1 Патшалар 20 bob

Ионатанның Даўытқа жәрдем бериўи (1-43).

1 Даўыт Раманың Найот деген жеринен қашып, Ионатанға барды. Даўыт оннан: – Мен не қылдым? Айыбым не? Мени өлтиретуғындай, әкеңе қарсы не гүна иследим? – деп сорады.
2 Ионатан оған: – Ҳасла, сен өлмейсең. Қандай ис болса да, әкем маған айтпай ҳеш нәрсе ислемейди. Буны неге меннен жасырар екен? Бундай нәрсе болмайды, – деп жуўап берди.
3 Бирақ Даўыт оған: – Сениң мени жақсы көретуғыныңды әкең жақсы биледи. Ол: «Ионатан не ислейтуғынымды билмесин. Билсе, қапа болады», – деп ойлайды. Тири Жаратқан Ийе ҳақы алдыңда ант ишип айтаман: мен жар жағасында турман, – деди.
4 Ионатан Даўытқа: – Тиле тилегиңди, сен ушын орынлайман, – деди.
5 Даўыт Ионатанға былай деди: – Минекей, ертең Жаңа ай байрамы болады. Мен патша менен бирге дастурханға отырыўым керек. Бирақ маған рухсат бер, мен ертеңниң арғы күни кешке дейин атызда жасырынып турайын.
6 Егер әкең мениң жоқлығымды сезип қалса, оған: «Даўыт асығыс түрде өз қаласы Бейтлеҳемге кететуғын болып, меннен жалынып рухсат сорады. Ол жерде пүткил тийреси жыллық қурбанлық береди екен», – дерсең.
7 Егер әкең: «Яқшы», – десе, онда мениң қәўип-қәтерден аман болғаным. Егер ғәзепленсе, билип қой, оның мени өлтириўди қарар еткени.
8 Ал саған келсек, сен маған жақсылық исле. Себеби Жаратқан Ийениң алдында мениң менен келисим дүзгенсең. Егер айыплы болсам, мени өзиң өлтир. Мени әкеңе апарыўыңның неге кереги бар?
9 Ионатан Даўытқа: – Саған ҳасла ондай болмайды. Егер әкемниң сени өлтириўди қарар еткенин билгенимде, саған айтпас па едим? – деди.
10 Даўыт Ионатаннан: – Егер әкең саған қатал жуўап берсе, оны маған ким хабарлайды? – деп сорады.
11 Ионатан Даўытқа: – Жүр атызға барайық, – деди де, олар екеўи атызға кетти.
12 Ионатан сөзин даўам етип, Даўытқа былай деди: – Израилдың Қудайы Жаратқан Ийе гүўа болсын! Ертең ямаса арғы күни усындай ўақытқа дейин әкемниң нийетин билип аламан. Егер әкемниң саған деген нийети жақсы болса, саған хабар жиберемен.
13 Егер әкем сени өлтириўди нийет еткен болса, ал мен сени хабардар етип, қәўипсиз кетиўиңди тәмийинлемесем, онда Жаратқан Ийе мени жазалаған үстине жазаласын. Жаратқан Ийе бурын мениң әкеме яр болғаны сыяқлы, саған да яр болсын.
14 Бирақ сен көзимниң тирисинде маған Жаратқан Ийениң мийримин көрсет.
15 Егер мен өлип қалсам, Жаратқан Ийе сениң барлық душпанларыңды жер бетинен жоқ қылып жиберсе де, сен мениң үй-ишимнен мәңгиге өз мийримиңди аяма.
16 Солай етип, Ионатан Даўыттың нәсили менен келисим дүзип: «Жаратқан Ийе Даўыттың душпанларын жазаласын», – деди.
17 Даўытқа деген сүйиспеншилиги себепли, Ионатан оған және бир мәрте ант иштирди. Өйткени Ионатан Даўытты жанындай жақсы көретуғын еди.
18 Ионатан Даўытқа былай деди: «Ертең Жаңа ай байрамы. Сениң жоқлығың билинеди, себеби орның бос турады.
19 Арғы күни кеште төмен түсип, тез бурын жасырынған жериңе бар да, Эзел тасының жанында күтип тур.
20 Мен бир нышанды гөзлегендей болып, тас бетке қарай үш рет оқ атаман.
