1 Сонда Юсуп хызметшилердиң алдында өзин артық тута алмай: – Ҳәммени бул жерден шығарып жибериң! – деп бақырды. Солай етип, Юсуп туўысқанларына өзин танытқанда, оның жанында ҳеш ким жоқ еди.
2 Оның даўыслап жылағаны соншелли, мысырлылар да оның жылағанын еситти. Бул ҳаққында хабар фараонның сарайына да жетип барды.
3 Юсуп туўысқанларына: – Мен Юсуппен! Әкем еле тири ме? – деди. Бирақ туўысқанлары оның алдында албырап, не деп жуўап берерин билмеди.
4 Юсуп оларға: – Маған жақынырақ келиңлер, – деди. Олар жақынырақ келгенде, Юсуп сөзин былай деп даўам етти: – Мен сизлер Мысырға сатып жиберген туўысқаныңыз Юсуппен!
5 Мени бул жерге сатып жибергениңиз ушын қыйналмаң ҳәм өзлериңизди айыпламаң. Қудай адамлардың өмирин сақлап қалыў ушын, мени сизлерден алдын бул жерге жиберди.
6 Елде еки жылдан бери ашлық болмақта, және бес жыл даўамында жер де егилмейди, зүрәәт те жыйналмайды.
7 Қудай жер жүзинде урпақларыңызды сақлап қалыў ушын ҳәм таң қаларлық жол менен жанларыңызды қутқарыў ушын, мени сизлерден алдын бул жерге жиберди.
8 Мени бул жерге сизлер жибергениңиз жоқ, ал Қудай жиберди. Ол мени фараонға кеңесгөй, оның сарайына хожайын ҳәм пүткил Мысыр елине басшы етип қойды.
9 Сизлер дәрҳал әкемниң алдына барың да, оған улыңыз Юсуп: «Қудай мени пүткил Мысыр елине басшы етип қойды. Иркилмей, жаныма кел.
10 Сен балаларың, ақлықларың, сүриў ҳәм падаларың, пүткил мал-мүлкиң менен бирликте Гошен жерине орналасып, мениң жанымда боласаң.
11 Сол жерде мен сени бағаман, өйткени ашлық және бес жыл даўам етеди. Болмаса сен, хожалығың ҳәм саған тийисли ҳәмме нәрсе набыт болады», – деп айтып атыр деңлер.
12 Соңынан ол туўысқанларына және: – Мине, сизлер де, иним Бенямин сен де өз көзлериңиз бенен көрип турғаныңыздай, сизлерге бул сөзлерди айтып турған мен – ҳақыйқаттан да, Юсуп боламан.
13 Мысырда мениң қаншелли атақ-абырайға ийе екенимди ҳәм өзлериңиз көрген нәрселердиң ҳәммесин әкеме айтып бериң. Әкемди дәрҳал бул жерге алып келиң, – деди.
14 Соңынан Юсуп иниси Беняминниң мойнынан қушақлап жылады. Бенямин де оны қушақлап жылады.
15 Юсуп барлық ағаларын да сүйип, оларды қушақлап жылады. Кейин туўысқанлары оның менен сөйлесе баслады.
16 Юсуптиң туўысқанлары келгени ҳаққында хабар фараонның сарайына жетип барғанда, фараон ҳәм оның хызметшилери буған қуўанды.
17 Фараон Юсупке былай деди: «Туўысқанларыңа айт, олар ешеклерине жүклерин артып, Қананға қайтсын.
18 Әкесин ҳәм хожалықларын алып, усы жерге қайтып келсин. Мен оларға Мысырдың ең жақсы жерлерин беремен, ишип- жейтуғыны мол болады».
19 Және де, оларға былай деп айтыўыңды да буйыраман: «Балалары ҳәм ҳаяллары ушын Мысырдан арбалар алып кетсин ҳәм әкеңизди бул жерге алып келсин.
20 Қалып кеткен затларыңызға ашынбасын, пүткил Мысырдың ең жақсы затлары олардики болады».
21 Израилдың уллары айтылғанларды иследи. Юсуп фараонның буйрығы бойынша оларға арбалар ҳәм жол ушын азық берди.
22 Юсуп олардың ҳәр бирине бир шапаннан, ал Беняминге үш жүз шекел гүмис пенен бес шапан берди.
23 Ол әкесине арнап, он ешекке Мысырдың ең жақсы затларын жүкледи ҳәм әкесиниң жолы ушын, он машаға дән, нан ҳәм азық-аўқат артып жиберди.
24 Юсуп туўысқанларын жолға шығарып салып атырып: – Жолда жәнжеллесип жүрмеңлер, – деди.
25 Юсуптиң туўысқанлары Мысырдан шығып, Қанан елине, әкеси Яқыптың жанына қайтып келди.
26 Олар әкесине: – Юсуп тири екен, ол ҳәзир пүткил Мысыр елин басқарып тур, – деди. Бирақ Яқыптың жүреги бүлк етпеди ҳәм оларға исенбеди.
27 Олар әкесине Юсуптиң өзлерине айтқан барлық сөзлерин айтып берди. Яқып өзин көширип әкелиў ушын Юсуптиң жиберген арбаларын көргенде, руўхына жан кирди.
28 Сонда Израил: – Енди исенемен, улым Юсуп еле тири екен! Өлмесимнен бурын барып, оны көретуғын болдым, – деди.