1 Усылайынша аспан ҳәм жер, олардағы пүткил барлық жаратылып болынды.
2 Қудай Өз ислерин жетинши күнге дейин тамамлап, жетинши күни барлық ислеринен дем алды.
3 Ол жетинши күнди жарылқап, оны мухаддес етип айырды. Себеби Ол усы күни Өзиниң барлық жаратыўшылық ислеринен дем алды.
4 Мине, аспан ҳәм жердиң жаратылыў тарийхы усындай Қудай Ийе аспан менен жерди жаратқанда,
5 жер бетинде еле бирде бир дала путасы ямаса бирде бир дала шөби өспеген еди. Өйткени Қудай Ийе еле жерге жаўын жаўдырмаған болып, жерди тәрбиялайтуғын адам да жоқ еди.
6 Бирақ жерден булақ суўы шығып, пүткил жер жүзин суўғарып туратуғын еди.
7 Соңынан Қудай Ийе жердиң топырағынан адамды жаратып, оның мурнына өмир демин үпледи. Солай етип, адам тири жан болды.
8 Қудай Ийе шығыста, Эденде бир бағ орнатып, Өзи жаратқан адамын сол жерге жайластырды.
9 Кейин Қудай Ийе көздиң жаўын алатуғын, жеўге жақсы түрли-түрли мийўе ағашларын жерден өсирип шығарды. Ал бағдың ортасына өмир терегин ҳәм жақсылық пенен жаманлықты билиў терегин өсирип шығарды.
11 Олардың бириншисиниң аты – Пишон болып, ол алтын кәни болған пүткил Хаўила жерин айланып ағады.
12 Алтыны жақсы болған ол жерде хош ийисли шайыр ҳәм оникс тасы бар.
13 Екинши дәрьяның аты – Гихон болып, ол пүткил Куш жерин айланып ағады.
14 Үшинши дәрьяның аты Тигр болып, ол Ашшурдың шығыс тәрепинен ағып өтеди. Төртинши дәрьяның аты – Евфрат еди.
15 Солай етип, Қудай Ийе Эден бағын тәрбиялаўы ҳәм онда ислеўи ушын адамды сол жерге орналастырып,
16 оған: «Сен бул бағдағы қәлеген терегиңниң мийўесинен жей аласаң.
17 Бирақ жақсылық ҳәм жаманлықты билиў терегинен жеме, жесең сөзсиз өлесең», – деп буйырды.
18 Соңынан Қудай Ийе: «Адамның жалғыз болғаны жақсы емес, оған ылайықлы жәрдемши жаратаман», – деди.
19 Қудай Ийе жердеги ҳайўанлардың, аспандағы қуслардың ҳәммесин топырақтан жаратып, оларға қандай ат беретуғынын билиў ушын, оларды адамға алып келди. Адам ҳәр бирине қандай ат қойса, сол жанлы жаныўар солай аталатуғын болды.
20 Адам барлық малларға, аспандағы қусларға ҳәм жабайы ҳайўанларға ат қойды. Бирақ адамның өзине ылайықлы жәрдемши табылмады.
21 Сонда Қудай Ийе адамға терең уйқы берди ҳәм ол уйықлап атырғанда, оның бир қабырғасын алып, орнын ет пенен жаўып қойды.
22 Қудай Ийе адамның қабырғасынан ҳаялды жаратып, оны адамға алып келди.
23 Сонда адам былай деди: «Мениң сүйеклеримнен алынған сүйек, Етимнен алынған ет минекей-ғо! Ол ҳаял адам деп аталсын, Өйткени ол ер адамнан алынды».
24 Сонлықтан ер адам ата-анасын қалдырып, өз ҳаялына қосылады ҳәм екеўи бир дене болады+.
25 Адам да, оның ҳаялы да жалаңаш еди, бирақ олар еле уяттың не екенин билмейтуғын еди.