Жаратылыс 13 bob

Ибрам менен Луттың бир-биринен бөлиниўи

1 Ибрам ҳаялын ҳәм өзиниң барлық мал-мүлкин алды да, Мысырдан шығып, Негебке кетти. Лут та олар менен бирге кетти.
2 Ибрам малларға, гүмис ҳәм алтынларға оғада бай еди.
3 Ол Негебтен Бейт-Элге шекем көшип- қонып жүрди ҳәм Бейт-Эл менен Ай қаласының ортасындағы бурын өзи шатыр қурған орынға келди.
4 Сол жерде бурын өзи қурған қурбанлық орынға барып, Жаратқан Ийениң атын айтып шақырды.
5 Ибрам менен бирге көшкен Луттың да ири ҳәм майда маллары, шатырлары бар еди.
6 Олардың мал-мүлки соншелли көп болғанлықтан жер жетиспей, бирге жасаў мүмкин болмай қалды.
7 Сонлықтан Ибрам менен Луттың шопанлары арасында жәнжел пайда болды. Сол ўақытлары қанан ҳәм периз халықлары да усы елде жасайтуғын еди.
8 Сонда Ибрам Лутқа: «Бизлердиң арамызда да, шопанларымыздың арасында да жәнжел болмасын. Ақыры, бизлер туўысқанбыз-ғо!
9 Барлық жер сениң көз алдыңда. Кел, бөлинейик. Егер сен солға кетсең, мен оңға кетемен. Егер сен оңға кетсең, мен солға кетемен», – деди.
10 Лут әтирапына қарап, пүткил Иордан тегислигиниң Соарға шекемги мол суўлы жерлерин көрди. Жаратқан Ийе Содом ҳәм Гомораны жоқ етпестен алдын, бул жерлер Жаратқан Ийениң бағындай, Мысыр жериндей еди.
11 Лут пүткил Иордан тегислигин таңлап, шығысқа қарай кетти. Солай етип, олар бир-биринен бөлинди.
13 Содом халқы жаўыз болып, Жаратқан Ийеге қарсы көп гүналар ислейтуғын еди.
14 Лут Ибрамнан бөлингеннен соң, Жаратқан Ийе Ибрамға былай деди: «Өзиң турған жерден арқаға ҳәм қублаға, шығысқа ҳәм батысқа қара!
15 Өзиң көрип турған жердиң ҳәммесин саған ҳәм сениң урпақларыңа мәңгиге беремен.
16 Урпақларыңды жердиң қумы сыяқлы көбейтемен. Ким де ким жердеги қумларды санай алса, сениң урпақларыңды да санай алады.
17 Қәнекей, бар да, Мениң саған беретуғын жерлеримди бастан аяғына шекем айланып шық».
18 Ибрам Хебронға жақын жердеги Мамре деп аталатуғын теребинф тереклиги жанына шатырларын көширип апарып орналасты. Сол жерде ол Жаратқан Ийеге арнап қурбанлық орын қурды.


Shu bobni eshitish:


Shu bobni tarjimada ko’rish


Kitoblar




kitap Qaraqalpaqsha Júklep alıw - Muxaddes Kitap Qaraqalpaq tilinde (latin 27mb .PDF)
Жүклеп алыў - Мухаддес Китап (кирилл 26mb .PDF)
Tawrat | Zabur | Injil (+audio)




ӘЖАЙЫП КИТАПТЫ ОҚЫҢ Муқаддес Китап.


1. Ең көп оқылатуғын китап - ҳәр жылы шама менен 80 миллион нусқада баспадан шығарылады

2. Мухаддес Китап 1600 жыл даўамында 40 тан артық авторлар тәрепинен жазылған ҳәм ҳеш қандай қарама-қарсылықларға ийе емес.

3. Инжил үш тилде (еврей, грек ҳәм арамей) ҳәм үш континентте жазылған.

4. Мухаддес Китап толық ямаса бөлеклеп 2377 тил ҳәм диалектке аўдарылған.


Bible Karakalpaksha Muxaddes Kitap Qaraqalpaqsha (latin 50mb .pdf)
Скачать - Мухаддес Китап (Қарақалпақ). (Таурат, Забур, Инжил) (51mb PDF)






















Muxaddes Kitap. Audio

Kitap Дүньяның жаратылыўы Matto Muqaddas xushxabar  Mark Muqaddas xushxabar  Luqo Muqaddas xushxabar  Yuhanno Muqaddas xushxabar  Havoriylarning faoliyati  Yoqubning maktubi  Butrusning birinchi maktubi  Butrusning ikkinchi maktubi  Yuhannoning birinchi maktubi  Yuhannoning ikkinchi maktubi  Yuhannoning uchinchi maktubi  Yahudoning maktubi  Rimliklarga maktub  Korinfliklarga birinchi maktub  Korinfliklarga ikkinchi maktub  Galatiyaliklarga maktub  Efesliklarga maktub  Filippiliklarga maktub  Kolosaliklarga maktub  1-Salonikaliklarga  2-Salonikaliklarga  Timo'tiyga birinchi maktub  Timo'tiyga ikkinchi maktub  Titusga maktub  Filimo'nga maktub  Ibroniylarga maktub  Yuhannoga ko'rsatilgan vahiy

Sharhlar


Sebebi Quday bul du'nyanı sonshelli su'ygenlikten, O'zinin' jalg'ız Ulın berdi. Onın' Ulına isengen ha'r bir adam nabıt bolmay, ma'n'gilik o'mirge iye boladı
Юхан 3:16


Фильмлер

Qaraqalpaqsha Фильмлер

Мультфильмлер

Qaraqalpaqsha Мультфильмлер

Фильмы на Каракалпакском

Qaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha Kino

Инжил Онлайн – har doim tomondan Muqaddas Kitob (Injil) oddiy va samimiy versiyasiga ega istaganlar uchun sayt. Saytida kitob matn Xudoning Kalomini o'rganish yordam beradi va simfonik.