Аян 5 bob
1 Сонда тахтта Отырғанның оң қолында иши-сырты жазылған, жети мөр басылып бекитилген бир китапты көрдим.
2 Және мен бәлент даўыс пенен жәриялап бақырған бир күшли периштени де көрдим. Ол жар салып: «Ким бекитилген мөрлерди бузып, китапты ашыўға ылайықлы?» – деди.
3 Бирақ аспанда да, жерде де, жердиң астында да китапты ашып, оның ишине қараўға ылайықлы ҳеш ким болмады.
4 Китапты ашып, оның ишине қараўға ылайықлы ҳеш ким табылмағанлықтан, мен қатты жыладым.
5 Сонда ақсақаллардың бири маған: – Жылама! Қара, Яҳуда урыўынан шыққан Арыслан, Даўыттың Урпағы жеңип шықты! Ол бекитилген мөрлерди бузып, китапты аша алады, – деди.
6 Сол ўақытта мен төрт мақлуқ пенен ақсақаллар қоршап турған тахтың ортасында баўызланғанға уқсаған бир Қозыны көрдим. Қозының жети мүйизи ҳәм жети көзи бар еди. Бул көзлер – Қудайдың пүткил жер жүзине жиберген жети руўхы.
7 Қозы жақынлап барып, тахтта Отырғанның оң қолынан китапты алды.
8 Қозы китапты алғанда, төрт мақлуқ ҳәм жигирма төрт ақсақал Оның аяғына жығылды. Ҳәр бириниң қолында тарлы әсбап ҳәм хош ийисли затларға толған алтын кеселер бар еди. Бул хош ийисли затлар мухаддеслердиң дуўаларын билдиреди.
9 Олар жаңа алғысмақтаў қосығын айтып былай деди: «Сен китапты алыўға ҳәм бекитилген мөрлерди бузып ашыўға ылайықлысаң! Өйткени Сен Өзиңди қурбан еттиң ҳәм ҳәр бир урыў, тил, Халық ҳәм миллеттен шыққан адамларды Қудайға арнаў ушын, Өз қаныңды төгип, олардың төлемлерин өтедиң.
10 Оларды патшалығыңа еристирип, Қудайдың хызметиндеги руўханийлер қылдың. Олар жер жүзинде ҳәкимлик етеди».
11 Соңынан тахтты, мақлуқларды ҳәм ақсақалларды қоршаған есап-сансыз, мыңлаған, миллионлаған периштелерди көрдим ҳәм олардың даўысларын еситтим.
12 Олар даўыслап қосық айтып былай деди: «Баўызланған Қозы күш, байлық, даналық, қүдирет, Ҳүрмет, даңқ ҳәм алғыс-мақтаўды алыўға ылайықлы».
13 Және мен аспандағы, жер жүзиндеги, жердиң астындағы ҳәм теңиздеги пүткил жаратылыстың, олардағы пүткил барлықтың былай деп қосық айтқанын еситтим: «Тахтта отырған ҳәм Қозы Алғыс-мақтаўға, ҳүрметке, даңққа Ҳәм қүдиретке мәңгиге ийе болсын!»
14 Төрт мақлуқ: «Аўмийин!» деп жуўап берди, ал жигирма төрт ақсақал жерге жығылып табынды.