Аян 8 bob

Бекитилген жетинши мөрдиң бузып ашылыўы (1-5), Жети кәрнай (6-13),

1 Қозы бекитилген жетинши мөрди бузып ашқанда, аспанда ярым сааттай үнсизлик орнады.
2 Сонда мен Қудайдың алдында турған жети периштени көрдим. Оларға жети кәрнай берилди.
3 Соңынан басқа бир периште келип, қурбанлық шалынатуғын орында турды. Оның қолында хош ийисли затларды түтетиўге арналған алтын ыдыс бар еди. Оған пүткил мухаддеслердиң* дуўаларына қосып, тахтың алдындағы алтыннан исленген қурбанлық шалынатуғын орынға бағышлаў ушын, көп муғдарда хош ийисли затлар берилди.
4 Сонда мухаддеслердиң дуўалары менен бирге хош ийисли затлардың түтини периштениң қолынан көтерилип, Қудайдың алдына жетип барды.
5 Периште хош ийисли затлар салынған ыдысты алып, оны қурбанлық шалынатуғын орынның жанып турған шоғына толтырды да, жерге ылақтырып жиберди. Сонда гүлдирмама гүркиреп, гүрсилдеген даўыслар еситилди ҳәм шақмақ шағып, жер силкинди.
6 Жети периште қолларындағы жети кәрнайды шертиўге таярланды.
7 Биринши периште кәрнайын шертти. Сонда қанға араласқан буршақ ҳәм от жерге жаўды. Жер бетиниң үштен бири, тереклердиң үштен бири ҳәм жасыл шөплердиң ҳәммеси жанып кетти.
8 Екинши периште кәрнайын шертти. Лаўлап жанған таў сыяқлы үлкен бир нәрсе теңизге ылақтырылды. Теңиздиң үштен бири қанға айланды.
9 Теңиздеги жаныўарлардың үштен бири өлди ҳәм кемелердиң үштен бири қыйралып қалды.
10 Үшинши периште кәрнайын шертти. Сонда аспаннан шом сыяқлы жалынлап жанған бир үлкен жулдыз дәрьялардың үштен бир бөлегине ҳәм суў булақларының үстине түсти.
11 Бул жулдыздың аты – жуўсан. Суўлардың үштен бир бөлеги жуўсан сыяқлы ашшы болды. Суў ашшы болғанлықтан, ишкен адамлардың көбиси өлип қалды.
12 Төртинши периште кәрнайын шертти. Қуяштың үштен бири, айдың үштен бири ҳәм жулдызлардың үштен бири зақымланды. Олардың үштен бири қараңғыланып, күндиз ҳәм түнниң үштен бир бөлеги жақтысыз қалды.
13 Мен соңынан қарап, аспанның ортасында ушып жүрген бир бүркиттиң бәлент даўыс пенен былай дегенин еситтим: «Ҳәсирет, ҳәсирет! Жер жүзинде жасаўшылар ҳәсирет шегеди! Себеби кәрнайларын шертетуғын қалған үш периште кәрнай шертиўге таяр тур!»


Shu bobni eshitish:


Download (0 mb)

Shu bobni tarjimada ko’rish


Kitoblar




kitap Qaraqalpaqsha Júklep alıw - Muxaddes Kitap Qaraqalpaq tilinde (latin 27mb .PDF)
Жүклеп алыў - Мухаддес Китап (кирилл 26mb .PDF)
Tawrat | Zabur | Injil (+audio)




ӘЖАЙЫП КИТАПТЫ ОҚЫҢ Муқаддес Китап.


1. Ең көп оқылатуғын китап - ҳәр жылы шама менен 80 миллион нусқада баспадан шығарылады

2. Мухаддес Китап 1600 жыл даўамында 40 тан артық авторлар тәрепинен жазылған ҳәм ҳеш қандай қарама-қарсылықларға ийе емес.

3. Инжил үш тилде (еврей, грек ҳәм арамей) ҳәм үш континентте жазылған.

4. Мухаддес Китап толық ямаса бөлеклеп 2377 тил ҳәм диалектке аўдарылған.


Bible Karakalpaksha Muxaddes Kitap Qaraqalpaqsha (latin 50mb .pdf)
Скачать - Мухаддес Китап (Қарақалпақ). (Таурат, Забур, Инжил) (51mb PDF)






















Muxaddes Kitap. Audio

Kitap Дүньяның жаратылыўы Matto Muqaddas xushxabar  Mark Muqaddas xushxabar  Luqo Muqaddas xushxabar  Yuhanno Muqaddas xushxabar  Havoriylarning faoliyati  Yoqubning maktubi  Butrusning birinchi maktubi  Butrusning ikkinchi maktubi  Yuhannoning birinchi maktubi  Yuhannoning ikkinchi maktubi  Yuhannoning uchinchi maktubi  Yahudoning maktubi  Rimliklarga maktub  Korinfliklarga birinchi maktub  Korinfliklarga ikkinchi maktub  Galatiyaliklarga maktub  Efesliklarga maktub  Filippiliklarga maktub  Kolosaliklarga maktub  1-Salonikaliklarga  2-Salonikaliklarga  Timo'tiyga birinchi maktub  Timo'tiyga ikkinchi maktub  Titusga maktub  Filimo'nga maktub  Ibroniylarga maktub  Yuhannoga ko'rsatilgan vahiy

Sharhlar


Sebebi Quday bul du'nyanı sonshelli su'ygenlikten, O'zinin' jalg'ız Ulın berdi. Onın' Ulına isengen ha'r bir adam nabıt bolmay, ma'n'gilik o'mirge iye boladı
Юхан 3:16


Фильмлер

Qaraqalpaqsha Фильмлер

Мультфильмлер

Qaraqalpaqsha Мультфильмлер

Фильмы на Каракалпакском

Qaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha Kino

Инжил Онлайн – har doim tomondan Muqaddas Kitob (Injil) oddiy va samimiy versiyasiga ega istaganlar uchun sayt. Saytida kitob matn Xudoning Kalomini o'rganish yordam beradi va simfonik.