3 Патшалар 15 bob

Яҳуда патшасы Абиям(1-8).Яҳуда патшасы Аса(9-24).Израил патшасы Надаб(25-32).Израил патшасы Бааша(33-34).

1 Израил патшасы Набат улы Яробамның патшалығының он сегизинши жылында Абиям Яҳудаға патша болды.
2 Ол Ерусалимде үш жыл патшалық етти. Абиямның анасы Абшаломның қызы Мааха еди.
3 Абиям да әкесиниң бурын ислеген барлық гүналарын даўам етти. Ол Қудайы Жаратқан Ийеге жүрегин толық бағышлаған бабасы Даўытқа уқсамады.
4 Солай болса да, Қудайы Жаратқан Ийе Даўыттың ҳүрмети ушын оған Ерусалимде бир шырақ жағып берди: өзинен кейин улын оның орнына отырғызды ҳәм Ерусалимди беккемледи.
5 Себеби хетт халқынан болған Урияға ислеген исинен басқа, Даўыт Жаратқан Ийениң нәзеринде дурыс болған ислерди иследи ҳәм пүткил өмири бойы Оның буйрықларының ҳеш бирин орынлаўдан бас тартпады.
6 Рехабам менен Яробам арасындағы саўаш Абиямның өмириниң ақырына шекем даўам етти.
7 Абиямның басқа ислери ҳәм ол ислеген барлық ислер Яҳуда патшаларының жылнама китабында жазылған. Абиям менен Яробам арасында саўаш үзликсиз даўам еткен еди.
8 Абиям өлип, ата- бабаларына қосылғанда, Даўыттың қаласына жерленди. Оның орнына улы Аса патша болды.
9 Израил патшасы Яробамның патшалығының жигирмаланшы жылында Аса Яҳудаға патша болды.
10 Ол Ерусалимде қырық бир жыл патшалық етти. Оның кемпир апасы Абшаломның қызы Мааха еди.
11 Аса бабасы Даўыт сыяқлы Жаратқан Ийениң нәзеринде дурыс болған ислерди иследи.
12 Ол сыйыныў орынларындағы бузықшылық пенен шуғылланатуғын еркеклерди қуўып жиберди ҳәм ата-бабалары ислеген барлық бутларды алып таслады.
13 Кемпир апасы Мааха Ашераға арнап жеркенишли бир бут соқтырғаны ушын, патша Аса оннан ханбийкелик атағын тартып алды. Аса бул жеркенишли бутты шаўып таслап, Кидрон сайында жағып жиберди.
14 Ол тек сыйыныў орынларын жоқ қылмады, бирақ өмир бойы Жаратқан Ийеге садық қалды.
15 Аса әкесиниң ҳәм өзиниң атаған нәрселерин: гүмисти, алтынды ҳәм ыдысларды Жаратқан Ийениң Ибадатханасына алып келди.
16 Яҳуда патшасы Аса ҳәм Израил патшасы Бааша өмирлериниң ақырына шекем урысып өтти.
17 Израил патшасы Бааша Яҳудаға қарсы шығып, Яҳуда патшасы Асаның жерлерине ҳеш кимниң кирип-шықпаўы ушын, Раманың бекинисин күшейтти.
18 Сонда Аса Жаратқан Ийениң Ибадатханасындағы ҳәм сарай қазнасындағы қалған барлық гүмис пенен алтынды алды да, оларды хызметшилери арқалы Дамаскте жасайтуғын Арам патшасына, Хезйонның ақлығы Табриммонның улы Бен-Ҳададқа жиберип, оған былай деди:
19 «Әкелеримиз арасында болғаны сыяқлы, бизлердиң арамызда да келисим болсын. Сизге саўғаға гүмис ҳәм алтын жиберип атырман. Израил патшасы Бааша мениң жеримнен кетиўи ушын, сиз оның менен дүзген келисимиңизди бузсаңыз».
20 Бен-Ҳадад патша Асаның усынысын қабыл етип, Израил қалаларына қарсы әскербасыларын жиберди. Олар Иййон, Дан, Абел-Бейт-Мааха қалаларын, пүткил Нафталий жери менен бирге пүткил Киннеретти басып алды.
21 Бааша буны еситкенде, Раманың қурылысын тоқтатып, Тирсаға қайтып келди.
22 Патша Аса бирде бир адамды қалдырмай, пүткил яҳудалыларды шақырды. Олар Рама қаласын қурғанда, Бааша қолланған тас ҳәм ағашларды Рамадан тасып алып кетти ҳәм патша Аса олардан Бенямин жериндеги Геба ҳәм Миспа қалаларының бекинисин күшейтти.
23 Асаның басқа барлық ислери, барлық қаҳарманлықлары, барлық ислеген ислери ҳәм ол қурдырған барлық қалалар Яҳуда патшаларының жылнама китабында жазылған. Ол қартайғанда аяқ аўырыўына шалынды.
24 Аса өлип, ата-бабаларына қосылғанда, бабасы Даўыттың қаласына, ата- бабаларының жанына жерленди. Оның орнына улы Еҳошафат патша болды.
25 Яҳуда патшасы Асаның патшалығының екинши жылында Яробамның улы Надаб Израилға патша болды ҳәм Израилда еки жыл патшалық етти.
26 Ол да Жаратқан Ийениң нәзеринде жаўыз болған ислер ислеп, әкесиниң жолы ҳәм Израилға ислеткен гүналары изинен кетти.
27 Надаб ҳәм пүткил израиллылар филистлердиң Гиббетон қаласын қамал қылып атырғанда, Иссахар урыўынан шыққан Ахия улы Бааша тил бириктирип, Надабты Гиббетонда өлтирди.
28 Яҳуда патшасы Асаның патшалығының үшинши жылында Бааша Надабты өлтирип, оның орнына патша болды.
29 Ол тахтқа отырыўдан-ақ, Яробамның урпағын толығы менен қырып таслады. Яробамның хожалығы пүткиллей жоқ етилип, бирде бир тири жан қалмады. Солай етип, Жаратқан Ийениң Өз қулы шилолы Ахия арқалы айтқан сөзи орынланды.
30 Булардың ҳәммеси Яробамның өзи гүна ислеп, Израил халқына да гүна ислетип, Израилдың Қудайы Жаратқан Ийениң ғәзебин келтиргени себепли жүз берди.
31 Надабтың басқа ислери ҳәм ол ислеген барлық ислер Израил патшаларының жылнама китабында жазылған.
32 Яҳуда патшасы Аса менен Израил патшасы Бааша арасындағы саўаш олардың өмириниң ақырына дейин даўам етти.
33 Яҳуда патшасы Асаның патшалығының үшинши жылында Ахия улы Бааша пүткил Израилға патша болды ҳәм Тирсада жигирма төрт жыл патшалық етти.
34 Бааша Жаратқан Ийениң нәзеринде жаўыз болған ислер иследи. Ол Яробамның жолын қуўып, оған уқсап гүнаға батты, Израилды да гүнаға батырды.