21 Соңынан хызметшиме: „Барып, оқларды таўып, алып кел“, – деп буйыраман. Егер хызметшиме: „Қара, оқлар сениң арт жағыңда, оларды алып кел“, – десем, онда сен мениң жаныма кел. Тири Жаратқан Ийе ҳақы ант ишемен: сен қәўип-қәтерден аўлақсаң.
22 Егер хызметшиме: „Қара, оқлар алды бетиңде“, – десем, сен кет. Өйткени Жаратқан Ийе сени узақларға жиберип атыр.
23 Ал бир-биримизге берген антымызға келсек, Жаратқан Ийе бизлерге мәңгиге гүўа болсын».
24 Солай етип, Даўыт атызға жасырынды. Жаңа ай байрамы басланғанда, патша Шаул дастурханға отырды.
25 Ол әдеттегидей дийўал жанындағы өз орнына отырды. Ионатан Шаулдың қарсы алдына, Абнер оның қасындағы өз орнына отырды. Ал Даўыттың орны бос қалды.
26 Бирақ Шаул сол күни ҳеш нәрсе демеди. Ол: «Даўыттың қандай да бир жағдайы шығып, тазаланыў рәсимин орынлай алмай қалып, пәкленбеген шығар», – деп ойлады.
27 Деген менен, ертеңине, байрамның екинши күни де Даўыттың орны және бос турды. Сонда Шаул улы Ионатаннан: – Ишайдың улы неге кеше де, бүгин де аўқатланыўға келмеди? – деп сорады.
28 Ионатан әкесине: – Даўыт Бейтлеҳемге барыў ушын меннен жалынып рухсат сораған еди.
29 Ол маған: «Илтимас, маған рухсат бер. Себеби тийремиз қалада қурбанлық бермекши еди. Әжағам маған сол жерде болыўымды буйырған еди. Егер мақул көрсең, барып, туўысқанларымды көрип келейин», – деген еди. Сонлықтан ол патша дастурханына келе алмады, – деп жуўап берди.
30 Сонда Шаул ғәзепленип, Ионатанға былай деп бақырды: – Ҳәй сен, найсап! Ишайдың баласы менен досласып алғаныңды билмейди дейсең бе? Бул исиң менен өзиңди де, сени туўған анаңды да уятқа қалдырып атырсаң.
31 Егер Ишайдың улы жер бетинде тири турса, өзиң де, патшалығың да сақланып қалмайды. Енди адам жиберип, оны маған әкелдир. Ол өлиўи тийис!
32 Ионатан әкесине: – Ол не ушын өлиўи керек? Ол не иследи, ақыры? – деди.
33 Бирақ Шаул Ионатанды өлтирмекши болып, оған қарай найзасын ылақтырып жиберди. Сонда Ионатан әкесиниң Даўытты өлтириўге анық қарар қылғанын түсинди.
34 Ионатан қатты ашыўланып, дастурхан басынан турды. Ол айдың екинши күни ҳеш дуз татпады. Себеби әкесиниң Даўытты хорлағанына қайғырды.
35 Ертеңине азанда Ионатан Даўыт пенен көрисиў ушын атызға кетти. Ол жанына бир жас баланы алды.
36 Ионатан балаға: «Жуўыр, мен атқан оқларды изле», – деди. Бала жуўырып баратырғанда, Ионатан оның алдына қарай бир оқ атты.
37 Бала Ионатанның атқан оғы түскен жерге барғанда, Ионатан оған: «Оқ алды бетиңде», – деп бақырды.
38 Соңынан Ионатан және: «Тез бол, жуўыр, тоқтап турма», – деп бақырды. Бала оқты алып, мырзасына әкелип берди.
39 Бала ҳеш нәрседен хабарсыз еди. Бул истиң мәниси тек Ионатан менен Даўытқа аян еди.
40 Ионатан қурал-жарақларын балаға берип: «Мыналарды қалаға апар», – деди.
41 Бала кетиўден-ақ, Даўыт тастың қубла тәрепинен шығып келди де, жүзи жерге тийгенше ийилип, үш рет тәжим етти. Еки дос бир-бирин сүйип жылады, бирақ Даўыт қаттырақ жылады.
42 Ақырында Ионатан Даўытқа: «Аман-есен жолыңа түс. Екеўимиз Жаратқан Ийениң аты менен ант ишкенбиз. Жаратқан Ийе бизлердиң ҳәм урпақларымыздың арасында мәңгиге гүўа болсын», – деди.
43 Соннан кейин, Даўыт өз жолына түсти. Ал Ионатан қалаға қайтты.


