1 Патшалар 27 bob

Даўыт филистлер арасында (1-12).

1 Даўыт ишинен: «Бир күни Шаулдың қолынан өлип кетермен. Жақсысы, тезирек филистлердиң жерине қашып кетейин. Сонда Шаул Израилдың ҳәр жеринен мени излегенди қояр, мен де оннан қутыларман», – деп ойлады.
2 Усылайынша Даўыт ҳәм оның жанындағы алты жүз адам жолға шығып, Гат патшасы Маох улы Ахиштиң тәрепине өтип кетти.
3 Олар хожалығындағылар менен бирге Гат қаласына, Ахиштиң жанына орналасты. Даўыттың еки ҳаялы: изреелли Ахиноам ҳәм кармелли Набалдың жесири Абигайыл да оның жанында еди.
4 Шаул Даўыттың Гатқа қашып кеткенин еситкенде, енди оны излеўден ўаз кешти.
5 Даўыт Ахишке: «Егер мақул көрсеңиз, әтираптағы қалалардың биринен маған бир жер берилсин, мен сол жерде жасайын. Себеби қулыңыз болған маған сизиң менен бирге патшаның қаласында жасаўдың неге кереги бар?» – деди.
6 Ахиш сол күни Даўытқа Сиклаг қаласын берди. Сол себептен Сиклаг ҳәзирге дейин Яҳуда патшаларына тийисли қала болып қалды.
7 Даўыт филистлер елинде бир жыл төрт ай жасады.
8 Сол ўақыт ишинде Даўыт ҳәм оның адамлары гешур, гизер ҳәм амалек халықларына шабыўыл жасады. Бул халықлар узақ ўақытлардан бери Шурға, ҳәтте, Мысырға шекем созылған жерлерде жасайтуғын еди.
9 Даўыт қай жерге шабыўыл жасаса да, еркекти де, ҳаялды да, ҳеш кимди тири қалдырмай, тек олардың қойларын, өгизлерин, ешеклерин, түйелерин ҳәм кийим-кеншеклерин алып, патша Ахишке қайтып келетуғын еди.
10 Егер Ахиш Даўыттан: «Бүгин қай жерлерге шабыўыл жасадыңыз?» – деп сораса, Даўыт оған: «Яҳуданың қубла тәрепине, Ерахмеел тийресиниң ҳәм кенлердиң қубла тәрепине шабыўыл жасадық», – деп жуўап беретуғын еди.
11 Даўыт ҳеш бир адамның Гатқа келип: «Даўыт олай иследи ямаса Даўыт булай иследи», – деп айтпаўы ушын, еркекти де, ҳаялды да, ҳеш кимди тири қалдырмайтуғын еди. Даўыт филистлердиң елинде жасаған ўақтының ҳәммесинде усылай иследи.
12 Ахиш Даўытқа исенип: «Даўыт өз халқы болған израиллыларға жек көринши болды. Буннан былай, ол мәңгиге мениң хызметимде болады», – деп ойлады.


Shu bobni tarjimada ko’rish


Kitoblar




kitap Qaraqalpaqsha Júklep alıw - Muxaddes Kitap Qaraqalpaq tilinde (latin 27mb .PDF)
Жүклеп алыў - Мухаддес Китап (кирилл 26mb .PDF)
Tawrat | Zabur | Injil (+audio)




ӘЖАЙЫП КИТАПТЫ ОҚЫҢ Муқаддес Китап.


1. Ең көп оқылатуғын китап - ҳәр жылы шама менен 80 миллион нусқада баспадан шығарылады

2. Мухаддес Китап 1600 жыл даўамында 40 тан артық авторлар тәрепинен жазылған ҳәм ҳеш қандай қарама-қарсылықларға ийе емес.

3. Инжил үш тилде (еврей, грек ҳәм арамей) ҳәм үш континентте жазылған.

4. Мухаддес Китап толық ямаса бөлеклеп 2377 тил ҳәм диалектке аўдарылған.


Bible Karakalpaksha Muxaddes Kitap Qaraqalpaqsha (latin 50mb .pdf)
Скачать - Мухаддес Китап (Қарақалпақ). (Таурат, Забур, Инжил) (51mb PDF)






















Muxaddes Kitap. Audio

Kitap Дүньяның жаратылыўы Matto Muqaddas xushxabar  Mark Muqaddas xushxabar  Luqo Muqaddas xushxabar  Yuhanno Muqaddas xushxabar  Havoriylarning faoliyati  Yoqubning maktubi  Butrusning birinchi maktubi  Butrusning ikkinchi maktubi  Yuhannoning birinchi maktubi  Yuhannoning ikkinchi maktubi  Yuhannoning uchinchi maktubi  Yahudoning maktubi  Rimliklarga maktub  Korinfliklarga birinchi maktub  Korinfliklarga ikkinchi maktub  Galatiyaliklarga maktub  Efesliklarga maktub  Filippiliklarga maktub  Kolosaliklarga maktub  1-Salonikaliklarga  2-Salonikaliklarga  Timo'tiyga birinchi maktub  Timo'tiyga ikkinchi maktub  Titusga maktub  Filimo'nga maktub  Ibroniylarga maktub  Yuhannoga ko'rsatilgan vahiy

Sharhlar


Sebebi Quday bul du'nyanı sonshelli su'ygenlikten, O'zinin' jalg'ız Ulın berdi. Onın' Ulına isengen ha'r bir adam nabıt bolmay, ma'n'gilik o'mirge iye boladı
Юхан 3:16


Фильмлер

Qaraqalpaqsha Фильмлер

Мультфильмлер

Qaraqalpaqsha Мультфильмлер

Фильмы на Каракалпакском

Qaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha Kino

Инжил Онлайн – har doim tomondan Muqaddas Kitob (Injil) oddiy va samimiy versiyasiga ega istaganlar uchun sayt. Saytida kitob matn Xudoning Kalomini o'rganish yordam beradi va simfonik.