1 Тимофей 6 bob

Жалған тәлиймат ҳәм ҳақыйқый байлық (3-21).

1 Қудайдың атына ҳәм тәлийматына тил тиймеў ушын, қуллық мойынтырығы астында болғанлардың ҳәммеси өз хожайынларын толық ҳүрметке ылайықлы деп санасын.
2 Хожайынлары исениўши болған қуллар болса, туўысқанбыз-ғо деп, ҳүрметсизлик қылмай, керисинше, оларға және де жақсырақ хызмет етсин. Себеби олардың бул жақсы хызметинен пайда көретуғын хожайынлар – сүйикли исениўшилер-ғо. Усыларды үйретип, нәсиятла.
3 Ким де ким өзге тәлийматты үйретип, Ийемиз Ийса Масихтың ҳақыйқат сөзлерин ҳәм Қудайдың жолына тийкарланған тәлийматты мақулламаса,
4 ол менмен ҳәм ҳеш нәрсени билмейтуғын адам болғаны. Айтысыў ҳәм тартысыў кеселине жолыққан бундай адамның гәплери күншиллик, алаўызлық, өсек ҳәм жаман гүманларды келтирип шығарады.
5 Ақыл-ойлары уўланған, ҳақыйқатлықты жойтқан, Қудайға хызмет етиў арқалы байыўға болады, деп ойлайтуғын бул адамлар арасында бәрқулла тартыслар болады.
6 Өзиңде барға қанаат етип, Қудайдың жолы менен жүриў – үлкен жетискенлик.
7 Өйткени бизлер бул дүньяға ҳеш нәрсе алып келмедик ҳәм оннан ҳеш нәрсе де алып кете алмаймыз.
8 Жейтуғын ҳәм кийетуғын нәрселеримиз болса, усыларға қанаат етейик.
9 Ал байымақшы болғанлар азғырылыўға ушырайды. Олар адамларды бәлеге жолықтырып набыт қылатуғын көп мәниссиз ҳәм зыянлы ҳәўеслердиң дузағына илинеди.
10 Себеби ҳәр түрли жаманлықтың негизи – ақшаны сүйиў. Айырымлар ақшаның изине түсип, исенимнен қайтты ҳәм өзлерин көп азапларға дуўшар етти.
11 Ҳәй, Қудайдың адамы, сен бул нәрселерден аўлақ бол. Ал ҳақлыққа, Қудайдың жолы менен жүриўге, исенимге, сүйиспеншиликке, сабырлыққа ҳәм мүләйимликке умтылып жаса.
12 Исеним ушын болатуғын жақсы гүресте жан-тәниң менен ҳәрекет етип, мәңгилик өмирди жеңип ал. Өйткени Қудай сени усы мәңгилик өмир ушын шақырған ҳәм сен көплеген гүўалар алдында исенимиңди ашық тән алғансаң.
13 Ҳәммеге өмир беретуғын Қудайдың ҳәм Понтий Пилат тергегенде турақлылық пенен гүўалық берген Масих Ийсаның алдында саған мынаны буйыраман:+
14 Ийемиз Ийса Масих келгенше, өзиңе берилген буйрықларды орынлап, минсиз ҳәм айыпсыз бол.
15 Қудай Өзи белгилеген ўақытта Ийса Масихтың қайта келиўин көрсетеди. Қудай – алғысмақтаўларға ылайықлы жалғыз Ҳәким, патшалар Патшасы, ҳүкимдарлар Ҳүкимдары.
16 Жалғыз Қудайдың ғана басында өлим жоқ. Ол ҳеш ким жақынлай алмайтуғын нурда жасайды, Оны ҳеш ким көрмеген ҳәм көриўи де мүмкин емес. Ҳүрмет ҳәм мәңгилик күш-қүдирет Оныки болсын! Аўмийин.
17 Бул дүньядағы бай адамларға менмен болмаўды ҳәм өткинши байлықтан үмит етпеўди буйыр. Ал олар рәҳәт көриўимиз ушын бизлерге ҳәмме нәрсени мол-мол етип беретуғын Қудайдан үмит етсин.
18 Оларға жақсылық ислеўди, жақсы ислер менен бай болыўды ҳәм өзинде барын басқалар менен бөлисип, сақый болыўды да тапсыр.
19 Сонда олар ҳақыйқый өмирге ийе болыўы ушын, өзлерине келешекте беккем таяныш болатуғын ғәзийне топлайды.
20 Ҳәй Тимофей, саған исенип тапсырылғанды сақла. Жарамас сөзлерден, өтириктен «билим» деп аталып, ҳақыйқатқа қарсы туратуғын тәлийматлардан аўлақ бол.
21 Себеби айырым адамлар бул жалған билимге берилип, исенимнен қайтты. Қудайдың мийрими сизлерге яр болсын!


