1 Патшалар 25 bob

Самуелдиң өлими (1). Даўыт, Набал ҳәм Абигайыл (2-44).

1 Сол арада Самуел дүньядан өтти. Пүткил Израил халқы жыйналып, оған жоқлаў айтып жылап, оны Рамадағы өз үйине жерледи. Буннан соң, Даўыт Паран шөлине кетти.
2 Маон қаласында жүдә бай бир адам бар еди. Оның жер ийелиги Кармел аўылында болып, үш мың қойы ҳәм мың ешкиси бар еди. Ол сол ўақытта Кармелде қойларының жүнин қырқып атырған еди.
3 Бул адам Калеб урпағынан болып, аты Набал, ҳаялының аты Абигайыл еди. Ҳаялы ақыллы ҳәм сулыў, ал күйеўи турпайы ҳәм жаўыз адам еди.
4 Даўыт шөлде жүргенде, Набалдың қойларын қырқып атырғанын еситти.
5 Сонда Даўыт он жигитти Набалға жиберип атырып, оларға былай деп буйырды: «Кармелдеги Набалға барыңлар, оған меннен сәлем айтып,
6 былай деңлер: „Өмириңиз узақ болсын! Сизге, үй-ишиңизге ҳәм өзиңизге тийислиниң ҳәммесине аманлық болсын!
7 Ҳәзир қойларыңызды қырқып атырғаныңызды еситтим. Шопанларыңыз бизлер менен бирге болғанда, оларды қапа қылмадық. Кармелде болған ўақытта ҳеш нәрсеси де жоғалмады.
8 Хызметшилериңизден сорап көрсеңиз, олар сизге айтып береди. Сонлықтан адамларымды жыллы жүзлилик пенен қарсы алсаңыз. Себеби сизге байрам күни келип турмыз. Өтиниш, қулларыңызға ҳәм улыңыз Даўытқа қолыңызда барынан берсеңиз“».
9 Даўыттың адамлары барып, бул сөзлерди Даўыттың атынан Набалға жеткизип болып, жуўап күте баслады.
10 Бирақ Набал оларға мына жуўапты қайтарды: «Даўыт деген ким өзи? Ишайдың улы ким болыпты? Усы күнлери хожайынларынан қашып жүрген қуллар көбейип кетти.
11 Мен не қой қырқып атырған адамларыма арнап қойған нанымды, суўымды ҳәм сойған малымның гөшин қаяқтан келгени белгисиз бир адамларға бериўим керек пе?»
12 Даўыттың адамлары келген жолы менен қайтып кетти. Олар Набалдың айтқанларының ҳәммесин Даўытқа жеткизди.
13 Даўыт адамларына: «Ҳәмме қылышларыңызды асыныңлар!» – деп буйырды. Даўыт та, адамлары да қылышларын асынып алды. Төрт жүзге жақын адам Даўыт пенен бирге кетти, ал еки жүз адам қурал-сайманлар жанында қалды.
14 Сол арада Набалдың хызметшилеринен бири оның ҳаялы Абигайылға мынадай хабар жеткизди: «Даўыт мырзамыз Набалға шөлден өз хабаршыларын жиберип, сәлем жоллаған еди. Бирақ Набал оларға турпайы қатнаста болды.
15 Ал ол адамлар болса, бизлерге жүдә жақсы қатнаста болған еди. Олар бизлерди ренжитпеди. Жайлаўда олар менен бирге болған ўақтымызда, ҳеш нәрсемиз жоғалмады.
16 Олардың қасларында қой баққанымызда, олар бизлерди күни-түни қорғап жүретуғын еди.
17 Енди не ислеў кереклигин жақсылап ойлап көриң. Өйткени мырзамыздың ҳәм оның пүткил үй-ишиниң басына апат дөнип тур. Мырзамыз соншелли зулым болғанлықтан, ҳеш бир адам оған бир аўыз сөз айта алмайды».
18 Сонда Абигайыл ўақытты бос жибермей, еки жүз нан, еки мес шарап, бес қойдың гөшин, бес сеа қуўырмаш, нығызланған кишмиштен жүз дана ҳәм кептирип нығызланған әнжирден еки жүз дана алып, оларды ешекке артты.
19 Соңынан ҳаял хызметшилерине: «Сизлер мениң алдымнан жүриңлер, мен сизлердиң изиңизден бараман», – деди. Бирақ ол күйеўи Набалға ҳеш нәрсе айтпады.
20 Абигайыл ешекке минип, таўдың соқпақ жоллары арқалы төменге түсип киятырғанда, өзине қарсы киятырған Даўытты ҳәм оның адамларын ушыратты.
21 Даўыт адамларына мына сөзлерди айтып атырған екен: «Бул адамның шөлдеги мал-мүлкин бийкарға қорыған екенмен. Оның ҳеш бир нәрсеси жойтылып кетпеди. Ал ол болса, жақсылығыма жаманлық пенен жуўап қайтарды.
22 Егер азанға шекем Набалға тийисли еркек затынан биреўин тири қалдырсам, Қудай мени жазалаған үстине жазаласын!»
