмаса да, жасырын қалмайды.


Shu bobni eshitish:


Download (0 mb)

Shu bobni tarjimada ko’rish


Kitoblar




kitap Qaraqalpaqsha Júklep alıw - Muxaddes Kitap Qaraqalpaq tilinde (latin 27mb .PDF)
Жүклеп алыў - Мухаддес Китап (кирилл 26mb .PDF)
Tawrat | Zabur | Injil (+audio)




ӘЖАЙЫП КИТАПТЫ ОҚЫҢ Муқаддес Китап.


1. Ең көп оқылатуғын китап - ҳәр жылы шама менен 80 миллион нусқада баспадан шығарылады

2. Мухаддес Китап 1600 жыл даўамында 40 тан артық авторлар тәрепинен жазылған ҳәм ҳеш қандай қарама-қарсылықларға ийе емес.

3. Инжил үш тилде (еврей, грек ҳәм арамей) ҳәм үш континентте жазылған.

4. Мухаддес Китап толық ямаса бөлеклеп 2377 тил ҳәм диалектке аўдарылған.


Bible Karakalpaksha Muxaddes Kitap Qaraqalpaqsha (latin 50mb .pdf)
Скачать - Мухаддес Китап (Қарақалпақ). (Таурат, Забур, Инжил) (51mb PDF)






















Muxaddes Kitap. Audio

Kitap Дүньяның жаратылыўы Matto Muqaddas xushxabar  Mark Muqaddas xushxabar  Luqo Muqaddas xushxabar  Yuhanno Muqaddas xushxabar  Havoriylarning faoliyati  Yoqubning maktubi  Butrusning birinchi maktubi  Butrusning ikkinchi maktubi  Yuhannoning birinchi maktubi  Yuhannoning ikkinchi maktubi  Yuhannoning uchinchi maktubi  Yahudoning maktubi  Rimliklarga maktub  Korinfliklarga birinchi maktub  Korinfliklarga ikkinchi maktub  Galatiyaliklarga maktub  Efesliklarga maktub  Filippiliklarga maktub  Kolosaliklarga maktub  1-Salonikaliklarga  2-Salonikaliklarga  Timo'tiyga birinchi maktub  Timo'tiyga ikkinchi maktub  Titusga maktub  Filimo'nga maktub  Ibroniylarga maktub  Yuhannoga ko'rsatilgan vahiy

Sharhlar


Sebebi Quday bul du'nyanı sonshelli su'ygenlikten, O'zinin' jalg'ız Ulın berdi. Onın' Ulına isengen ha'r bir adam nabıt bolmay, ma'n'gilik o'mirge iye boladı
Юхан 3:16


Фильмлер

Qaraqalpaqsha Фильмлер

Мультфильмлер

Qaraqalpaqsha Мультфильмлер

Фильмы на Каракалпакском

Qaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha Kino

Инжил Онлайн – har doim tomondan Muqaddas Kitob (Injil) oddiy va samimiy versiyasiga ega istaganlar uchun sayt. Saytida kitob matn Xudoning Kalomini o'rganish yordam beradi va simfonik.