2 Патшалар 3 bob
1 Шаулдың тәрепдарлары менен Даўыттың тәрепдарлары арасындағы урыс узақ даўам етти. Даўыттың күшине күш қосылған сайын, Шаулдың тәрепдарлары ҳәлсиреп бара берди.
2 Даўыттың Хебронда туўылған балалары мыналар: туңғыш улы Амнон. Ол изреелли Ахиноамнан туўылды;
3 екиншиси Килеаб болып, ол кармелли Набалдың жесири Абигайылдан туўылды; үшиншисиниң аты Абшалом, ол Гешур патшасы Талмайдың қызы Маахадан туўылды;
4 төртиншиси Хаггиттен туўылған Адония, бесиншиси Абиталдан туўылған Шефатия,
5 алтыншысы Даўыттың Эгла деген ҳаялынан туўылған Итреам еди. Даўыттың бул улларының ҳәммеси Хебронда туўылды.
6 Шаулдың тәрепдарлары менен Даўыттың тәрепдарлары арасында урыс даўам етип атырғанда, Абнер Шаулдың тәрепдарлары арасында күшке толып бара берди.
7 Шаулдың Риспа деген бир тоқалы бар болып, ол Айя деген адамның қызы еди. Бир күни Иш-Бошет Абнерден: – Не ушын сен әкемниң тоқалы менен жаттың? – деп сорады.
8 Иш-Бошеттиң сораўына қатты ғәзепленген Абнер оған былай деп бақырды: – Мен не Яҳудаға хызмет қылып жүрген бир көпек пе едим? Мен усы күнге дейин, әкеңиз Шаулдың хожалығына, туўысқанларына ҳәм досларына садық болдым. Сизди де Даўытқа сатып бермедим. Бирақ бүгин сиз мени усы ҳаял себепли айыплап атырсыз.
9 Жаратқан Ийениң Даўытқа ўәде еткенин жүзеге асырмасам, онда Қудай мени жазалаған үстине жазаласын!
10 Ол патшалықты Шаулдың нәсилинен тартып алып, Даннан Беер-Шебаға шекем созылған Израил менен Яҳудада Даўыттың патшалығын орнататуғынын айтып, ўәде еткен еди.
11 Иш-Бошет Абнерден қорққанлықтан, оған басқа ҳеш нәрсе айта алмады.
12 Буннан кейин, Абнер өз атынан Даўытқа хабаршылар жиберип, былай деди: «Бул елди сиз басқарыўыңыз керек емес пе? Егер мениң менен келисим дүзсеңиз, пүткил Израилды сиз тәрепке аўдырыў ушын, жәрдем беремен».
13 Даўыт оған: «Яқшы, мен сениң менен келисим дүземен. Бирақ бир шәртим бар: мени көриўге келгениңде, Шаулдың қызы, ҳаялым Михалды да өзиң менен бирге алып кел. Болмаса, алдыма келмей-ақ қой», – деди.
14 Соңынан Даўыт Шаулдың улы Иш-Бошетке де хабаршылар жиберип, олар арқалы: «Қалың малға жүз филисттиң сүннет терисин төлеп алған ҳаялым Михалды маған қайтарып бер», – деди.
15 Сонда Иш-Бошет адамлар жиберип, Михалды күйеўи Палтиелдиң үйинен алдырды. Палтиел Лайыш деген адамның улы еди.
16 Күйеўи жылаўы менен Бахуримге шекем ҳаялына ерип барды. Бирақ Абнер оған: «Изиңе қайт», – дегенде, ол изине қайтып кетти.
17 Сол арада Абнер Израилдың ақсақаллары менен ушырасып, оларға былай деди: «Сизлер көптен бери Даўыттың өзлериңизге патша болыўын қәлеген едиңиз.
18 Енди буны иске асырың. Себеби Жаратқан Ийе Даўыт ҳаққында: „Қулым Даўыт арқалы халқым Израилды филистлердиң ҳәм пүткил душпанларының қолынан қутқараман“, – деген еди».
19 Абнер беняминлилер менен де сөйлести. Соңынан ол Израил халқының ҳәм Бенямин урыўының қәлеўи туўралы Даўытқа хабарлаў ушын Хебронға кетти.
20 Абнер жанына жигирма адамды алып Хебронға, Даўыттың жанына барды. Даўыт Абнер ҳәм оның жанындағылар ушын зыяпат берди.
