1 Даўыт Ноб қаласындағы руўханий Ахимелехтиң жанына барды. Ахимелех Даўытты күтип алып атырып: – Неге жалғызсаң? Неге жаныңда ҳеш ким жоқ? – деп қорқыныш пенен сорады.
2 Даўыт оған былай деп жуўап берди: – Патша маған бир тапсырма берген еди. Ол маған: «Мениң сени не ушын жибергенимди ҳәм саған қандай тапсырма бергенимди ҳеш ким билмесин», – деген еди. Сонлықтан адамларыма белгили бир жерге барып турыўды буйырған едим.
3 Ҳәзир жегендей неңиз бар? Маған бес нан ямаса жегендей бир нәрсе бериң.
4 Руўханий оған: – Әпиўайы нан жоқ. Егер адамларыңыз ҳаяллардан өзлерин тыйған болса, Қудайға арналған нан бар, – деп жуўап берди.
5 Даўыт оған: – Әдетке гөре, жолға шыққанымызда, адамларымыз өзлерин пәк сақлап, ҳаял адамға жақынламайды. Әсиресе, бүгин олар өзлерин жүдә пәк тутты, – деди.
6 Соннан кейин, руўханий Даўытқа мухаддес нан берди. Себеби ол жерде Қудайға усынылған наннан басқа нан жоқ еди. Бул нан Жаратқан Ийениң алдынан алынған күни оның орнына ыссы нан әкелип қойылды.
7 Сол күни Шаулдың хызметшилериниң бири Доег деген эдомлы бас шопан Жаратқан Ийениң алдында диний хызметин өтеў ушын барып, сол жерде турған еди.
8 Даўыт Ахимелехке: – Жаныңда қылыш ямаса найза жоқ па? Патшаның тапсырмасы асығыс болғанлықтан, жаныма қылыш та, қурал-жарақ та алып шықпаппан, – деди.
9 Руўханий оған: – Эла ойпатлығында өзиң өлтирген филист Голияттың қылышы бар. Эфодтың артында таўарға ораўлы тур. Бул жерде басқа қурал жоқ. Қәлесең, соны ал, – деди. Даўыт оған: – Оған тең келетуғыны жоқ, оны маған бер, – деди.
10 Шаулдан қашқан Даўыт сол күни Гат патшасы Ахишке барды.
11 Ахиштиң хызметшилери: «Бул Израилдың патшасы Даўыт емес пе? Адамлар усы адам ҳаққында: „Шаул мыңлағанын, Ал Даўыт он мыңлағанын өлтирди“, – деп аяқ ойынға түсип, қосық айтқан жоқ па еди?» – деди.
12 Бул сөзлер Даўытты терең ойландырып, ол Гат патшасы Ахиштен қатты қорқты.
13 Даўыт олардың алдында өзиниң келбетин өзгертип, өзин жинли етип көрсетти ҳәм қала дәрўазаларын тырмалап, силекейин сақалына ағызып жүрди.
14 Ахиш хызметшилерине: «Бул адамға қараңлар, ол нағыз жинли-ғо. Оны неге маған алып келдиңлер?
15 Өзимизде жинлилер аздай, оны мениң алдымда жинлилик қылсын деп алып келдиңлер ме? Бул адамның сарайыма келиўи шәрт пе еди?» – деди.