Жаратылыс 22 bob

Ибрайымның сыналыўы (1-19). Нахордың урпақлары (20-24)

1 Бир қанша ўақыттан кейин, Қудай Ибрайымды сынады. Қудай оған: – Ибрайым! – деди. Ибрайым: – Ләббәй! – деди.
2 Сонда Қудай оған: – Өзиңниң сүйикли жалғыз улың Ысақты алып, Мория жерине бар. Ол жерде, Мен саған көрсететуғын таўлардың биринде оны қурбанлыққа шалып, жағып жибер, – деди.
3 Ибрайым ертеңине азанда ерте турып, ешегине жүклерди артты. Ол өзи менен бирге еки хызметши баласын ҳәм улы Ысақты алды. Қурбанлық ушын отын шаўып болып, Қудайдың өзине айтқан жерине барыў ушын жолға шықты.
4 Үшинши күни Ибрайым көз таслап, айтылған орынды узақтан көрди.
5 Ибрайым хызметшилерине: – Сизлер усы жерде ешек пенен бирге қалыңлар. Ал бизлер баламыз екеўимиз ана жерге барып, Қудайға сыйынамыз ҳәм сизлерге қайтып келемиз, – деди.
6 Ибрайым қурбанлық ушын шаўылған отынларды баласы Ысаққа арқалатып, өзи от пенен пышақты алды. Соңынан екеўи бирге жүрип кетти.
7 Кетип баратырып, Ысақ әкесине: – Аға! – деди. – Ләббәй, улым, – деди Ибрайым. Ысақ оннан: – Минекей, от ҳәм отын бар. Бирақ жандырылатуғын қурбанлық ушын берилетуғын жанлық қәне? – деп сорады.
8 Ибрайым: – Улым, жандырылатуғын қурбанлық болатуғын жанлықты Қудайдың Өзи жеткизеди, – деп жуўап берди. Солай етип, олар екеўи жолын даўам етти.
9 Олар Қудайдың Ибрайымға айтқан жерине жетип келгенде, Ибрайым қурбанлық орын қурып, оның үстине отынларды қалады. Кейин улы Ысақты байлап, қурбанлық орындағы отынлардың үстине жатқызды.
10 Ибрайым баласын баўызламақшы болып, пышақты алды.
11 Бирақ Жаратқан Ийениң бир периштеси аспаннан даўыслап: – Ибрайым! Ибрайым! – деди. – Ләббәй, – деди ол.
12 Периште оған: – Балаға қол көтерме, оған ҳеш нәрсе ислеме. Енди мен сениң Қудайдан қорқатуғыныңды билдим. Себеби сен Меннен жалғыз улыңды да аямадың, – деди.
13 Ибрайым басын көтерип, путалыққа шақынан илинип турған қошқарды көрди. Ол барып, қошқарды әкелди де, улының орнына қошқарды қурбанлық ушын шалып, жағып жиберди.
14 Солай етип, Ибрайым сол орынды Яҳўе-Ире* деп атады. Сонлықтан усы күнге дейин: «Жаратқан Ийе таўында өзи жеткизеди», – деп айтылады.
15 Жаратқан Ийениң периштеси екинши рет Ибрайымға аспаннан даўыслап
16 былай деди: «Жаратқан Ийе былай дейди: „Өз атым менен ант ишемен, сен бул исти ислеп, жалғыз улыңды да аямадың,
17 сонлықтан Мен сени үсти-үстине жарылқайман. Урпақларыңды аспандағы жулдызлар ҳәм теңиз жағасындағы қумлар сыяқлы үсти-үстине көбейтемен. Сениң урпақларың душпанларыңның қалаларына ийелик етеди.
18 Маған бойсынғаның ушын, урпақларың арқалы жер жүзиндеги барлық халықлар жарылқанады“».
19 Соннан кейин, Ибрайым хызметшилериниң жанына қайтып келди. Олар бирликте Беер-Шебаға қарай кетти. Ибрайым сол жерде жасап қалды.
20 Бир қанша ўақытлардан соң, Ибрайымға: «Туўысқаның Нахорға ҳаялы Милка уллар туўып берди», – деген хабар жетип келди.
21 Милка туңғышы Усты, оның иниси Бузды, Арамның әкеси Кемуелди,
22 Кеседти, Хазоны, Пилдашты, Идлафты ҳәм Бетуелди дүньяға келтирди.
23 Ал Бетуелден Ребекка туўылды. Усы сегиз улды Ибрайымның туўысқаны Нахорға Милка туўып берди.
24 Нахордың Реума деген тоқалы да оған Тебах, Гахам, Тахаш ҳәм Мааха деген балаларды туўып берди.


Shu bobni eshitish:


Shu bobni tarjimada ko’rish


Kitoblar




kitap Qaraqalpaqsha Júklep alıw - Muxaddes Kitap Qaraqalpaq tilinde (latin 27mb .PDF)
Жүклеп алыў - Мухаддес Китап (кирилл 26mb .PDF)
Tawrat | Zabur | Injil (+audio)




ӘЖАЙЫП КИТАПТЫ ОҚЫҢ Муқаддес Китап.


1. Ең көп оқылатуғын китап - ҳәр жылы шама менен 80 миллион нусқада баспадан шығарылады

2. Мухаддес Китап 1600 жыл даўамында 40 тан артық авторлар тәрепинен жазылған ҳәм ҳеш қандай қарама-қарсылықларға ийе емес.

3. Инжил үш тилде (еврей, грек ҳәм арамей) ҳәм үш континентте жазылған.

4. Мухаддес Китап толық ямаса бөлеклеп 2377 тил ҳәм диалектке аўдарылған.


Bible Karakalpaksha Muxaddes Kitap Qaraqalpaqsha (latin 50mb .pdf)
Скачать - Мухаддес Китап (Қарақалпақ). (Таурат, Забур, Инжил) (51mb PDF)






















Muxaddes Kitap. Audio

Kitap Дүньяның жаратылыўы Matto Muqaddas xushxabar  Mark Muqaddas xushxabar  Luqo Muqaddas xushxabar  Yuhanno Muqaddas xushxabar  Havoriylarning faoliyati  Yoqubning maktubi  Butrusning birinchi maktubi  Butrusning ikkinchi maktubi  Yuhannoning birinchi maktubi  Yuhannoning ikkinchi maktubi  Yuhannoning uchinchi maktubi  Yahudoning maktubi  Rimliklarga maktub  Korinfliklarga birinchi maktub  Korinfliklarga ikkinchi maktub  Galatiyaliklarga maktub  Efesliklarga maktub  Filippiliklarga maktub  Kolosaliklarga maktub  1-Salonikaliklarga  2-Salonikaliklarga  Timo'tiyga birinchi maktub  Timo'tiyga ikkinchi maktub  Titusga maktub  Filimo'nga maktub  Ibroniylarga maktub  Yuhannoga ko'rsatilgan vahiy

Sharhlar


Sebebi Quday bul du'nyanı sonshelli su'ygenlikten, O'zinin' jalg'ız Ulın berdi. Onın' Ulına isengen ha'r bir adam nabıt bolmay, ma'n'gilik o'mirge iye boladı
Юхан 3:16


Фильмлер

Qaraqalpaqsha Фильмлер

Мультфильмлер

Qaraqalpaqsha Мультфильмлер

Фильмы на Каракалпакском

Qaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha Kino

Инжил Онлайн – har doim tomondan Muqaddas Kitob (Injil) oddiy va samimiy versiyasiga ega istaganlar uchun sayt. Saytida kitob matn Xudoning Kalomini o'rganish yordam beradi va simfonik.