1 Патшалар 30 bob

Даўыттың амалеклерди жеңиўи (1-31).

1 Даўыт ҳәм оның адамлары үшинши күни Сиклаг қаласына жетип келди. Сол арада амалеклер Негебке ҳәм Сиклагқа шабыўыл жасап, Сиклагты өртеп жиберген еди.
2 Олар ҳеш кимди өлтирмей, тек ҳаялларды ҳәм сол жерде болған үлкен-кишиниң ҳәммесин тутқын етип, өзлери менен бирге алып кеткен еди.
3 Даўыт адамлары менен ол жерге жетип барғанда, қаланың өртеп жиберилгенин, ҳаяллары, уллары ҳәм қызларының тутқынға алынғанын билди.
4 Олар ҳалдан тайғанша, дад салып жылады.
5 Даўыттың еки ҳаялы, изреелли Ахиноам ҳәм кармелли Набалдың жесири Абигайыл да тутқын етилген еди.
6 Даўыт қыйын жағдайда қалды. Себеби ҳәр бир адам уллары ҳәм қызлары ушын қайғырып: «Даўытты тас боран қылып өлтиремиз», – дести. Бирақ Даўыт өз Қудайы Жаратқан Ийеден күш алды.
7 Ол Ахимелех улы руўханий Абиятарға: «Маған эфодты алып кел», – деди. Абиятар эфодты алып келди.
8 Даўыт Жаратқан Ийеден: – Бул басқыншыларды қуўып барсам, оларға жете аламан ба? – деп сорады. Жаратқан Ийе оған: – Изинен қуў, әлбетте, оларға жетип алып, тутқынларды азат етесең, – деп жуўап берди.
9 Солай етип, Даўыт жанындағы алты жүз адам менен жолға шығып, Бесор сайының жағасына келди. Олардың ҳалдан тайғанлары сол жерде қалды.
10 Ал Даўыттың өзи төрт жүз адам менен басқыншыларды қуўыўды даўам етти. Сайды кесип өтиўге шамасы келмеген еки жүз адам сол жерде қалды.
11 Олар қыр даладан бир мысырлыны таўып алып, Даўыттың алдына алып келди. Оған ишиўге суў ҳәм жеўге азық берди.
12 Және де, оған кептирип нығызланған бир бөлек әнжир менен еки бөлек кишмиш берди. Сол адам жеп, ҳәлленип алды. Ол үш күн, үш түн дуз татпаған ҳәм суў да ишпеген еди.
13 Даўыт оннан: – Сен кимниң қулысаң? Қай жерденсең? – деп сорады. Жигит былай деп жуўап берди: – Мен мысырлыман, бир амалектиң қулы едим. Үш күн бурын наўқасланып қалғанлығым себепли, хожайыным мени таслап кетти.
14 Бизлер керетлердиң қубла шегарасына, яғный Яҳуда жерлерине ҳәм Калебтиң қубла тәрепине шабыўыл жасадық. Ал Сиклаг қаласын өртеп жибердик.
15 Даўыт оннан: – Мени сол басқыншыларға алып бара аласаң ба? – деп сорады. Жигит оған: – Мени өлтирмейтуғыныңызды ҳәм хожайынымның қолына тапсырмайтуғыныңызды айтып, Қудайдың алдында ант ишсеңиз, мен сизди сол басқыншыларға алып бараман, – деп жуўап берди.
16 Солай етип, мысырлы Даўытқа жол көрсетип кетти. Басқыншылар дөгерекке жайылып, филистлердиң жеринен ҳәм Яҳудадан басып алған үлкен олжаларынан ишип-жеп мәслик қурып атырған еди.
17 Даўыт ертеңине таң азаннан күн батқанға дейин оларды қырды. Басқыншылардың түйелерге минип қашқан төрт жүз жигитинен басқа бирде биреўи қутылып кете алмады.
18 Даўыт амалеклер алып кеткен нәрселердиң ҳәммесин, сондай-ақ өзиниң еки ҳаялын да қутқарды.
19 Жаслар, ғаррылар, уллар, қызлар, олжаланған маллар, қулласы, амалеклердиң алып кеткенлеринен ҳеш бири жоғалмады. Даўыт ҳәммесин қайтарып алды.
20 Ол пүткил қой ҳәм қара малларды да алды. Даўыттың адамлары оларды өз малларының алдына салып, айдап баратырып: «Бул Даўыттың олжасы», – деп айтатуғын еди.
21 Соннан соң, Даўыт изине ериўге ҳаллары келмей, Бесор сайының жағасында қалған еки жүз адамның жанына барды. Олар да Даўытты ҳәм оның жанындағыларды күтип алыўға шықты. Даўыт жақынласып, олар менен аманласты.
22 Бирақ Даўыт пенен кеткен жаман ҳәм оңбаған адамлардың ҳәммеси: – Булар бизлер менен бирге бармағанлықтан, олжаға алынған нәрселерден оларға пай бермеймиз. Ҳәр бири тек ҳаялын ҳәм балаларын алып кетсин, – деди.
23 Бирақ Даўыт оларға былай деди: – Яқ, туўысқанларым! Жаратқан Ийениң бизге бергенлерине булай ислемеңлер. Ол бизлерди қорғады ҳәм бизлерге шабыўыл жасаған басқыншыларды қолымызға тутып берди.
24 Сизлердиң бул сөзлериңизди ким қабыл етеди? Саўашқа барғанлар менен жүклердиң қасында қалғанлардың пайы теңдей болады. Ҳәр бир нәрсе теңдей бөлип бериледи.
25 Сол күннен баслап, Даўыт буны Израил ушын дәстүрге айландырып, қағыйда етип бекитти. Ол ҳәзирге дейин сақланып келмекте.
26 Даўыт Сиклагқа қайтып келгеннен соң, дослары болған Яҳуда ақсақалларына алынған олжалардан жиберип атырып: «Мине, бул Жаратқан Ийениң душпанларынан алынған олжалардан сизлерге саўға», – деди.
27 Ол саўғаларды Бейт-Эл, Негебтеги Рамот, Яттир,
28 Ароер, Сифмот, Эштемоа,
29 ҳәм Рахалда болғанларға, Ерахмеел тийресиниң ҳәм кенлердиң қалаларында болғанларға,
30 Хорма, Бор-Ашан, Атах
31 ҳәм Хебронда болғанларға, сондай-ақ, өзи адамлары менен бирге гезген барлық жердегилерге жиберди.


