1 Патшалар 23 bob

Даўыттың Кеила қаласын азат етиўи (1-6). Шаулдың Даўытты қуўдалаўы (7-28).

 

1 Даўытқа: «Филистлер Кеила қаласына ҳүжим жасап, қырманды талан-тараж қылып атыр», – деп хабарлады.
2 Даўыт Жаратқан Ийеден: – Барып, сол филистлерге ҳүжим жасайын ба? – деп сорады. Жаратқан Ийе оған: – Бар да, филистлерге ҳүжим жасап, Кеиланы азат ет, – деди.
3 Бирақ Даўыттың адамлары: «Мине, бизлер бул жерде, Яҳудада жүрип қорқамыз. Солай екен, Кеилаға барып, филист әскерлерине қарсы қалай урысамыз?» – деди.
4 Сонда Даўыт Жаратқан Ийеден және сорағанда, Жаратқан Ийе оған: «Турып, Кеилаға бар! Өйткени филистлерди саған Мен тәслим етежақпан», – деди.
5 Солай етип, Даўыт адамлары менен Кеилаға барып, филистлерге қарсы урысты ҳәм олардың малларын қолға киргизди. Ол филистлерди күшли қырғынға ушыратып, Кеила халқын азат етти.
6 Ахимелехтиң улы Абиятар қашып, Кеилада турған Даўыттың жанына барғанда, эфодты да өзи менен бирге алып барған еди.
7 Шаул Даўыттың Кеила қаласына барғанын еситип: «Қудай Даўытты қолыма услап берди. Даўыт дәрўазалары тәмбиленген бир қалаға кирип, өзин өзи тутып берди», – деди.
8 Солай етип, Шаул Кеилаға барып, Даўытты ҳәм оның адамларын қамалға алыў ушын, пүткил халықты саўашқа шақырды.
9 Даўыт Шаулдың өзине жаманлық қылыўды режелестиргенин еситкенде, руўханий Абиятарға: «Эфодты берман алып кел», – деди.
10 Соңынан ол дуўа етип былай деди: – Израилдың Қудайы Жаратқан Ийе! Қулың болған мен себепли Шаулдың Кеилаға келип, халқын ўайран етпекши екенин еситтим.
11 Кеилалылар мени Шаулдың қолына тутып бере ме? Қулыңның еситкениндей, Шаул усы жерге кележақ па? Израилдың Қудайы Жаратқан Ийе, жалбарынаман, қулыңа аян ет. Жаратқан Ийе: – Шаул келеди, – деп жуўап берди.
12 Даўыт Жаратқан Ийеден: – Кеила халқы мени ҳәм адамларымды Шаулдың қолына тутып бере ме? – деп сорады. – Тутып береди, – деп жуўап берди Жаратқан Ийе.
13 Сонда Даўыт ҳәм оның жанындағы алты жүздей адам Кеиладан кетип, ҳәр жерде орын өзгертип жүре берди. Даўыттың Кеиладан қашып кеткенин еситкен Шаул ол жерге барыў пикиринен қайтты.
14 Даўыт шөлдеги адам бара алмайтуғын жерлерде, Зиф шөлиниң таўлы бөлегинде жасап жүрди. Шаул Даўытты ҳәр күни излесе де, Қудай Даўытты оның қолына тутып бермеди.
15 Даўыт Зиф шөлинде, Хореш тоғайында жүргенде, Шаулдың өзин өлтириў ушын жолға шыққанын билип қалды.
16 Сол арада Шаулдың улы Ионатан Хореште жасап турған Даўытқа барды ҳәм оны Қудайдың аты менен руўхландырып, оған:
17 «Қорқпа, сен әкем Шаулдың қолына түспейсең. Сен Израилға патша боласаң, ал мен сениң жәрдемшиң боламан. Әкем Шаул да буны биледи», – деди.
18 Кейин екеўи Жаратқан Ийениң алдында өзлериниң арасындағы келисимди жаңалады. Соңынан Ионатан үйине қайтты, ал Даўыт Хореште қалды.
19 Зифлилер Гибаға барып, Шаулға былай деп хабарлады: «Даўыт бизлерде, Ешимонның қубласында, Хахила төбешигиндеги Хорештиң адам бара алмайтуғын жерлеринде жасырынып жүр.
20 Ҳәй патша, сен қәлеген ўақтыңда келе бер. Даўытты патшаның қолына тутып бериўди бизлерге қойып бер».
21 Шаул оларға былай деди: «Маған жаныңыз ашығаны ушын Жаратқан Ийе сизлерди жарылқасын!
22 Барып, және бир мәрте тексерип шығың. Даўыттың қай жерлерде жасырынып жүргенин, сол жерде оны кимлердиң көргенин жақсылап билип алыңлар. Себеби халық оны жүдә ҳийлекер демекте.
23 Оның жасырынатуғын жерлериниң ҳәммесин билип алып, маған анық хабар алып келиңлер. Сонда мен де сизлер менен бирге бараман. Егер Даўыт сол үлкеде болса, оны пүткил Яҳуданың тийрелери арасынан излеп табаман».
24 Солай етип, зифлилер жолға түсип, Шаулдан алдын Зифке келди. Сол ўақытта Даўыт ҳәм оның адамлары Ешимонның қубласындағы далаңлықта, Маон шөлинде еди.
25 Шаул адамлары менен Даўытты излеўге шықты. Даўыт Шаулдың киятырғанын еситип, Маон шөлиндеги жартасларға барып жасырынды. Шаул буны еситип, Даўыттың изинен Маон шөлине кетти.
26 Шаул таўдың бир тәрепинен, Даўыт пенен оның адамлары таўдың екинши тәрепинен алға қарай жүрди. Даўыт Шаулдан қашып қутылыўға асықты. Ал Шаул ҳәм оның адамлары болса, Даўытты ҳәм оның адамларын қолға түсириў ушын, қоршай баслады.
27 Сол ўақытта бир хабаршы келип, Шаулға: «Тез жүриң! Филистлер елимизге ҳүжим жасап атыр», – деди.
28 Сонда Шаул Даўытты қуўыўын тоқтатып, филистлер менен урысыўға кетти. Сонлықтан сол жерге Села-Ҳаммахлеқот деген ат берилди.


