2 Тимофей 1 bob

Сәлемнама (1-2), Хош Хабарға садық болыўға үндеў (3-18).

1 Масих Ийсадағы ўәде етилген өмир ҳаққында жәриялаў ушын, Қудайдың қәлеўи менен Масих Ийсаның елшиси болған мен, Павелден,
2 сүйикли улым Тимофейге сәлем! Қудай Әкемиз ҳәм Ийемиз Масих Ийса саған мийрим, реҳим ҳәм тынышлық берсин!
3 Мен ата-бабаларым сыяқлы пәк ҳүждан менен хызмет ететуғын Қудайға күни-түни дуўа еткенимде сени үзликсиз еске алып, шүкирлик билдиремен.
4 Сениң көз жасларың ядымда. Және дийдарласып, қуўанышқа бөлениўим ушын, сени көриўди аңсап атырман.
5 Сениң ҳақыйқый исенимиң де ядымда. Бурын мама кемпириң Лоидада ҳәм анаң Евникада болған усы исенимниң ҳәзир сенде бар екенине толық исенемен.
6 Сонлықтан қолларымды үстиңе қойып дуўа етиўим арқалы Қудайдың саған берген сыйын бар инта менен қоллана бериў кереклигин есиңе түсирип атырман.
7 Өйткени Қудай бизлерге қорқақлық руўхын емес, ал күш, сүйиспеншилик ҳәм салдамлылық руўхын берди.
8 Солай етип, Ийемиз ҳаққында гүўалық бериўден ҳәм Ол себепли тутқын болған меннен арланба. Керисинше, Қудайдың берген күши менен Хош Хабар ушын мениң менен бирге қыйыншылық көр.
9 Қудай бизлерди ислеген ислеримиз себепли емес, ал Өз мақсети ҳәм мийрими менен қутқарып, мухаддес болып жасаўға шақырды. Бул мийримди Ол бизлерге дүнья жаратылмастан бурын Масих Ийса арқалы берген еди.
10 Ал енди болса, бул мийримди Қутқарыўшымыз Масих Ийсаның дүньяға келиўи менен ашық көрсетти. Масих Ийса өлимниң күшин жоқ қылып, Хош Хабар арқалы жоғалмайтуғын мәңгилик өмирди аян қылды.
11 Мен Қудай тәрепинен усы Хош Хабар ушын хабаршы, елши ҳәм муғаллим болып тайынландым.
12 Сонлықтан бул себепли азап шегип атырман. Бирақ та, мен арланбайман. Себеби Кимге исенгенимди билемен ҳәм Оның маған тапсырғанын Өзи сол күнге дейин сақлай алатуғынына да исенемен.
13 Меннен өзиң еситкен дурыс тәлийматты өрнек қылып, Масих Ийсаға деген исеним ҳәм сүйиспеншилик пенен жаса.
14 Саған тапсырылған ийгиликли тәлийматты ишимизде жасайтуғын Мухаддес Руўх жәрдеминде сақла.
15 Азия үлкесиндегилердиң ҳәммесиниң, солар арасында Фигел ҳәм Ермогенниң мени таслап кеткенин билесең.
16 Ийемиз Онисифордың үй-ишине Өз реҳмин берсин. Өйткени ол көп мәрте маған жубаныш берди ҳәм тутқынлығымнан арланбады.
17 Керисинше, Римге келгенде, мени тапқанша, еринбей изледи.
18 Сол күни Ийемиз оған Өз реҳмин берсин! Оның Ефесте маған қанша хызмет еткенин сен де жүдә жақсы билесең.


Shu bobni eshitish:


Download (0 mb)

Shu bobni tarjimada ko’rish


Kitoblar




kitap Qaraqalpaqsha Júklep alıw - Muxaddes Kitap Qaraqalpaq tilinde (latin 27mb .PDF)
Жүклеп алыў - Мухаддес Китап (кирилл 26mb .PDF)
Tawrat | Zabur | Injil (+audio)




ӘЖАЙЫП КИТАПТЫ ОҚЫҢ Муқаддес Китап.


1. Ең көп оқылатуғын китап - ҳәр жылы шама менен 80 миллион нусқада баспадан шығарылады

2. Мухаддес Китап 1600 жыл даўамында 40 тан артық авторлар тәрепинен жазылған ҳәм ҳеш қандай қарама-қарсылықларға ийе емес.

3. Инжил үш тилде (еврей, грек ҳәм арамей) ҳәм үш континентте жазылған.

4. Мухаддес Китап толық ямаса бөлеклеп 2377 тил ҳәм диалектке аўдарылған.


Bible Karakalpaksha Muxaddes Kitap Qaraqalpaqsha (latin 50mb .pdf)
Скачать - Мухаддес Китап (Қарақалпақ). (Таурат, Забур, Инжил) (51mb PDF)






















Muxaddes Kitap. Audio

Kitap Дүньяның жаратылыўы Matto Muqaddas xushxabar  Mark Muqaddas xushxabar  Luqo Muqaddas xushxabar  Yuhanno Muqaddas xushxabar  Havoriylarning faoliyati  Yoqubning maktubi  Butrusning birinchi maktubi  Butrusning ikkinchi maktubi  Yuhannoning birinchi maktubi  Yuhannoning ikkinchi maktubi  Yuhannoning uchinchi maktubi  Yahudoning maktubi  Rimliklarga maktub  Korinfliklarga birinchi maktub  Korinfliklarga ikkinchi maktub  Galatiyaliklarga maktub  Efesliklarga maktub  Filippiliklarga maktub  Kolosaliklarga maktub  1-Salonikaliklarga  2-Salonikaliklarga  Timo'tiyga birinchi maktub  Timo'tiyga ikkinchi maktub  Titusga maktub  Filimo'nga maktub  Ibroniylarga maktub  Yuhannoga ko'rsatilgan vahiy

Sharhlar


Sebebi Quday bul du'nyanı sonshelli su'ygenlikten, O'zinin' jalg'ız Ulın berdi. Onın' Ulına isengen ha'r bir adam nabıt bolmay, ma'n'gilik o'mirge iye boladı
Юхан 3:16


Фильмлер

Qaraqalpaqsha Фильмлер

Мультфильмлер

Qaraqalpaqsha Мультфильмлер

Фильмы на Каракалпакском

Qaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha Kino

Инжил Онлайн – har doim tomondan Muqaddas Kitob (Injil) oddiy va samimiy versiyasiga ega istaganlar uchun sayt. Saytida kitob matn Xudoning Kalomini o'rganish yordam beradi va simfonik.