23 Абигайыл Даўытты көриўден дәрҳал ешектен түсти де, Даўыттың алдында ет-бетинен жерге жығылып, тәжим етти.
24 Оның аяқларына бас урып, былай деп жалбарынды: «Мырзам, айыпты мен, жалғыз мен мойныма аламан. Шорыңыз болған маған бир аўыз сөз айтыўға рухсат етиң. Айтқанларыма қулақ салың.
25 Жалбарынаман, мырзам, сол Набал деген оңбаған адамға итибар бермеңиз. Аты ақылсыз дегенди билдиреди, сол сыяқлы өзи де ақылсыздың бири. Тилекке қарсы шорыңыз болған мен мырзам, сизиң жиберген адамларыңызды көрмей қалдым.
26 Енди, мырзам, Жаратқан Ийе сизди қан төгиўден, өз қолыңыз бенен өш алыўдан сақлап қалды. Тири Жаратқан Ийе ҳақы алдыңызда ант ишип айтаман: душпанларыңыздың ҳәм сизге жаманлық тилейтуғынлардың ҳәммесиниң басына Набалдың басына түсетуғын күн түссин.
27 Мырзам, сизге алып келген мына сыйларымды изиңизге ерген адамларға берсеңиз.
28 Шорыңыздың гүнасын кешириң. Жаратқан Ийе, әлбетте, урпағыңызды турақлы қылады. Себеби мырзам, сиз Жаратқан Ийе ушын урысып жүрсиз. Өмириңиздиң ақырына шекем сизде ҳеш бир наҳақлық болмасын.
29 Егер биреў сизди өлтириў ушын қуўып жүрсе, Қудайыңыз Жаратқан Ийе өмириңизди Өз панасында асырайды. Ол душпанларыңызды сақпаннан атылған тастай етип ылақтырып таслайды.
30 Жаратқан Ийе сизге ўәде еткен ийгиликлериниң ҳәммесин орынлап, сизди Израилға ҳүкимдар етип қояды.
31 Сонда өзим ушын өш алып, жөнсиз қан төктим деп азап шегип, пушайман болмайсыз. Жаратқан Ийе мырзама табыс бергенде, өз шорыңызды еске алың».
32 Даўыт Абигайылға былай деди: «Бүгин сени маған ушырастырған Израилдың Қудайы Жаратқан Ийеге алғыслар болсын!
33 Берекет тапқайсаң! Жақсы ақыл берип, бүгин мени қан төгиўден ҳәм өз қолым менен өшимди алыўдан сақлап қалғаның ушын жарылқаў алғайсаң.
34 Саған жаманлық қылыўдан сақлап қалған Израилдың Қудайы, тири Жаратқан Ийе ҳақы ант ишемен: егер сен мени ушыратыў ушын, асығыслық пенен жолға шықпағаныңда, таң атқанша, Набалға тийисли ер адамлардың биреўи де тири қалмаған болар еди».
35 Даўыт Абигайылдың сыйларын қабыл етип: «Аман-есен үйиңе қайт. Сөзлериңе қулақ салып, тилегиңди қабыл еттим», – деди.
36 Абигайыл Набалдың жанына қайтып келгенде, Набал үйинде патшалық зыяпаттай етип зыяпат берип атырған екен. Ол жүдә мәс болып, кеўли көтериңки еди. Сонлықтан азанға шекем Абигайыл оған ҳеш нәрсе айтпады.
37 Ертеңине азанда Набал өзине келгеннен соң, ҳаялы оған болған ўақыяларды айтып берди. Сол ўақытта-ақ Набалдың жүреги музлап, ләң болып қалды.
38 Онлаған күннен кейин, Жаратқан Ийе Набалды жазалап, оны өлтирди.
39 Даўыт Набалдың өлгенин еситкенде: «Мени масқаралаған Набалға қарсы даўымды қарап шығып, қулын жаманлық ислеўден сақлап қалған Жаратқан Ийеге алғыслар болсын! Жаратқан Ийе оның жаманлығын өзине қайтарды», – деди. Соңынан Даўыт Абигайылға үйленбекшилигин билдириў ушын адам жиберди.
40 Даўыттың адамлары Кармелдеги Абигайылға барып: «Даўыт саған үйленбекши. Соны билдириў ушын бизлерди жиберди», – деди.
41 Абигайыл маңлайы жерге тийгенше ийилип: «Мине, мен, ҳәтте, Даўыттың хызметшилериниң шорысы болыўға да таярман», – деди.
42 Абигайыл тез орнынан турды да, ешекке минди. Қасына бес шорысын алып, Даўыттың хабаршыларының изинен жолға түсти. Соңынан ол Даўыттың ҳаялы болды.
43 Даўыт изреелли Ахиноамға үйленген еди. Солай етип, Даўыттың еки ҳаялы болды.
44 Сол арада Шаул қызы Михалды, яғный Даўыттың ҳаялын галлимли Лайыштың улы Палтийге берип жиберген еди.