Shu bobni tarjimada ko’rish


Kitoblar




kitap Qaraqalpaqsha Júklep alıw - Muxaddes Kitap Qaraqalpaq tilinde (latin 27mb .PDF)
Жүклеп алыў - Мухаддес Китап (кирилл 26mb .PDF)
Tawrat | Zabur | Injil (+audio)




ӘЖАЙЫП КИТАПТЫ ОҚЫҢ Муқаддес Китап.


1. Ең көп оқылатуғын китап - ҳәр жылы шама менен 80 миллион нусқада баспадан шығарылады

2. Мухаддес Китап 1600 жыл даўамында 40 тан артық авторлар тәрепинен жазылған ҳәм ҳеш қандай қарама-қарсылықларға ийе емес.

3. Инжил үш тилде (еврей, грек ҳәм арамей) ҳәм үш континентте жазылған.

4. Мухаддес Китап толық ямаса бөлеклеп 2377 тил ҳәм диалектке аўдарылған.


Bible Karakalpaksha Muxaddes Kitap Qaraqalpaqsha (latin 50mb .pdf)
Скачать - Мухаддес Китап (Қарақалпақ). (Таурат, Забур, Инжил) (51mb PDF)






















Muxaddes Kitap. Audio

Kitap Дүньяның жаратылыўы Matto Muqaddas xushxabar  Mark Muqaddas xushxabar  Luqo Muqaddas xushxabar  Yuhanno Muqaddas xushxabar  Havoriylarning faoliyati  Yoqubning maktubi  Butrusning birinchi maktubi  Butrusning ikkinchi maktubi  Yuhannoning birinchi maktubi  Yuhannoning ikkinchi maktubi  Yuhannoning uchinchi maktubi  Yahudoning maktubi  Rimliklarga maktub  Korinfliklarga birinchi maktub  Korinfliklarga ikkinchi maktub  Galatiyaliklarga maktub  Efesliklarga maktub  Filippiliklarga maktub  Kolosaliklarga maktub  1-Salonikaliklarga  2-Salonikaliklarga  Timo'tiyga birinchi maktub  Timo'tiyga ikkinchi maktub  Titusga maktub  Filimo'nga maktub  Ibroniylarga maktub  Yuhannoga ko'rsatilgan vahiy

Sharhlar


Sebebi Quday bul du'nyanı sonshelli su'ygenlikten, O'zinin' jalg'ız Ulın berdi. Onın' Ulına isengen ha'r bir adam nabıt bolmay, ma'n'gilik o'mirge iye boladı
Юхан 3:16


Фильмлер

Qaraqalpaqsha Фильмлер

Мультфильмлер

Qaraqalpaqsha Мультфильмлер

Фильмы на Каракалпакском

Qaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha Kino

Инжил Онлайн – har doim tomondan Muqaddas Kitob (Injil) oddiy va samimiy versiyasiga ega istaganlar uchun sayt. Saytida kitob matn Xudoning Kalomini o'rganish yordam beradi va simfonik.