2 Патшалар 7 bob
1 Даўыт патша өз сарайында жасай берди. Себеби Жаратқан Ийе оны әтирапындағы барлық душпанларынан қорғап, тынышлық берди.
2 Сол ўақытлары патша пайғамбар Натанға: – Қара, мен кедр ағашынан қурылған сарайда жасап атырман, ал Қудайдың сандығы болса, шатырда турыпты, – деди.
3 Натан оған: – Кеўлиңиз күсегенин қыла бериң, себеби Жаратқан Ийе сиз бенен бирге, – деп жуўап берди.
4 Бирақ сол күни түнде Натанға Жаратқан Ийеден мынадай сөз түсти:
5 «Барып, қулым Даўытқа былай деп айт: „Жаратқан Ийе былай дейди: Мәкан басыўым ушын, Маған арнап үйди сен қурмақшымысаң?
6 Израил халқын Мысырдан алып шыққан күнимнен баслап усы ўақытқа дейин, Мен үйде жасадым ба, өзи? Шатырда ол жақтан бул жаққа көшип жүрген жоқпан ба?
7 Пүткил израиллылар менен бирге көшип жүрген жерлерде халқымды басқарыўды буйырған Израил бийлериниң қайсы бирине: Неге Маған кедр ағашынан үй қурып бермедиңиз? – деген едим?“
8 Енди қулым Даўытқа былай деп айт: „Әлемниң Жаратқан Ийеси былай дейди: Мен сени жайлаўда қой бағып жүрген жериңнен алып, халқым Израилға ҳүкимдар етип қойдым.
9 Қай жерге барсаң да, сениң менен бирге болып, алдыңдағы ҳәмме душпанларыңды жоқ қылдым. Атыңды дүньядағы уллы адамлардың атлары сыяқлы уллы қыламан.
10 Халқым Израил ушын орын таярлап, оларды сол жерге орналастыраман. Олардың өз журты болады ҳәм ҳеш ким тынышын бузбайды. Залымлар оларға бурынғыдай зорлық қылмайды.
11 Халқым Израилға бийлер қойған ўақыттан бери залымлар оларды езип келмекте. Ал сени пүткил душпанларыңнан қутқарып, рәҳәтке еристиремен“. Жаратқан Ийе және былай деп билдиреди: „Мен сениң ушын бир шаңарақ – патшалар әўладын жаратаман.
12 Сен өлип, ата-бабаларыңа қосылғаныңда, зүрядыңнан бирин тахтқа отырғызып, оның патшалығын беккемлеймен.
13 Маған атап үйди ол қурады. Мен де оның патшалық тахтын мәңгилик қылып орнатаман.
14 Мен оған әке боламан, ол Маған ул болады. Егер ол гүна ислесе, әке улын таяқ пенен жазалағандай, оны басқа миллетлер арқалы жазалайман.
15 Бирақ сениң көз алдыңда Шаулдан Өз мийримимди тартып алғаным сыяқлы, оннан Өз мийримимди ҳеш қашан тартып алмайман.
16 Сениң урпағың ҳәм патшалығың Мениң алдымда мәңгиге турады ҳәм тахтың мәңги беккем болады“».
17 Солай етип, Натан аян болған бул сөзлердиң ҳәммесин Даўытқа айтып берди.
18 Соңынан Даўыт патша келип, Жаратқан Ийениң алдында отырды да, былай деди: «Қудай Ийе! Сен мени буншелли мәртебели қылғандай, мен ким болыппан, мениң үй-ишим де не болыпты?
19 Қудай Ийе! Сениң нәзериңде бул да аз болғандай, қулыңның урпағының келешеги туўралы да айтып бердиң. Қудай Ийе, Сениң адамзатқа деген қатнасың усындай ма?!
20 Мен Саған басқа не айта аламан? Өйткени Қудай Ийе, Сен Өз қулыңды билесең-ғо.
21 Сен Өз сөзиңе ҳәм жүрегиңе муўапық болған бул уллы исти иследиң ҳәм оны қулыңа билдирдиң.
22 Қандай уллысаң, Қудай Ийе! Өз қулақларымыз бенен еситкен барлық хабарымыз бойынша, Саған тең келетуғыны жоқ, Сеннен басқа Қудай да жоқ.
23 Дүньяда халқың Израилға уқсаған бирде бир халық жоқ. Оларды Өз халқың қылыў ушын, азат қылыўға бардың ҳәм халқың ушын да, елиң ушын да уллы ҳәм таң қаларлық ислер ислеп, Өз даңқыңды шығардың. Мысырдан Өзиң ушын азат қылған халқыңның алдынан халықларды ҳәм қудайларды қуўып жибердиң.
24 Халқың Израилды мәңгиге Өз халқым болады деп, оларды беккемледиң ҳәм Өзиң де, Жаратқан Ийе, олардың Қудайы болдың.
25 Енди, Қудай, Жаратқан Ийе! Қулыңа ҳәм оның урпағына берген ўәдеңде мәңгиге турып, сөзиңди орынлай гөр.
26 Адамлар: „Әлемниң Жаратқан Ийеси – Израилдың Қудайы“, – деп атыңды мәңгиге уллыласын ҳәм қулың Даўыттың урпағы да Сениң алдыңда беккем турсын.
27 Әлемниң Жаратқан Ийеси, Израилдың Қудайы! Сен қулыңа: „Сениң ушын бир шаңарақ – патшалық жаратаман“, – деп аян еттиң. Сонлықтан қулың усылай дуўа етиўге жүрек етти.
28 Қудай Ийе, Сен Қудайсаң, Сениң сөзлериң ҳақ. Сен қулыңа бул ийгиликли ўәдени бердиң.
29 Енди алдыңда мәңгиге даўам етиўи ушын, қулыңның патшалығын жарылқаўыңды сорайман. Себеби Қудай Ийе, Сен солай сөз бердиң ҳәм қулыңның патшалығы Сениң жарылқаўың арқалы мәңгиге жарылқанатуғын болады».



