Shu bobni tarjimada ko’rish


Kitoblar




kitap Qaraqalpaqsha Júklep alıw - Muxaddes Kitap Qaraqalpaq tilinde (latin 27mb .PDF)
Жүклеп алыў - Мухаддес Китап (кирилл 26mb .PDF)
Tawrat | Zabur | Injil (+audio)




ӘЖАЙЫП КИТАПТЫ ОҚЫҢ Муқаддес Китап.


1. Ең көп оқылатуғын китап - ҳәр жылы шама менен 80 миллион нусқада баспадан шығарылады

2. Мухаддес Китап 1600 жыл даўамында 40 тан артық авторлар тәрепинен жазылған ҳәм ҳеш қандай қарама-қарсылықларға ийе емес.

3. Инжил үш тилде (еврей, грек ҳәм арамей) ҳәм үш континентте жазылған.

4. Мухаддес Китап толық ямаса бөлеклеп 2377 тил ҳәм диалектке аўдарылған.


Bible Karakalpaksha Muxaddes Kitap Qaraqalpaqsha (latin 50mb .pdf)
Скачать - Мухаддес Китап (Қарақалпақ). (Таурат, Забур, Инжил) (51mb PDF)






















Muxaddes Kitap. Audio

Kitap Дүньяның жаратылыўы Matto Muqaddas xushxabar  Mark Muqaddas xushxabar  Luqo Muqaddas xushxabar  Yuhanno Muqaddas xushxabar  Havoriylarning faoliyati  Yoqubning maktubi  Butrusning birinchi maktubi  Butrusning ikkinchi maktubi  Yuhannoning birinchi maktubi  Yuhannoning ikkinchi maktubi  Yuhannoning uchinchi maktubi  Yahudoning maktubi  Rimliklarga maktub  Korinfliklarga birinchi maktub  Korinfliklarga ikkinchi maktub  Galatiyaliklarga maktub  Efesliklarga maktub  Filippiliklarga maktub  Kolosaliklarga maktub  1-Salonikaliklarga  2-Salonikaliklarga  Timo'tiyga birinchi maktub  Timo'tiyga ikkinchi maktub  Titusga maktub  Filimo'nga maktub  Ibroniylarga maktub  Yuhannoga ko'rsatilgan vahiy

Sharhlar


Sebebi Quday bul du'nyanı sonshelli su'ygenlikten, O'zinin' jalg'ız Ulın berdi. Onın' Ulına isengen ha'r bir adam nabıt bolmay, ma'n'gilik o'mirge iye boladı
Юхан 3:16


Фильмлер

Qaraqalpaqsha Фильмлер

Мультфильмлер

Qaraqalpaqsha Мультфильмлер

Фильмы на Каракалпакском

Qaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha Kino

Инжил Онлайн – har doim tomondan Muqaddas Kitob (Injil) oddiy va samimiy versiyasiga ega istaganlar uchun sayt. Saytida kitob matn Xudoning Kalomini o'rganish yordam beradi va simfonik.