Shu bobni eshitish:


Download (0 mb)

Shu bobni tarjimada ko’rish


Kitoblar




kitap Qaraqalpaqsha Júklep alıw - Muxaddes Kitap Qaraqalpaq tilinde (latin 27mb .PDF)
Жүклеп алыў - Мухаддес Китап (кирилл 26mb .PDF)
Tawrat | Zabur | Injil (+audio)




ӘЖАЙЫП КИТАПТЫ ОҚЫҢ Муқаддес Китап.


1. Ең көп оқылатуғын китап - ҳәр жылы шама менен 80 миллион нусқада баспадан шығарылады

2. Мухаддес Китап 1600 жыл даўамында 40 тан артық авторлар тәрепинен жазылған ҳәм ҳеш қандай қарама-қарсылықларға ийе емес.

3. Инжил үш тилде (еврей, грек ҳәм арамей) ҳәм үш континентте жазылған.

4. Мухаддес Китап толық ямаса бөлеклеп 2377 тил ҳәм диалектке аўдарылған.


Bible Karakalpaksha Muxaddes Kitap Qaraqalpaqsha (latin 50mb .pdf)
Скачать - Мухаддес Китап (Қарақалпақ). (Таурат, Забур, Инжил) (51mb PDF)






















Muxaddes Kitap. Audio

Kitap Дүньяның жаратылыўы Matto Muqaddas xushxabar  Mark Muqaddas xushxabar  Luqo Muqaddas xushxabar  Yuhanno Muqaddas xushxabar  Havoriylarning faoliyati  Yoqubning maktubi  Butrusning birinchi maktubi  Butrusning ikkinchi maktubi  Yuhannoning birinchi maktubi  Yuhannoning ikkinchi maktubi  Yuhannoning uchinchi maktubi  Yahudoning maktubi  Rimliklarga maktub  Korinfliklarga birinchi maktub  Korinfliklarga ikkinchi maktub  Galatiyaliklarga maktub  Efesliklarga maktub  Filippiliklarga maktub  Kolosaliklarga maktub  1-Salonikaliklarga  2-Salonikaliklarga  Timo'tiyga birinchi maktub  Timo'tiyga ikkinchi maktub  Titusga maktub  Filimo'nga maktub  Ibroniylarga maktub  Yuhannoga ko'rsatilgan vahiy

Sharhlar


Sebebi Quday bul du'nyanı sonshelli su'ygenlikten, O'zinin' jalg'ız Ulın berdi. Onın' Ulına isengen ha'r bir adam nabıt bolmay, ma'n'gilik o'mirge iye boladı
Юхан 3:16


Фильмлер

Qaraqalpaqsha Фильмлер

Мультфильмлер

Qaraqalpaqsha Мультфильмлер

Фильмы на Каракалпакском

Qaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha Kino

Инжил Онлайн – har doim tomondan Muqaddas Kitob (Injil) oddiy va samimiy versiyasiga ega istaganlar uchun sayt. Saytida kitob matn Xudoning Kalomini o'rganish yordam beradi va simfonik.