1 Патшалар 11 bob

Шаулдың аммон халқын жеңиўи (1-15).

1 Аммон патшасы Нахаш Гиладтағы Ябеш қаласына келип, қаланы қамал етти. Пүткил ябешлилер Нахашқа: – Бизлер менен келисим дүз. Бизлер саған хызмет етемиз, – деди.
2 Бирақ Аммон патшасы Нахаш: – Мен бир шәрт пенен келисим дүземен. Пүткил Израил халқын масқара етиў ушын, ҳәр бириңиздиң оң көзиңизди ойып аламан, – деди.
3 Ябеш қаласының ақсақаллары Нахашқа: – Израилдың ҳәмме жерине хабаршылар жибериўимиз ушын, бизлерге жети күн мәўлет бер. Егер бизлерди қутқаратуғын ҳеш ким табылмаса, саған тәслим боламыз, – деди.
4 Хабаршылар Шаул жасап атырған Гиба қаласына келип, болып атырған ўақыяларды халыққа хабарлағанда, халық дад салып жылай баслады.
5 Тап усы ўақытта Шаул өгизлерин айдап, атыздан киятырған еди. Ол: «Адамларға не болды? Неге бунша жылап атыр?» – деп сорады. Сонда ябешлилердиң жоллаған хабарын оған айтып берди.
6 Шаул бул гәплерди еситкен ўақытта, Қудайдың Руўхы оны толық бийлеп алды. Шаул қатты ашыўға минди.
7 Ол бир жуп өгизди сойып, оларды жиликледи де, жиликлерди хабаршылар арқалы Израилдың ҳәмме тәрепине жиберип: «Шаул менен Самуелдиң изине ермеген ҳәр бир адамның өгизлерине де анық усылай исленеди», – деди. Халық Жаратқан Ийеден қорққанынан қалтырап, ҳәммеси бир жағадан бас шығарып, жолға атланды.
8 Шаул оларды Безекке жыйнады. Сонда Израилдың басқа урыўларынан үш жүз мың, ал Яҳуда урыўынан отыз мың адам болды.
9 Израиллылар сол жерге келген ябешли хабаршыларға: «Гиладтағы Ябеш турғынлары ертең күн тас төбеге көтерилгенде қутқарылатуғынын айтыңлар», – деди. Хабаршылар барып, бул хабарды жеткизгенде, ябешлилер қуўанып кетти.
10 Олар Нахашқа: «Ертең сизлерге тәслим боламыз. Сонда бизлерге нени мақул көрсеңиз, соны ислең», – деди.
11 Ертеңине Шаул адамларын үш топарға бөлди. Олар ерте таңда аммонлардың ордасына бастырып кирип, оларды күн қызғанша қырып таслады. Аман қалғанлары тарап кетип, дара-дара болып қашты.
12 Буннан кейин, халық Самуелге: «„Шаул ма бизге патша болатуғын?“ – дегенлер кимлер еди? Оларды алып келиңлер, өлтиремиз», – деди.
13 Бирақ Шаул оларға: «Бүгин ҳеш ким өлтирилмейди. Себеби Жаратқан Ийе бүгин Израил халқына қутқарылыў берди», – деди.
14 Ал Самуел халыққа: «Гилгалға барып, сол жерде патшалықты қайта тиклейик», – деди.
15 Солай етип, пүткил халық Гилгалға барып, Жаратқан Ийениң алдында Шаулды патша етип қойды. Сол жерде, Жаратқан Ийениң алдында татыўлық қурбанлықларын берди. Шаул да, пүткил Израил халқы да жақсылап бәзим қурды.


Shu bobni tarjimada ko’rish


Kitoblar




kitap Qaraqalpaqsha Júklep alıw - Muxaddes Kitap Qaraqalpaq tilinde (latin 27mb .PDF)
Жүклеп алыў - Мухаддес Китап (кирилл 26mb .PDF)
Tawrat | Zabur | Injil (+audio)




ӘЖАЙЫП КИТАПТЫ ОҚЫҢ Муқаддес Китап.


1. Ең көп оқылатуғын китап - ҳәр жылы шама менен 80 миллион нусқада баспадан шығарылады

2. Мухаддес Китап 1600 жыл даўамында 40 тан артық авторлар тәрепинен жазылған ҳәм ҳеш қандай қарама-қарсылықларға ийе емес.

3. Инжил үш тилде (еврей, грек ҳәм арамей) ҳәм үш континентте жазылған.

4. Мухаддес Китап толық ямаса бөлеклеп 2377 тил ҳәм диалектке аўдарылған.


Bible Karakalpaksha Muxaddes Kitap Qaraqalpaqsha (latin 50mb .pdf)
Скачать - Мухаддес Китап (Қарақалпақ). (Таурат, Забур, Инжил) (51mb PDF)






















Muxaddes Kitap. Audio

Kitap Дүньяның жаратылыўы Matto Muqaddas xushxabar  Mark Muqaddas xushxabar  Luqo Muqaddas xushxabar  Yuhanno Muqaddas xushxabar  Havoriylarning faoliyati  Yoqubning maktubi  Butrusning birinchi maktubi  Butrusning ikkinchi maktubi  Yuhannoning birinchi maktubi  Yuhannoning ikkinchi maktubi  Yuhannoning uchinchi maktubi  Yahudoning maktubi  Rimliklarga maktub  Korinfliklarga birinchi maktub  Korinfliklarga ikkinchi maktub  Galatiyaliklarga maktub  Efesliklarga maktub  Filippiliklarga maktub  Kolosaliklarga maktub  1-Salonikaliklarga  2-Salonikaliklarga  Timo'tiyga birinchi maktub  Timo'tiyga ikkinchi maktub  Titusga maktub  Filimo'nga maktub  Ibroniylarga maktub  Yuhannoga ko'rsatilgan vahiy

Sharhlar


Sebebi Quday bul du'nyanı sonshelli su'ygenlikten, O'zinin' jalg'ız Ulın berdi. Onın' Ulına isengen ha'r bir adam nabıt bolmay, ma'n'gilik o'mirge iye boladı
Юхан 3:16


Фильмлер

Qaraqalpaqsha Фильмлер

Мультфильмлер

Qaraqalpaqsha Мультфильмлер

Фильмы на Каракалпакском

Qaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha Kino

Инжил Онлайн – har doim tomondan Muqaddas Kitob (Injil) oddiy va samimiy versiyasiga ega istaganlar uchun sayt. Saytida kitob matn Xudoning Kalomini o'rganish yordam beradi va simfonik.