Shu bobni tarjimada ko’rish


Kitoblar




kitap Qaraqalpaqsha Júklep alıw - Muxaddes Kitap Qaraqalpaq tilinde (latin 27mb .PDF)
Жүклеп алыў - Мухаддес Китап (кирилл 26mb .PDF)
Tawrat | Zabur | Injil (+audio)




ӘЖАЙЫП КИТАПТЫ ОҚЫҢ Муқаддес Китап.


1. Ең көп оқылатуғын китап - ҳәр жылы шама менен 80 миллион нусқада баспадан шығарылады

2. Мухаддес Китап 1600 жыл даўамында 40 тан артық авторлар тәрепинен жазылған ҳәм ҳеш қандай қарама-қарсылықларға ийе емес.

3. Инжил үш тилде (еврей, грек ҳәм арамей) ҳәм үш континентте жазылған.

4. Мухаддес Китап толық ямаса бөлеклеп 2377 тил ҳәм диалектке аўдарылған.


Bible Karakalpaksha Muxaddes Kitap Qaraqalpaqsha (latin 50mb .pdf)
Скачать - Мухаддес Китап (Қарақалпақ). (Таурат, Забур, Инжил) (51mb PDF)






















Muxaddes Kitap. Audio

Kitap Дүньяның жаратылыўы Matto Muqaddas xushxabar  Mark Muqaddas xushxabar  Luqo Muqaddas xushxabar  Yuhanno Muqaddas xushxabar  Havoriylarning faoliyati  Yoqubning maktubi  Butrusning birinchi maktubi  Butrusning ikkinchi maktubi  Yuhannoning birinchi maktubi  Yuhannoning ikkinchi maktubi  Yuhannoning uchinchi maktubi  Yahudoning maktubi  Rimliklarga maktub  Korinfliklarga birinchi maktub  Korinfliklarga ikkinchi maktub  Galatiyaliklarga maktub  Efesliklarga maktub  Filippiliklarga maktub  Kolosaliklarga maktub  1-Salonikaliklarga  2-Salonikaliklarga  Timo'tiyga birinchi maktub  Timo'tiyga ikkinchi maktub  Titusga maktub  Filimo'nga maktub  Ibroniylarga maktub  Yuhannoga ko'rsatilgan vahiy

Sharhlar


Sebebi Quday bul du'nyanı sonshelli su'ygenlikten, O'zinin' jalg'ız Ulın berdi. Onın' Ulına isengen ha'r bir adam nabıt bolmay, ma'n'gilik o'mirge iye boladı
Юхан 3:16


Фильмлер

Qaraqalpaqsha Фильмлер

Мультфильмлер

Qaraqalpaqsha Мультфильмлер

Фильмы на Каракалпакском

Qaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha Kino

Инжил Онлайн – har doim tomondan Muqaddas Kitob (Injil) oddiy va samimiy versiyasiga ega istaganlar uchun sayt. Saytida kitob matn Xudoning Kalomini o'rganish yordam beradi va simfonik.