Жаратылыс 34 bob

Динаның намысының бузылыўы

1 Бир күни Яқыптың Леадан туўылған қызы Дина сол жердиң қызларын көриў ушын шықты.
2 Ол жердиң бийи хиў халқынан болған Хамордың улы Шехем Динаны көргенде, оны услап алып, оған зорлық иследи.
3 Жигиттиң Яқыптың қызы Динаға кеўли кетип, оны сүйип қалды ҳәм оған жыллы сөйледи.
4 Шехем әкеси Хаморға: – Бул қызды маған ҳаяллыққа алып бер, – деди.
5 Яқып қызы Динаның намысы аяқ асты етилгенин еситкенде, уллары жайлаўда мал бағып жүрген еди. Сонлықтан Яқып олар қайтып келгенше үндемеди.
6 Сол ўақытта Шехемниң әкеси Хамор Яқып пенен сөйлесиў ушын, оның алдына барды.
7 Ал Яқыптың уллары болған ўақыяны есите сала, жайлаўдан қайтып келди. Олар ашыўланып, ғәзепке минди. Өйткени Шехем Яқыптың қызын зорлап, Израилдың абырайын төккен ҳәм ислеўге болмайтуғын исти ислеген еди.
8 Сонда Хамор оларға былай деди: – Улым Шехемниң кеўли қызыңызда, қызыңызды оған ҳаяллыққа бериң .
9 Бир-биримиз бенен қуда-тамыр болайық. Қыз алысып, қыз берисейик.
10 Бизлер менен бирге жасай бериңлер. Елимиздиң қәлеген жеринде емин- еркин жасап, саўда-сатық қылыңлар ҳәм мүлик ийелеңлер.
11 Кейин Шехем де қыздың әкеси менен әжағаларына: – Кеўлиңиз толыўы ушын, сизлерге қәлегениңизди беремен.
12 Меннен қанша қалың мал ҳәм саўға талап қылсаңлар да, ҳәммесин беремен. Тек қызыңызды маған ҳаяллыққа берсеңиз болғаны, – деди.
13 Яқыптың уллары қарындасы Динаның намысын аяқ асты еткени ушын Шехемге ҳәм оның әкеси Хаморға ҳийле менен жуўап берип,
14 оларға былай деди: – Яқ, бизлер бундай қыла алмаймыз. Қарындасымызды сүннет етилмеген адамға бере алмаймыз, өйткени бул бизлер ушын шерменделик болады.
15 Тек мына шәртимизди қабыл етсеңиз ғана ыразы боламыз: сизлердиң ҳәр бир ер адамыңыз бизлер сыяқлы сүннет етилсе,
16 бир- биримизге қыз берип, қыз алысамыз. Сизлер менен бирге жасап, бир халық боламыз.
17 Егер сүннет болыўға келисим бермесеңиз, қызымызды алып қайтамыз.
18 Бул сөзлер Хамор менен оның улы Шехемге мақул түсти.
19 Әкесиниң үйинде ҳәммеден көп ҳүрметке ийе болған жас жигит Шехем бул талапты орынлаўды тезлестирди. Себеби ол Яқыптың қызына ашық еди.
20 Солай етип, Хамор ҳәм оның улы Шехем қала халқы менен сөйлесиў ушын қала дәрўазасына барды ҳәм оларға былай деди:
21 – Бул адамлар бизлерге дослық қарым-қатнаста. Олар жеримизде жасап, саўда-сатық қылсын. Жер кең, оларға да жетеди. Олар менен қыз алысып, қыз берисейик.
22 Олар тек мына шәрт пенен ғана бизлер менен бирге жасап, бир халық болыўға ыразы болады: бизлердиң ҳәр бир ер адамымыз олар сыяқлы сүннет етилиўи керек екен.
23 Егер солай ислесек, олардың сүриўлери, мал-мүликлери ҳәм барлық маллары бизлердики болмай ма? Келиңлер, оларға келисим берейик, олар бизлер менен бирге жасап қалсын.
24 Қала турғынларының ҳәммеси Хамордың ҳәм оның улы Шехемниң сөзлерин қабыл етти ҳәм қаладағы барлық ер адамлар сүннет етилди.
25 Үшинши күни, олар аўырып жатырғанда, Яқыптың еки улы – Динаның әжағалары Шимон ҳәм Лебий қылышларын асынып алып, қалаға иркинишсиз кирди де, барлық ер адамларды қылыштан өткерди.
26 Олар Хаморды ҳәм улы Шехемди де қылыштан өткизип, Динаны Шехемниң үйинен алып кетти.
27 Қарындасының намысын аяқ асты қылғаны ушын, Яқыптың уллары өлгенлерди тонап, қаланы талан-тараж етти.
28 Олардың ири-майда малларын ҳәм ешеклерин, қаладағы да, жайлаўдағы да барлық нәрселерин алып кетти.
29 Және де, олардың балаларын ҳәм ҳаялларын тутқын қылып, пүткил байлығын ҳәм үйлериндеги барлық затларын олжа етти.
30 Яқып Шимон ҳәм Лебийге: – Сизлер усы жердиң турғынлары болған қанан ҳәм периз халықларын маған душпан қылып қойып, басыма бәле арттырдыңыз. Мениң адамларым аз. Егер олар биригип, маған қарсы шықса, мени хожалығым менен бирликте жоқ қылады, – деди.
31 Бирақ олар: – Қарындасымызға бузық ҳаялға қатнас жасағандай қатнас жасаўға жол қойыўға бола ма? – деди.



Muhaddes Kitap. Injil

Matto Muqaddas xushxabar  Mark Muqaddas xushxabar  Luqo Muqaddas xushxabar  Yuhanno Muqaddas xushxabar  Havoriylarning faoliyati  Yoqubning maktubi  Butrusning birinchi maktubi  Butrusning ikkinchi maktubi  Yuhannoning birinchi maktubi  Yuhannoning ikkinchi maktubi  Yuhannoning uchinchi maktubi  Yahudoning maktubi  Rimliklarga maktub  Korinfliklarga birinchi maktub  Korinfliklarga ikkinchi maktub  Galatiyaliklarga maktub  Efesliklarga maktub  Filippiliklarga maktub  Kolosaliklarga maktub  1-Salonikaliklarga  2-Salonikaliklarga  Timo'tiyga birinchi maktub  Timo'tiyga ikkinchi maktub  Titusga maktub  Filimo'nga maktub  Ibroniylarga maktub  Yuhannoga ko'rsatilgan vahiy

Sharhlar


Sebebi Quday bul du'nyanı sonshelli su'ygenlikten, O'zinin' jalg'ız Ulın berdi. Onın' Ulına isengen ha'r bir adam nabıt bolmay, ma'n'gilik o'mirge iye boladı
Юхан 3:16