Аян 1 bob

Китаптың мазмуны (1-3), Исениўши жети жәмәәтке сәлемнама (4-20).

1 Бул – тез арада жүз бериўи керек болған ўақыяларды Өз хызметшилерине билдириў ушын Қудайдың Ийса Масихқа* берген аяны. Ал Ол Өз периштесин жиберип, бул аянды хызметшиси Юханға билдирди.
2 Юхан Қудайдың сөзин ҳәм Ийса Масихтың гүўалығын, яғный өзи көрген нәрселериниң ҳәммесин баян етти.
3 Бул пайғамбаршылық сөзлерди оқыйтуғын ҳәм бул жерде жазылғанларды тыңлап, орынлайтуғынлар қандай бахытлы! Себеби бул ўақыялардың болатуғын ўақты жақын.
4 Мен, Юханнан, Азия үлкесиндеги жети жәмәәтке сәлем! Ҳәзир бар, бурыннан бар болған, келешекте де бар болатуғын ҳәм келетуғын Қудайдан, Оның тахты алдында турған жети руўхтан,
5 исенимли гүўа болған, өлилер арасынан биринши болып тирилген ҳәм жер жүзи патшаларының Ҳүкимдары болған Ийса Масихтан мийрим ҳәм тынышлық сизлерге берилсин! Ийса Масих бизлерди сүйип, Өз қаны менен бизлерди гүналарымыздан азат қылды
6 ҳәм бизлерди Өз Патшалығына еристирип, Әкеси Қудайдың хызметиндеги руўханийлери етти. Уллылық ҳәм қүдирет мәңгиге Оныки болсын! Аўмийин.
7 «Мине, Ол бултлар менен келмекте! Ҳәр бир көз Оны көреди, Оның денесин тескенлер де көреди. Жер жүзиниң барлық халықлары, Ол себепли өкирип жылайды» .Аўа, усылай болады, аўмийин.
8 Ҳәзир бар, бурыннан болған, келешекте де бар болатуғын ҳәм келетуғын, ҳәмме нәрсеге қүдиретли Қудай Ийемиз былай дейди: «Мен – Альфа ҳәм Омегаман».
9 Мен, Ийсаның қайғы-ҳәсиретине, патшалығына ҳәм сабырлығына сизлер менен бирге шерик болған туўысқаныңыз Юхан, Қудайдың сөзин ҳәм Ийса ҳаққында жәриялағаным ушын Патмос атлы атаўға сүргин етилген едим.
10 Ийемиздиң күнинде, мени Мухаддес Руўх басқарып турғанда, арқамнан кәрнайдың даўысына уқсаған бәлент бир даўысты еситтим.
11 «Көрип турғанларыңды китапқа жаз ҳәм жети жәмәәтке, яғный Ефес, Смирна, Пергам, Тиатира, Сардис, Филадельфия ҳәм Лаодикияға жибер», – деди даўыс.
12 Сөйлеп турғанды көриў ушын, мен арқама бурылдым. Бурылып, жети алтын шыра қойғышты көрдим.
13 Олардың ортасында үстине узынлығы аяғына түсетуғын кийим кийген, көкирегине алтын өңирше байлаған Адам Улына уқсаған биреў тур еди.
14 Оның басы ҳәм шашлары ақ жүн сыяқлы, қардай аппақ еди. Көзлери болса, оттың жалынындай жарқырап турған еди.
15 Оның аяқлары пеште қыздырылған жылтырақ қолаға уқсаған болып, даўысы сарқырап аққан суўдың сестиндей еди.
16 Ал оң қолында жети жулдыз бар болып, аўзынан еки жүзли өткир қылыш шығып турған еди. Жүзи күшли жарқырап турған қуяштай еди.
17 Мен Оны көриўден-ақ, өли сыяқлы аяқларына жығылдым. Ал Ол оң қолын үстиме қойып, былай деди: – Қорқпа! Мен – биринши ҳәм соңғыман.
18 Мен тиримен. Өлген едим, бирақ, мине, мәңгиге тиримен. Өлимниң ҳәм өлилер мәканының гилтлери Мениң қолымда.
19 Сонлықтан көргенлериңди, ҳәзир жүз берип атырған нәрселерди ҳәм буннан соң болатуғынларды жаз.
20 Оң қолымда сен көрген жети жулдыздың ҳәм жети алтын шыра қойғыштың сыры мынаў: жети жулдыз – жети жәмәәттиң жетекшилери, жети шыра қойғыш – жети жәмәәт.


Shu bobni eshitish:


Download (0 mb)

Shu bobni tarjimada ko’rish


Kitoblar




kitap Qaraqalpaqsha Júklep alıw - Muxaddes Kitap Qaraqalpaq tilinde (latin 27mb .PDF)
Жүклеп алыў - Мухаддес Китап (кирилл 26mb .PDF)
Tawrat | Zabur | Injil (+audio)




ӘЖАЙЫП КИТАПТЫ ОҚЫҢ Муқаддес Китап.


1. Ең көп оқылатуғын китап - ҳәр жылы шама менен 80 миллион нусқада баспадан шығарылады

2. Мухаддес Китап 1600 жыл даўамында 40 тан артық авторлар тәрепинен жазылған ҳәм ҳеш қандай қарама-қарсылықларға ийе емес.

3. Инжил үш тилде (еврей, грек ҳәм арамей) ҳәм үш континентте жазылған.

4. Мухаддес Китап толық ямаса бөлеклеп 2377 тил ҳәм диалектке аўдарылған.


Bible Karakalpaksha Muxaddes Kitap Qaraqalpaqsha (latin 50mb .pdf)
Скачать - Мухаддес Китап (Қарақалпақ). (Таурат, Забур, Инжил) (51mb PDF)






















Muxaddes Kitap. Audio

Kitap Дүньяның жаратылыўы Matto Muqaddas xushxabar  Mark Muqaddas xushxabar  Luqo Muqaddas xushxabar  Yuhanno Muqaddas xushxabar  Havoriylarning faoliyati  Yoqubning maktubi  Butrusning birinchi maktubi  Butrusning ikkinchi maktubi  Yuhannoning birinchi maktubi  Yuhannoning ikkinchi maktubi  Yuhannoning uchinchi maktubi  Yahudoning maktubi  Rimliklarga maktub  Korinfliklarga birinchi maktub  Korinfliklarga ikkinchi maktub  Galatiyaliklarga maktub  Efesliklarga maktub  Filippiliklarga maktub  Kolosaliklarga maktub  1-Salonikaliklarga  2-Salonikaliklarga  Timo'tiyga birinchi maktub  Timo'tiyga ikkinchi maktub  Titusga maktub  Filimo'nga maktub  Ibroniylarga maktub  Yuhannoga ko'rsatilgan vahiy

Sharhlar


Sebebi Quday bul du'nyanı sonshelli su'ygenlikten, O'zinin' jalg'ız Ulın berdi. Onın' Ulına isengen ha'r bir adam nabıt bolmay, ma'n'gilik o'mirge iye boladı
Юхан 3:16


Фильмлер

Qaraqalpaqsha Фильмлер

Мультфильмлер

Qaraqalpaqsha Мультфильмлер

Фильмы на Каракалпакском

Qaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha Kino

Инжил Онлайн – har doim tomondan Muqaddas Kitob (Injil) oddiy va samimiy versiyasiga ega istaganlar uchun sayt. Saytida kitob matn Xudoning Kalomini o'rganish yordam beradi va simfonik.