Shu bobni tarjimada ko’rish


Kitoblar




kitap Qaraqalpaqsha Júklep alıw - Muxaddes Kitap Qaraqalpaq tilinde (latin 27mb .PDF)
Жүклеп алыў - Мухаддес Китап (кирилл 26mb .PDF)
Tawrat | Zabur | Injil (+audio)




ӘЖАЙЫП КИТАПТЫ ОҚЫҢ Муқаддес Китап.


1. Ең көп оқылатуғын китап - ҳәр жылы шама менен 80 миллион нусқада баспадан шығарылады

2. Мухаддес Китап 1600 жыл даўамында 40 тан артық авторлар тәрепинен жазылған ҳәм ҳеш қандай қарама-қарсылықларға ийе емес.

3. Инжил үш тилде (еврей, грек ҳәм арамей) ҳәм үш континентте жазылған.

4. Мухаддес Китап толық ямаса бөлеклеп 2377 тил ҳәм диалектке аўдарылған.


Bible Karakalpaksha Muxaddes Kitap Qaraqalpaqsha (latin 50mb .pdf)
Скачать - Мухаддес Китап (Қарақалпақ). (Таурат, Забур, Инжил) (51mb PDF)






















Muxaddes Kitap. Audio

Kitap Дүньяның жаратылыўы Matto Muqaddas xushxabar  Mark Muqaddas xushxabar  Luqo Muqaddas xushxabar  Yuhanno Muqaddas xushxabar  Havoriylarning faoliyati  Yoqubning maktubi  Butrusning birinchi maktubi  Butrusning ikkinchi maktubi  Yuhannoning birinchi maktubi  Yuhannoning ikkinchi maktubi  Yuhannoning uchinchi maktubi  Yahudoning maktubi  Rimliklarga maktub  Korinfliklarga birinchi maktub  Korinfliklarga ikkinchi maktub  Galatiyaliklarga maktub  Efesliklarga maktub  Filippiliklarga maktub  Kolosaliklarga maktub  1-Salonikaliklarga  2-Salonikaliklarga  Timo'tiyga birinchi maktub  Timo'tiyga ikkinchi maktub  Titusga maktub  Filimo'nga maktub  Ibroniylarga maktub  Yuhannoga ko'rsatilgan vahiy

Sharhlar


Sebebi Quday bul du'nyanı sonshelli su'ygenlikten, O'zinin' jalg'ız Ulın berdi. Onın' Ulına isengen ha'r bir adam nabıt bolmay, ma'n'gilik o'mirge iye boladı
Юхан 3:16


Фильмлер

Qaraqalpaqsha Фильмлер

Мультфильмлер

Qaraqalpaqsha Мультфильмлер

Фильмы на Каракалпакском

Qaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha Kino

Инжил Онлайн – har doim tomondan Muqaddas Kitob (Injil) oddiy va samimiy versiyasiga ega istaganlar uchun sayt. Saytida kitob matn Xudoning Kalomini o'rganish yordam beradi va simfonik.