Аян 10 bob

Периште ҳәм китапша (1-11).

1 Соңынан мен аспаннан түсип киятырған басқа бир күшли периштени көрдим. Ол бултқа оранған болып, басының үстинде радуга бар еди. Жүзи қуяшқа, аяқлары отлы сүтинге уқсаған еди.
2 Оның қолында ашылған бир китапша бар еди. Ол оң аяғын теңизге, ал сол аяғын жерге қойып,
3 арысланның ақырғанына уқсаған бәлент даўыс пенен бақырды. Ол бақырғанда, жети гүлдирмама сести гүркиреп, тилге кирди.
4 Жети гүлдирмама тилге киргенде, мен жазбақшы болып едим, бирақ аспаннан бир даўыстың: «Жети гүлдирмаманың айтқанларын жазба, оларды қупыя сақла», – дегенин еситтим.
5 Соннан кейин, бир аяғы менен теңизде, бир аяғы менен жерде турғанын өзим көрген сол периште оң қолын аспанға көтерди.
6 Ол аспанды ҳәм аспандағылардың ҳәммесин, жерди ҳәм жердегилердиң ҳәммесин, теңизди ҳәм теңиздегилердиң ҳәммесин жаратқан мәңги тири Қудайдың аты менен ант ишип: «Енди ўақыт қалмады.
7 Бирақ, жетинши периште кәрнайын шертетуғын күнлерде Қудайдың Өз хызметшилери – пайғамбарларға хабарлаған сырлы жобасы әмелге асады», – деди.
8 Өзим аспаннан еситкен даўыс мениң менен және сөйлесе баслап: «Барып, теңизде ҳәм жерде турған периштениң қолындағы ашыўлы китапшаны ал», – деди.
9 Мен периштениң жанына барып, китапшаны маған бериўин сорадым. Периште маған: «Буны ал да, жеп қой. Ол қарныңа барғанда ашшы, ал аўзыңда пал сыяқлы татлы болады», – деди.
10 Сонда мен китапшаны периштениң қолынан алып, жеп қойдым. Ол аўзымда пал сыяқлы татлы болды, ал жутқанымнан кейин қарнымды ашытты.
11 Соңынан маған былай делинди: «Сен және көп халықлар, миллетлер, тиллер ҳәм патшалар туўралы пайғамбаршылық айтыўың тийис».


Shu bobni eshitish:


Download (0 mb)

Shu bobni tarjimada ko’rish


Kitoblar




kitap Qaraqalpaqsha Júklep alıw - Muxaddes Kitap Qaraqalpaq tilinde (latin 27mb .PDF)
Жүклеп алыў - Мухаддес Китап (кирилл 26mb .PDF)
Tawrat | Zabur | Injil (+audio)




ӘЖАЙЫП КИТАПТЫ ОҚЫҢ Муқаддес Китап.


1. Ең көп оқылатуғын китап - ҳәр жылы шама менен 80 миллион нусқада баспадан шығарылады

2. Мухаддес Китап 1600 жыл даўамында 40 тан артық авторлар тәрепинен жазылған ҳәм ҳеш қандай қарама-қарсылықларға ийе емес.

3. Инжил үш тилде (еврей, грек ҳәм арамей) ҳәм үш континентте жазылған.

4. Мухаддес Китап толық ямаса бөлеклеп 2377 тил ҳәм диалектке аўдарылған.


Bible Karakalpaksha Muxaddes Kitap Qaraqalpaqsha (latin 50mb .pdf)
Скачать - Мухаддес Китап (Қарақалпақ). (Таурат, Забур, Инжил) (51mb PDF)






















Muxaddes Kitap. Audio

Kitap Дүньяның жаратылыўы Matto Muqaddas xushxabar  Mark Muqaddas xushxabar  Luqo Muqaddas xushxabar  Yuhanno Muqaddas xushxabar  Havoriylarning faoliyati  Yoqubning maktubi  Butrusning birinchi maktubi  Butrusning ikkinchi maktubi  Yuhannoning birinchi maktubi  Yuhannoning ikkinchi maktubi  Yuhannoning uchinchi maktubi  Yahudoning maktubi  Rimliklarga maktub  Korinfliklarga birinchi maktub  Korinfliklarga ikkinchi maktub  Galatiyaliklarga maktub  Efesliklarga maktub  Filippiliklarga maktub  Kolosaliklarga maktub  1-Salonikaliklarga  2-Salonikaliklarga  Timo'tiyga birinchi maktub  Timo'tiyga ikkinchi maktub  Titusga maktub  Filimo'nga maktub  Ibroniylarga maktub  Yuhannoga ko'rsatilgan vahiy

Sharhlar


Sebebi Quday bul du'nyanı sonshelli su'ygenlikten, O'zinin' jalg'ız Ulın berdi. Onın' Ulına isengen ha'r bir adam nabıt bolmay, ma'n'gilik o'mirge iye boladı
Юхан 3:16


Фильмлер

Qaraqalpaqsha Фильмлер

Мультфильмлер

Qaraqalpaqsha Мультфильмлер

Фильмы на Каракалпакском

Qaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha Kino

Инжил Онлайн – har doim tomondan Muqaddas Kitob (Injil) oddiy va samimiy versiyasiga ega istaganlar uchun sayt. Saytida kitob matn Xudoning Kalomini o'rganish yordam beradi va simfonik.