2 Тимофей 3 bob
1 Мынаны билип қой: дүньяның соңғы күнлеринде аўыр ўақытлар келеди.
2 Адамлар өзин жақсы көретуғын, дүньяпараз, мақтаншақ, менмен, Қудайға тил тийгизетуғын, ата-анасына бойсынбайтуғын, жақсылықты билмейтуғын, қудайсыз,
3 мийримсиз, кекшил, жалахор, өзин тутып билмейтуғын, жаўыз, жақсылықтың душпаны,
4 сатқын, қызба ҳәм шыррық болады. Олар Қудайдан гөре, кәйип-сапаны көбирек жақсы көреди.
5 Өзлерин Қудайдың жолы менен жүрген қылып көрсетеди, бирақ Оның жолының күшин тән алмайды. Бундайлардан аўлақ бол.
6 Өйткени олардың гейбиреўлери үйлерге жасырын кирип, гүналарға батқан ҳәм ҳәр түрли жаман ҳәўеслерге берилген сада ҳаялларды дузаққа түсиреди.
7 Бул ҳаяллар ҳақыйқатлықты бәрқулла үйренип, оны ҳеш қашан түсинип жете алмайды.
8 Янис ҳәм Ямбрис Муўсаға қарсы шыққандай, бул адамлар да ҳақыйқатқа қарсы турады. Бундайлар – ақыл-ойлары бузылған ҳәм ҳақыйқый исенимге ийе емес адамлар.
9 Деген менен, олар узаққа бармайды. Себеби Янис ҳәм Ямбрис сыяқлы, олардың ақылсызлығы ҳәммеге әшкара болады
10 Ал сен мениң тәлийматымды, өмир тәризимди, мақсетимди, исенимимди, сабырлылығымды, сүйиспеншилигимди ҳәм турақлылығымды өрнек туттың.
11 Басымнан кешкен қуўдаланыўларымда ҳәм Антиохия, Икония, Листра қалаларында шеккен азапларыма шерик болдың. Мен қаншама азапларға шыдам бердим! Ийемиз мени ҳәммесинен қутқарды.
12 Ҳақыйқатында, Масих Ийсаға тийисли болып, Қудайдың жолы менен жасаўды қәлеўшилердиң ҳәммеси де қуўдаланады.
13 Бирақ, жаман ҳәм жалатай адамлар алдап ҳәм алданып, еле де бетер жаман болып бара береди.
14 Ал сен өзиң үйренген ҳәм исенген ҳақыйқатқа садық қал. Өйткени буны кимлерден үйренгениңди билесең.
15 Және де, сен Мухаддес Жазыўларды балалығыңнан бери билесең. Бул Жазыўлар саған Масих Ийсаға деген исеним арқалы қутқарылыў ушын даналық бере алады.
16 Мухаддес Жазыўлардың ҳәммеси Қудайдың Мухаддес Руўхының илҳамы менен жазылған болып, тәлим бериў, әшкаралаў, дүзетиў ҳәм ҳақыйқатлық бойынша тәрбиялаў ушын пайдалы.
17 Олар тийкарында Қудайдың адамы ҳәр бир жақсы иске таяр болыў ушын жетилисип барады.