Жаратылыс 16 bob

Ажар ҳәм Исмайыл3

1 Ибрамның ҳаялы Сарай оған еле бала туўып бермеген еди. Сарайдың Ажар деген мысырлы шорысы бар еди.
2 Сарай Ибрамға: «Минекей, Жаратқан Ийе мени бала туўыўдан маҳрум етти. Сен мениң шорым менен жат, мүмкин, ол арқалы балалы боларман», – деди. Ибрам Сарайдың сөзине қулақ асты.
3 Солай етип, Ибрамның Қанан жеринде жасағанына он жыл болғанда, Сарай өзиниң мысырлы шорысы Ажарды Ибрамға тоқаллыққа алып берди.
4 Ибрам Ажар менен жатқаннан соң, ол ҳәмиледар болды. Ажар өзиниң ҳәмиледар екенлигин билгенде, ханымын менсинбей қойды.
5 Сарай Ибрамға: – Мениң жәбир шегиўиме сен айыплысаң. Мен өзимниң шорымды сениң қойныңа салдым, ал ол өзиниң ҳәмиледар екенин билгенде, мени менсинбей қойды. Сениң менен мениң арамда Жаратқан Ийениң Өзи қазылық етсин, – деди.
6 Ибрам Сарайға: – Шорың сениң қолыңда емес пе? Оған не қыламан десең де, өзиң билесең, – деди. Солай етип, Сарай Ажарға қатты азап бере баслағанлықтан, Ажар оннан қашып кетти.
7 Жаратқан Ийениң периштеси оны шөлдеги булақтың жанынан, Шурға апаратуғын жолдың бойынан таўып:
8 – Сарайдың шорысы Ажар, қаяқтан келип, қаяққа баратырсаң? – деп сорады. Ол: – Мен ханымым Сарайдан қашып баратырман, – деп жуўап берди.
9 Сонда Жаратқан Ийениң периштеси оған: – Ханымыңа қайтып бар ҳәм оған бойсын, – деди.
10 Периште даўам етип: – Мен сениң урпақларыңды соншелли көбейтемен, оларды ҳеш ким санай алмайтуғын болады, – деди.
11 Жаратқан Ийениң периштеси оған және: – Минекей, сен ҳәмиледарсаң. Сен ул туўасаң. Оның атын Исмайыл* деп қоясаң. Өйткени Жаратқан Ийе сениң зарыңды еситти!
12 Сениң улың қуландай болады. Ол ҳәммеге қарсы, ҳәмме оған қарсы болады ҳәм ол барлық туўысқанлары менен душпан болып өмир сүреди, – деди.
13 Ажар: «Мен өзимди көрип турған Қудайды көрдим», – деп, өзи менен сөйлескен Жаратқан Ийени «Эл-Роий»* деп атады.
14 Сонлықтан Қадеш пенен Бередтиң арасында жайласқан бул қудық «Беер-Лахай-Роий»* деп аталады.
15 Ажар Ибрамға ул туўып берди. Ибрам улына Исмайыл деп ат қойды.
16 Ажар Исмайылды туўғанда, Ибрам сексен алты жаста еди.


Shu bobni eshitish:


Shu bobni tarjimada ko’rish


Kitoblar




kitap Qaraqalpaqsha Júklep alıw - Muxaddes Kitap Qaraqalpaq tilinde (latin 27mb .PDF)
Жүклеп алыў - Мухаддес Китап (кирилл 26mb .PDF)
Tawrat | Zabur | Injil (+audio)




ӘЖАЙЫП КИТАПТЫ ОҚЫҢ Муқаддес Китап.


1. Ең көп оқылатуғын китап - ҳәр жылы шама менен 80 миллион нусқада баспадан шығарылады

2. Мухаддес Китап 1600 жыл даўамында 40 тан артық авторлар тәрепинен жазылған ҳәм ҳеш қандай қарама-қарсылықларға ийе емес.

3. Инжил үш тилде (еврей, грек ҳәм арамей) ҳәм үш континентте жазылған.

4. Мухаддес Китап толық ямаса бөлеклеп 2377 тил ҳәм диалектке аўдарылған.


Bible Karakalpaksha Muxaddes Kitap Qaraqalpaqsha (latin 50mb .pdf)
Скачать - Мухаддес Китап (Қарақалпақ). (Таурат, Забур, Инжил) (51mb PDF)






















Muxaddes Kitap. Audio

Kitap Дүньяның жаратылыўы Matto Muqaddas xushxabar  Mark Muqaddas xushxabar  Luqo Muqaddas xushxabar  Yuhanno Muqaddas xushxabar  Havoriylarning faoliyati  Yoqubning maktubi  Butrusning birinchi maktubi  Butrusning ikkinchi maktubi  Yuhannoning birinchi maktubi  Yuhannoning ikkinchi maktubi  Yuhannoning uchinchi maktubi  Yahudoning maktubi  Rimliklarga maktub  Korinfliklarga birinchi maktub  Korinfliklarga ikkinchi maktub  Galatiyaliklarga maktub  Efesliklarga maktub  Filippiliklarga maktub  Kolosaliklarga maktub  1-Salonikaliklarga  2-Salonikaliklarga  Timo'tiyga birinchi maktub  Timo'tiyga ikkinchi maktub  Titusga maktub  Filimo'nga maktub  Ibroniylarga maktub  Yuhannoga ko'rsatilgan vahiy

Sharhlar


Sebebi Quday bul du'nyanı sonshelli su'ygenlikten, O'zinin' jalg'ız Ulın berdi. Onın' Ulına isengen ha'r bir adam nabıt bolmay, ma'n'gilik o'mirge iye boladı
Юхан 3:16


Фильмлер

Qaraqalpaqsha Фильмлер

Мультфильмлер

Qaraqalpaqsha Мультфильмлер

Фильмы на Каракалпакском

Qaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha Kino

Инжил Онлайн – har doim tomondan Muqaddas Kitob (Injil) oddiy va samimiy versiyasiga ega istaganlar uchun sayt. Saytida kitob matn Xudoning Kalomini o'rganish yordam beradi va simfonik.