Аян 16 bob

Қудайдың ғәзебине толы жети кесе (1-21).

1 Соңынан мен Ибадатханадан шыққан бир бәлент даўыстың жети периштеге: «Барыңлар! Қудайдың ғәзебине толы жети кесени жерге төгиңлер!» – дегенин еситтим.
2 Сонда биринши периште барып, кесени жерге төкти. Биринши жыртқыш ҳайўанның тамғасына ийе болып, оның мүсинине табынатуғынлардың үстинде азап бериўши жеркенишли жаралар пайда болды.
3 Екинши периште кесесин теңизге төкти. Теңиз өлиниң қанына уқсайтуғын қанға айланып, теңиздеги пүткил тиришилик набыт болды.
4 Үшинши периште кесесин дәрьяларға ҳәм суў булақларына төкти. Олар да қанға айланды.
5 Суўлар үстинен ҳәкимлик ететуғын периштениң былай дегенин еситтим: «Ҳәзир бар ҳәм бурыннан бар болған мухаддес Қудайымыз! Сениң шығарған бул ҳүкимлериң әдил.
6 Мухаддеслердиң ҳәм пайғамбарлардың қанын төккени ушын, Сен оларға қан ишкиздиң. Буған олар ылайықлы.
7 Сонда мен қурбанлық шалынатуғын орыннан шыққан бир даўыстың былай дегенин еситтим: «Аўа, ҳәмме нәрсеге қүдиретли Қудай Ийемиз, Сениң ҳүкимлериң туўры ҳәм әдил».
8 Төртинши периште кесесин қуяшқа төкти. Сонлықтан қуяшқа адамларды от пенен күйдириў күши берилди.
9 Адамларды күшли ҳәўир күйдирип жиберди. Олар тәўбе етпеди ҳәм усы бәлелердиң үстинен бийликке ийе болған Қудайды алғысламай, Оның атына тил тийгизди.
10 Бесинши периште кесесин жыртқыш ҳайўанның тахты үстине төкти. Жыртқыш ҳайўанның патшалығы тас түнек болып қалды. Адамлар азапқа шыдамай, тиллерин тиследи.
11 Бирақ олар жаман ис-ҳәрекетлери ушын тәўбе етпей, көрип атырған азаплары ҳәм жаралары себепли, аспандағы Қудайға тил тийгизди.
12 Алтыншы периште кесесин уллы Евфрат дәрьясына төкти. Күншығыстан келетуғын патшаларға жол таярлаў ушын, дәрьяның суўы қурып қалды.
13 Буннан соң, мен айдарҳаның, жыртқыш ҳайўанның ҳәм жалған пайғамбардың аўзынан шыққан қурбақаларға уқсайтуғын үш жаўыз руўхты көрдим.
14 Бул руўхлар – кәраматлар ислейтуғын жинлердиң руўхлары еди. Олар ҳәмме нәрсеге қүдиретли Қудайдың уллы күнинде болатуғын саўашқа пүткил дүньяның патшаларын жыйнаў ушын атланды.
15 «Мине, Мен уры сыяқлы күтилмегенде келемен! Жалаңаш болып жүрип, уятқа қалмаўы ушын үстиндеги кийимлерин сақлап, сергек турғанлар қандай бахытлы!» – (деди Ийемиз Ийса).
16 Үш жаўыз руўх еврейше «Армагедон» деп аталатуғын жерге патшаларды жыйнады.
17 Жетинши периште кесесин ҳаўаға төкти. Ибадатханадағы тахттан шыққан бәлент бир даўыс: «Орынланды», – деди.
18 Сонда шақмақ шағып, гүрсилдеген даўыслар еситилди ҳәм гүлдирмама гүркиреп, күшли жер силкиниў болды. Адамзат жер жүзинде пайда болғалы берли, бундай күшли жер силкиниў ҳеш қашан болған емес.
19 Уллы қала үшке бөлинип қулады. Миллетлердиң қалалары да қыйралып қалды. Қудай уллы Бабилонды ядында сақлап, Өзиниң қәҳәрли ғәзебиниң шарабы толы кесени оған ишиў ушын берди.
20 Барлық атаўлар орнынан көшип, таўлар жоқ болып кетти.
21 Аспаннан адамлардың үстине ҳәр бир данасы батпандай күшли буршақ жаўды. Буршақ соншелли қорқынышлы болып, адамлар усы бәле ушын Қудайға тил тийгизди.


Shu bobni eshitish:


Download (0 mb)

Shu bobni tarjimada ko’rish


Kitoblar




kitap Qaraqalpaqsha Júklep alıw - Muxaddes Kitap Qaraqalpaq tilinde (latin 27mb .PDF)
Жүклеп алыў - Мухаддес Китап (кирилл 26mb .PDF)
Tawrat | Zabur | Injil (+audio)




ӘЖАЙЫП КИТАПТЫ ОҚЫҢ Муқаддес Китап.


1. Ең көп оқылатуғын китап - ҳәр жылы шама менен 80 миллион нусқада баспадан шығарылады

2. Мухаддес Китап 1600 жыл даўамында 40 тан артық авторлар тәрепинен жазылған ҳәм ҳеш қандай қарама-қарсылықларға ийе емес.

3. Инжил үш тилде (еврей, грек ҳәм арамей) ҳәм үш континентте жазылған.

4. Мухаддес Китап толық ямаса бөлеклеп 2377 тил ҳәм диалектке аўдарылған.


Bible Karakalpaksha Muxaddes Kitap Qaraqalpaqsha (latin 50mb .pdf)
Скачать - Мухаддес Китап (Қарақалпақ). (Таурат, Забур, Инжил) (51mb PDF)






















Muxaddes Kitap. Audio

Kitap Дүньяның жаратылыўы Matto Muqaddas xushxabar  Mark Muqaddas xushxabar  Luqo Muqaddas xushxabar  Yuhanno Muqaddas xushxabar  Havoriylarning faoliyati  Yoqubning maktubi  Butrusning birinchi maktubi  Butrusning ikkinchi maktubi  Yuhannoning birinchi maktubi  Yuhannoning ikkinchi maktubi  Yuhannoning uchinchi maktubi  Yahudoning maktubi  Rimliklarga maktub  Korinfliklarga birinchi maktub  Korinfliklarga ikkinchi maktub  Galatiyaliklarga maktub  Efesliklarga maktub  Filippiliklarga maktub  Kolosaliklarga maktub  1-Salonikaliklarga  2-Salonikaliklarga  Timo'tiyga birinchi maktub  Timo'tiyga ikkinchi maktub  Titusga maktub  Filimo'nga maktub  Ibroniylarga maktub  Yuhannoga ko'rsatilgan vahiy

Sharhlar


Sebebi Quday bul du'nyanı sonshelli su'ygenlikten, O'zinin' jalg'ız Ulın berdi. Onın' Ulına isengen ha'r bir adam nabıt bolmay, ma'n'gilik o'mirge iye boladı
Юхан 3:16


Фильмлер

Qaraqalpaqsha Фильмлер

Мультфильмлер

Qaraqalpaqsha Мультфильмлер

Фильмы на Каракалпакском

Qaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha Kino

Инжил Онлайн – har doim tomondan Muqaddas Kitob (Injil) oddiy va samimiy versiyasiga ega istaganlar uchun sayt. Saytida kitob matn Xudoning Kalomini o'rganish yordam beradi va simfonik.