Аян 4 bob
1 Буннан соң, аспанда ашық турған бир қапыны көрдим. Мен бурын еситкен даўыс, яғный кәрнай сестине уқсаған сес маған былай деди: «Бул жерге көтерил! Мен саған буннан соң болыўы тийис ўақыяларды көрсетемен».
2 Сонда мен дәрҳал Мухаддес Руўхқа толып, аспанда бир тахты ҳәм онда Отырғанды көрдим.
3 Тахтта Отырғанның көриниси яспис, сардис сыяқлы ҳасыл таслардай жарқырап, ал тахтың әтирапын жарқыраған ҳасыл зумрат тасы сыяқлы радуга қоршап турған еди.
4 Тахтың дөгерегинде басқа жигирма төрт тахт болып, бул тахтларда ақ кийимли, басларына алтын таж кийген жигирма төрт ақсақал отырған еди.
5 Тахттан шақмақ шағып, гүрсилдеген даўыс шығып, гүлдирмаманың гүркирегени еситилип турған еди. Ал тахтың алдында жети шыра жанып турған еди. Бул – Қудайдың жети руўхы.
6 Және тахтың алдында кристалл сыяқлы шийше теңиз бар еди. Тахттың төрт тәрепинде, яғный дөгерегинде алды-арты көзге толған төрт мақлуқ турған еди.
7 Олардың бириншиси арысланға, екиншиси бузаўға уқсаған еди. Ал үшиншисиниң жүзи адамның түриндей, төртиншиси ушып баратырған бүркит сыяқлы еди.
8 Ҳәр бириниң алты қанаты болып, қанатларының иши-сырты толған көз еди. Олар күни-түни тоқтамастан: «Бар болған, ҳәзир бар ҳәм келешекте бар болатуғын ҳәм келетуғын, ҳәмме нәрсеге қүдиретли Қудай Ийемиз мухаддес, мухаддес, мухаддес!» – дейди.
9 Төрт мақлуқ мәңги өмир сүретуғын тахтта Отырғанды уллылап, Оған ҳүрмет көрсетип шүкирлик билдирген сайын,
10 жигирма төрт ақсақал тахтың үстинде отырған мәңги өмир Сүретуғынның алдына жығылып, Оған табынды. Олар тажларын тахтың алдына қойып былай деди:
11 «Қудай Ийемиз! Сен даңқ, ҳүрмет ҳәм қүдиретти алыўға ылайықлысаң. Себеби ҳәмме нәрсени Сен жаратқансаң. Ҳәммеси Сениң еркиң менен жаратылды ҳәм бар болды».