1 Патшалар 24 bob

Даўыттың Шаулдың өмирин сақлап қалыўы (1-23).

 

1 Даўыт сол жерден кетип, Эн-Гедий үлкесиндеги адам бара алмайтуғын жерлерде жасырынып жүрди.
2 Шаул филистлер менен болған урыстан қайтып келгенде, Даўыттың Эн-Гедий шөлинде жүргенинен хабар тапты.
3 Шаул Даўытты ҳәм оның адамларын «Таў ешкиси» жартаслығынан излеў ушын, пүткил Израилдан үш мың ағла әскер алып, жолға шықты.
4 Жол жийегинде қой қорасы болып, оның жанында бир үңгир бар еди. Шаул майданлаў ушын үңгирге кирди. Ал сол үңгирдиң ең түпкиринде Даўыт пенен оның адамлары отырған еди.
5 Адамлары Даўытқа: «Жаратқан Ийе саған: „Душпанларыңа қәлегениңди ислей алыўың ушын, оларды саған тәслим етемен“, – деген еди. Мине, бүгин сол күн келди», – деди. Сонда Даўыт орнынан турып, билдирмей Шаулдың шапанының шалғайынан кесип алды.
6 Бирақ Даўыт кейин ала Шаулдың шалғайынан кесип алғаны ушын, өзин айыплы сезди.
7 Даўыт өз адамларына: «Тақсырыма, Жаратқан Ийениң майлаған адамына қол көтерип, оған бир нәрсе ислеўден Жаратқан Ийениң Өзи сақласын! Себеби ол Жаратқан Ийениң майлаған адамы», – деди.
8 Даўыт усы сөзлери менен адамларына тыйым салып, Шаулға қол тийгизиўге рухсат бермеди. Ал Шаул үңгирден шығып, жолға түсти.
9 Даўыт та Шаулдың изинше үңгирден шығып: «Тақсыр!» – деп бақырды. Шаул артына қарағанда, Даўыт ет-бетинен жерге жығылып, оған тәжим етти.
10 Соңынан ол Шаулға былай деди: – «Даўыт саған жаманлық қылажақ», – дегенлердиң сөзлерине неге қулақ саласыз?
11 Бүгин Жаратқан Ийениң сизди қолыма тутып бергенин көзиңиз бенен көрип турыпсыз. Базылар мениң сизди өлтириўимди қәлеген еди. Бирақ мениң сизге жаным ашып: «Тақсырыма қол тийгизбеймен, өйткени ол Жаратқан Ийениң майлаған адамы», – дедим.
12 Ҳәй әке, минекей, шапаныңыздың шалғайынан кесип алынған қолымдағы мына қыйындыға қараң! Мен сизиң шапаныңыздың шалғайынан кесип алдым, бирақ сизди өлтирмедим. Буннан кеўлимде жаманлықтың ҳәм зулымлықтың жоқ екенин билип алың. Мен сизге жаманлық қылмасам да, сиз мени өлтирмекши болып атырсыз.
13 Жаратқан Ийе арамызда төрелик етсин ҳәм мениң өшимди сизден Ол алсын. Бирақ мен сизге қол көтермеймен.
14 Ата-бабаларымыз: «Жаманлық жаман адамлардан шығады», – дегени сыяқлы, мен сизге қол көтермеймен.
15 Израил патшасы кимге қарсы шықты? Сиз кимди қуўдалап атырсыз? Өлген ийтти ямаса бир бүргени емес пе?
16 Жаратқан Ийе бизлерге қазылық етип, қай биримиздиң ҳақ екенимизди шешип берсин. Жаратқан Ийе даўымды қарап шықсын ҳәм мени жақлап, сизиң қолыңыздан қутқарсын.
17 Даўыт сөзин тамамлағанда, Шаул оған: – Даўыт, улым! Бул сениң даўысың ба? – деп сорады ҳәм өкирип жылай баслады.
18 Соңынан ол былай деди: – Сен маған қарағанда әдилирексең. Мен саған жаманлық ислесем де, сен маған жақсылық пенен жуўап бердиң.
19 Бүгин сен маған жақсы қатнаста екенлигиңди дәлилледиң. Жаратқан Ийе мени қолыңа тутып берсе де, мени өлтирмедиң.
20 Душпанын тутып алған қайсы бир адам оны аман жибереди? Бүгин маған ислеген жақсылығың ушын, Жаратқан Ийе саған жақсылық сыйласын!
21 Енди мен сениң сөзсиз патша болатуғыныңды билдим. Израил патшалығы сениң қолыңда беккем болады.
22 Енди меннен кейин урпақларымды жоқ қылмайтуғыныңды, әкемниң хожалығынан атымды өширмейтуғыныңды айтып, Жаратқан Ийениң алдында ант иш.
23 Даўыт Шаулға ант берди. Соннан кейин, Шаул үйине қайтты, ал Даўыт ҳәм оның адамлары паналаған жерлерине кетти.