21 Абнер Даўытқа: «Енди барып, пүткил Израил халқын жыйнап, тақсырым, сизиң алдыңызға алып келейин. Олар сиз бенен келисим дүзсин. Сонда сиз қәлеген жериңиздиң ҳәммеси үстинен патшалық қыласыз», – деди. Буннан соң, Даўыт Абнерди шығарып салды. Ол да аман-есен жолына түсти.
22 Көп узамай, Даўыттың адамлары менен Иоаб бир басқыншылықтан қайтып келди. Олар өзлери менен бирге көп олжа алып келген еди. Бирақ сол ўақытта Абнер Хебронда Даўыттың жанында жоқ еди. Себеби Даўыт оны шығарып салған болып, ол аман-есен жөнеп кеткен еди.
23 Иоаб ҳәм оның жанындағы пүткил әскерлер Хебронға келгенде, оларға Нер улы Абнердиң патшаға келгени, патшаның оны қайтарып жибергени, оның да аман-есен үйине қайтқаны туўралы хабарлады.
24 Сонда Иоаб патшаға келип: «Сиз не ислеп қойдыңыз? Абнер өз аяғы менен алдыңызға келген болса, оны неге босатып жибердиңиз? Ол кетип қалыпты-ғо!
25 Нер улы Абнерди өзиңиз билесиз. Ол сизди алдаў ушын, қай жерге барып, қай жерден келетуғыныңызды ҳәм нелер ислейтуғыныңызды билиў ушын келген», – деди.
26 Иоаб Даўыттың жанынан шыққаннан кейин, Абнердиң изинен хабаршылар жиберди. Хабаршылар оны Сира суў сақлағышының жанынан қайтарып алып келди. Даўыт буннан бийхабар еди.
27 Абнер Хебронға қайтып келгенде, Иоаб өзин оның менен жеке сөйлесип алатуғын адамдай көрсетип, оны қала дәрўазасынан киргизди. Туўысқаны Асаҳелдиң қанын төккени ушын, Иоаб сол жерде Абнердиң қарнына пышақ урып өлтирди.
28 Даўыт бул ўақыяны еситкенде былай деди: «Мен де, мениң патшалығым да Нер улы Абнердиң қаны ушын Жаратқан Ийениң алдында мәңгиге айыпсызбыз.
29 Оның қанының қуны Иоабтың ҳәм оның әкесиниң пүткил үй-ишиниң мойнында. Иоабтың урпағынан ириңли жараға ҳәм жаман тери кеселлигине шалынғанлар, балдаққа сүйенгенлер, қылыштан өлгенлер, нанға зар болғанлар ҳеш қашан арылмасын».
30 Солай етип, Иоаб ҳәм оның иниси Абишай Абнерди өлтирди. Өйткени Абнер Гибондағы саўашта олардың иниси Асаҳелди өлтирген еди.
31 Соңынан Даўыт Иоабқа ҳәм оның жанындағыларға: «Кийимлериңизди жыртып, аза кийимин кийиңлер ҳәм Абнер ушын жылаңлар», – деп буйрық берди. Даўыт патшаның өзи Абнердиң табытының изинде жүрди.
32 Олар Абнерди Хебронға жерледи. Патша Абнердиң қәбириниң басында даўыс шығарып жылады. Сол жердеги пүткил халық та жылады.
33 Соңынан патша Абнер ушын мына жоқлаўды айтты: «Абнер, сен бир ақмақ сыяқлы өлиўиң керек пе еди?
34 Қолларың байлаўлы, аяқларың кисенлеўли емес еди-ғо. Бирақ сен қарақшылар қолынан өлтирилген адам сыяқлы қаза таптың». Ҳәмме Абнер ушын және жылады.
35 Халық Даўытқа барып, күн батпастан бурын оны бир нәрсе жеп алыўға көндирмекши болғанда, Даўыт ант ишип былай деди: «Күн батпастан алдын нан ямаса бир нәрсе жесем, Қудай мени жазалаған үстине жазаласын!»
36 Пүткил халық буны билди ҳәм патшаның барлық ислерин унатқаны сыяқлы, бул исин де унатты.
37 Сол күни Яҳудадағы ҳәм Израилдағы ҳәр бир адам Нер улы Абнердиң өлиминде патшаның қолы жоқлығын билди.
38 Патша адамларына былай деди: «Бүгин Израилда бир басшының, уллы бир адамның өлгенин билмейсизлер ме?
39 Мен майланып, патша етип қойылған болсам да, бүгин ҳәлсизбен. Ал мына Серуяның уллары болса, меннен күшлирек. Жаратқан Ийе жаманлық ислегенге жаманлығына жараса қайтарсын!»



































