3 Патшалар 10 bob
1 Шеба ҳаял патшасы Жаратқан Ийениң аты себепли Сулайманның арттырған даңқы туўралы еситип, оны жумбақлар менен сынаў ушын келди.
2 Ол хош ийисли затлар, көп муғдарда алтын ҳәм қымбатбаҳа таслар жүкленген үлкен бир кәрўанды баслап, бир қанша адамлары менен Ерусалимге келди ҳәм кеўлинде бар болған ҳәмме нәрсесин Сулайман менен бөлисти.
3 Сулайман ҳаял патшаның ҳәмме сораўларына жуўап берди. Сораўларда патша түсиндире алмастай ҳеш нәрсе жоқ еди.
4 Шеба ҳаял патшасы Сулайманның даналығын, ол қурдырған сарайды көрди.
5 Ол және патшаның дастурханындағы тағамларын, ўәзирлериниң отырыс- турысын, хызметшилериниң хызметин ҳәм олардың кийимлерин, шарап қуйыўшыларын ҳәм оның Жаратқан Ийениң Ибадатханасында берген жандырылатуғын қурбанлықларын көргенде, артық өзин услап тура алмады.
6 Ол патшаға былай деди: «Сизиң ислериңиз ҳәм даналығыңыз ҳаққында өз елимде еситкенлерим ырас екен.
7 Бирақ мен келип, өз көзлерим менен көрмегенше сол сөзлерге инанбаған едим. Маған булардың ярымын да айтпаған екен. Сизиң даналығыңыз ҳәм байлығыңыз еситкенимнен де артық екен.
8 Сизиң адамларыңыз ҳәм хызметшилериңиз қаншелли бахытлы! Олар бәрқулла алдыңызда турып, даналығыңызды тыңлай алады.
9 Сизге кеўли толып, сизди Израил тахтына отырғызған Қудайыңыз Жаратқан Ийеге алғыслар болсын! Жаратқан Ийе мәңгиге Израилды сүйгенлиги себепли, әдалатты ҳәм туўрылықты жүзеге асырыўыңыз ушын сизди патша етип қойды».
10 Шеба ҳаял патшасы патшаға бир жүз жигирма талант алтын, жүдә көп муғдарда хош ийисли затлар ҳәм қымбатбаҳа таслар саўға етти. Шеба ҳаял патшасының патша Сулайманға саўға еткениндей дәрежеде көп хош ийисли затлар буннан кейин ҳеш қашан алып келинген емес.
11 Хирамның Офирден алтын алып келген кемелери де сол жерден жүдә көп муғдарда сапалы арша ағашларын ҳәм қымбатбаҳа таслар алып келди.
12 Патша сапалы арша ағашларынан Жаратқан Ийениң Ибадатханасы ҳәм өзиниң сарайы ушын тирепбердилер, қосықшылар ушын лира ҳәм арфа саз әсбапларын ислетти. Бүгинге дейин ондай дәрежеде көп сапалы арша ағашы әкелинбеген де, буны ҳеш ким көрмеген де еди.
13 Сулайман Шеба ҳаял патшасына кеўлинен шыққан бир қанша саўғаларын берди. Буннан тысқары, ол ҳаял патшаға сораған ҳәм қәлеген нәрселериниң ҳәммесин берди. Буннан кейин, ҳаял патша адамлары менен бирге өз елине қайтып кетти.
14 Ҳәр жылы Сулайманға келип туратуғын алтынның муғдары алты жүз алпыс алты талант еди.
15 Усақлап сатыўшылардан, саўдагерлердиң саўдасынан ҳәм Арабстанның барлық патшалары менен Израил үлкелериниң ҳәкимлеринен келип түсетуғын алтынлар буған кирмейтуғын еди.
16 Патша Сулайман еки жүз үлкен қалқан ислетип, оларды алтын менен қаплатты. Ҳәр бир қалқанға алты жүз шекел алтын жумсалды.
17 Және алтыннан ҳәр бири үш мина келетуғын үш жүз кишкене қалқан ислетти. Патша бул қалқанларды Лебанон тоғайы деп аталатуғын сарайға қойды.
18 Ол және пилдиң сүйегинен үлкен тахт ислетип, оны сап алтын менен қаплатты.
19 Тахттың алты басқалдағы бар еди. Тахттың сүйенгишиниң бас бети домалақ болып, отырғышының еки тәрепинде шығанақ қойғышы ҳәм оның жанында еки арысланның мүсини тур еди.
20 Тахттың алты басқалдағының ҳәр бириниң еки тәрепинде бир-бирден он еки арысланның мүсини тур еди. Ҳеш бир патшалықта бундай нәрсе жоқ еди.
21 Патша Сулайманның ишимлик ишетуғын ыдыслары алтыннан исленди. Оның Лебанон тоғайы деп аталатуғын сарайындағы ҳәмме ыдыслар да алтыннан исленген болып, ҳеш гүмис қолланылмаған еди. Себеби Сулайманның ўақтында гүмис қәдирсиз болып қалған еди.
22 Теңизде Хирамның кемелериниң жанында Сулайманның да Таршиш саўда кемелери бар еди. Бул кемелер үш жылда бир рет алтын, гүмис, пил сүйеги, маймыллар ҳәм таўыс қусларын алып келетуғын еди.
23 Патша Сулайман байлықта ҳәм даналықта дүньяның барлық патшаларынан үстин болды.
24 Қудайдың Сулайманға берген даналығын тыңлаў ушын, пүткил дүнья оны көриўге қуштар еди.
25 Оны көриўге келгенлердиң ҳәр бири ҳәр жылы саўға ушын гүмис ҳәм алтын ыдыслар, кийимлер, қурал-жарақлар, хош ийисли затлар, ат ҳәм ғашырлар алып келип турды.
26 Сулайман саўаш арбалары менен атлар жыйнады. Оның бир мың төрт жүз саўаш арбасы, он еки мың аты бар еди. Олардың бир бөлегин саўаш арбалары ушын ажыратылған қалаларға, бир бөлегин өзиниң жанына, Ерусалимге жайластырды.
27 Патша Ерусалимде гүмисти әпиўайы тасларға тең қылды. Ал кедр ағашы жүдә көп болғанлықтан, батыстағы таў етеклеринде өсетуғын жабайы әнжир ағашына тең болып қалды.
28 Сулайманның атлары Мысырдан ҳәм Қуўеден алып келинетуғын еди. Патшаның саўдагерлери атларды Қуўеден сатып алатуғын еди.
29 Мысырдан ҳәр бир саўаш арбасы алты жүз шекел гүмиске, ал ҳәр бир ат бир жүз елиў шекел гүмиске сатып әкелинип, олар Сулайманның саўдагерлери арқалы пүткил Хетт ҳәм Арам патшаларына сатылатуғын еди.