Shu bobni tarjimada ko’rish


Kitoblar




kitap Qaraqalpaqsha Júklep alıw - Muxaddes Kitap Qaraqalpaq tilinde (latin 27mb .PDF)
Жүклеп алыў - Мухаддес Китап (кирилл 26mb .PDF)
Tawrat | Zabur | Injil (+audio)




ӘЖАЙЫП КИТАПТЫ ОҚЫҢ Муқаддес Китап.


1. Ең көп оқылатуғын китап - ҳәр жылы шама менен 80 миллион нусқада баспадан шығарылады

2. Мухаддес Китап 1600 жыл даўамында 40 тан артық авторлар тәрепинен жазылған ҳәм ҳеш қандай қарама-қарсылықларға ийе емес.

3. Инжил үш тилде (еврей, грек ҳәм арамей) ҳәм үш континентте жазылған.

4. Мухаддес Китап толық ямаса бөлеклеп 2377 тил ҳәм диалектке аўдарылған.


Bible Karakalpaksha Muxaddes Kitap Qaraqalpaqsha (latin 50mb .pdf)
Скачать - Мухаддес Китап (Қарақалпақ). (Таурат, Забур, Инжил) (51mb PDF)






















Muxaddes Kitap. Audio

Kitap Дүньяның жаратылыўы Matto Muqaddas xushxabar  Mark Muqaddas xushxabar  Luqo Muqaddas xushxabar  Yuhanno Muqaddas xushxabar  Havoriylarning faoliyati  Yoqubning maktubi  Butrusning birinchi maktubi  Butrusning ikkinchi maktubi  Yuhannoning birinchi maktubi  Yuhannoning ikkinchi maktubi  Yuhannoning uchinchi maktubi  Yahudoning maktubi  Rimliklarga maktub  Korinfliklarga birinchi maktub  Korinfliklarga ikkinchi maktub  Galatiyaliklarga maktub  Efesliklarga maktub  Filippiliklarga maktub  Kolosaliklarga maktub  1-Salonikaliklarga  2-Salonikaliklarga  Timo'tiyga birinchi maktub  Timo'tiyga ikkinchi maktub  Titusga maktub  Filimo'nga maktub  Ibroniylarga maktub  Yuhannoga ko'rsatilgan vahiy

Sharhlar


Sebebi Quday bul du'nyanı sonshelli su'ygenlikten, O'zinin' jalg'ız Ulın berdi. Onın' Ulına isengen ha'r bir adam nabıt bolmay, ma'n'gilik o'mirge iye boladı
Юхан 3:16


Фильмлер

Qaraqalpaqsha Фильмлер

Мультфильмлер

Qaraqalpaqsha Мультфильмлер

Фильмы на Каракалпакском

Qaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha Kino

Инжил Онлайн – har doim tomondan Muqaddas Kitob (Injil) oddiy va samimiy versiyasiga ega istaganlar uchun sayt. Saytida kitob matn Xudoning Kalomini o'rganish yordam beradi va simfonik.