Аян 17 bob
1 Жети кесеси бар жети периштениң бири жақынлап келди де, мениң менен сөйлесе баслап былай деди: – Берман кел, мен саған көп суўлардың үстинде отырған уллы бузық ҳаялдың қандай жазаға тартылатуғынын көрсетемен.
2 Дүнья патшалары оның менен бузықшылық ислеген еди. Жер жүзинде жасаўшылар оның бузықшылығының шарабына мәс болған еди.
3 Соңынан периште мени Мухаддес Руўхтың басқарыўында шөлге алып барды. Ол жерде мен жети баслы, он шақлы, үсти Қудайға тил тийгизетуғын атларға толы, жыртқыш қызыл ҳайўанның үстинде отырған бир ҳаялды көрдим.
4 Ҳаял қызғылт көк ҳәм қымбатлы қызыл липаслар кийип, алтын, ҳасыл таслар ҳәм ҳинжилер менен безенген еди. Оның қолында жеркенишли нәрселерге ҳәм бузықшылығының ҳарамылықларына толы алтын кесе бар еди.
5 Ал маңлайына болса: «УЛЛЫ БАБИЛОН, ДҮНЬЯНЫҢ БУЗЫҚЛАРЫНЫҢ ҲӘМ ЖЕРКЕНИШЛИ НӘРСЕЛЕРИНИҢ АНАСЫ», деген сырлы ат жазылған еди.
6 Ҳаялдың мухаддеслердиң ҳәм Ийса ҳаққында гүўалық берип өлгенлердиң қанына мәс екенин көрдим. Буны көрип, мен қатты таң қалдым.
7 Периште маған былай деди: – Неге таң қалып турсаң? Мен саған ҳаялдың ҳәм оны көтерип жүрген жети баслы, он шақлы жыртқыш ҳайўанның сырын ашып беремен.
8 Сен көрген жыртқыш ҳайўан бурын бар еди, бирақ ҳәзир жоқ. Бираздан соң, ол терең туңғыйықтан шығып, набыт болады. Дүнья жаратылғаннан бери атлары Өмир китабында жазылмаған жер жүзинде жасаўшылар жыртқыш ҳайўанды көргенде ҳайран қалады. Себеби бул ҳайўан бир ўақытлары бар еди, енди жоқ, бирақ және келеди.
9 Буны түсиниў ушын даналық керек. Жети бас – ҳаял үстинде отырған жети таўды ҳәм жети патшаны билдиреди.
10 Булардың бесеўи қулады, биреўи бар, басқасы еле келмеди. Ол келеди, бирақ узақ ўақыт турмайды.
11 Бурын бар болған, бирақ енди жоқ жыртқыш ҳайўанның өзи сегизинши патша. Алдыңғы жети патшаның бири болған ол набыт болады.
12 Сен көрген он шақ еле патшалық етпеген он патша. Бирақ булар жыртқыш ҳайўан менен бирликте аз ўақыт патшалық етиў ушын бийлик алады.
13 Бул патшалар бир нийетке ийе болып, күшлерин ҳәм бийлигин жыртқыш ҳайўанға береди.
14 Олар Қозыға қарсы урысады, бирақ Қозы оларды жеңеди. Өйткени Қозы – ҳүкимдарлар Ҳүкимдары ҳәм патшалар Патшасы. Оның менен бирге болғанлар – шақырылғанлар, таңланғанлар ҳәм Оған садық қалғанлар.
15 Соңынан периште маған былай деди: – Мына сен көрген суўлар, яғный үстинде бузық ҳаял отырған суўлар – халықлар, аламанлар, миллетлер ҳәм тиллер.
16 Сен көрген он шақ ҳәм жыртқыш ҳайўан бузық ҳаялды жек көрип, оның ҳәмме нәрсесин талан-тараж етеди ҳәм оны тыр жалаңаш қалдырады. Оның етин жеп, өзин отқа жандырады.
17 Себеби Қудай Өзиниң еркин орынлаў ушын, олардың кеўиллерине усы нийетти салған еди. Солай етип, Қудайдың сөзлери орынланыўға дейин олар өз ара келисип, патшалықларын жыртқыш ҳайўанға береди.
18 Сен көрген ҳаял – дүнья патшаларының үстинен ҳәкимлик ететуғын уллы қала.