Shu bobni tarjimada ko’rish


Kitoblar




kitap Qaraqalpaqsha Júklep alıw - Muxaddes Kitap Qaraqalpaq tilinde (latin 27mb .PDF)
Жүклеп алыў - Мухаддес Китап (кирилл 26mb .PDF)
Tawrat | Zabur | Injil (+audio)




ӘЖАЙЫП КИТАПТЫ ОҚЫҢ Муқаддес Китап.


1. Ең көп оқылатуғын китап - ҳәр жылы шама менен 80 миллион нусқада баспадан шығарылады

2. Мухаддес Китап 1600 жыл даўамында 40 тан артық авторлар тәрепинен жазылған ҳәм ҳеш қандай қарама-қарсылықларға ийе емес.

3. Инжил үш тилде (еврей, грек ҳәм арамей) ҳәм үш континентте жазылған.

4. Мухаддес Китап толық ямаса бөлеклеп 2377 тил ҳәм диалектке аўдарылған.


Bible Karakalpaksha Muxaddes Kitap Qaraqalpaqsha (latin 50mb .pdf)
Скачать - Мухаддес Китап (Қарақалпақ). (Таурат, Забур, Инжил) (51mb PDF)






















Muxaddes Kitap. Audio

Kitap Дүньяның жаратылыўы Matto Muqaddas xushxabar  Mark Muqaddas xushxabar  Luqo Muqaddas xushxabar  Yuhanno Muqaddas xushxabar  Havoriylarning faoliyati  Yoqubning maktubi  Butrusning birinchi maktubi  Butrusning ikkinchi maktubi  Yuhannoning birinchi maktubi  Yuhannoning ikkinchi maktubi  Yuhannoning uchinchi maktubi  Yahudoning maktubi  Rimliklarga maktub  Korinfliklarga birinchi maktub  Korinfliklarga ikkinchi maktub  Galatiyaliklarga maktub  Efesliklarga maktub  Filippiliklarga maktub  Kolosaliklarga maktub  1-Salonikaliklarga  2-Salonikaliklarga  Timo'tiyga birinchi maktub  Timo'tiyga ikkinchi maktub  Titusga maktub  Filimo'nga maktub  Ibroniylarga maktub  Yuhannoga ko'rsatilgan vahiy

Sharhlar


Sebebi Quday bul du'nyanı sonshelli su'ygenlikten, O'zinin' jalg'ız Ulın berdi. Onın' Ulına isengen ha'r bir adam nabıt bolmay, ma'n'gilik o'mirge iye boladı
Юхан 3:16


Фильмлер

Qaraqalpaqsha Фильмлер

Мультфильмлер

Qaraqalpaqsha Мультфильмлер

Фильмы на Каракалпакском

Qaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha Kino

Инжил Онлайн – har doim tomondan Muqaddas Kitob (Injil) oddiy va samimiy versiyasiga ega istaganlar uchun sayt. Saytida kitob matn Xudoning Kalomini o'rganish yordam beradi va simfonik.