3 Патшалар 2 bob

Даўыттың Сулайманға берген ўәсиятлары(1-9).Даўыттың өлими(10-12).Адонияның өлими(13-35).Шимейдиң өлими(36-46).

1 Даўыттың өлими жақынласқанда, ол улы Сулайманға мына ўәсиятларды берди:
2 «Басқалар сыяқлы мен де жақын арада бул дүньяны тәрк етемен. Сен күшли ҳәм мәрт бол.
3 Ислеген ҳәр бир исиңде ҳәм барған ҳәр бир жериңде табысқа ерисиўиң ушын, Қудайың болған Жаратқан Ийениң тапсырмаларын орынлап, Оның жолларынан жүр ҳәм Муўсаның Нызамында жазылғанындай, Қудайдың қағыйдаларына, буйрықларына, нызамларына ҳәм қарарларына бойсын.
4 Сонда Жаратқан Ийе маған берген мына сөзин орынлайды: „Егер урпақларың өз жолларынан адаспай, шын жүректен ҳәм жан-тәни менен Маған садық болып жүрсе, сениң урпағыңнан Израил тахтында отыратуғын ер адамның изи үзилмейди“.
5 Буннан тысқары сен Серуя улы Иоабтың маған нелер ислегенин билесең. Ол Израилдың еки сәркәрдасы Нер улы Абнер менен Етер улы Амасаны өлтирип, тынышлық ўақтында урыстағыдай қан төкти ҳәм белиндеги белбеўи менен аяғындағы сандалларын қанға былғады.
6 Сен ақылыңа салып, ис тут. Бирақ оның ағарған басының өлилер мәканына тынышлық пенен кириўине жол қойма.
7 Гиладлы Барзиллайдың улларына жақсылық исле. Оларға дастурханыңнан аўқатланатуғынлар арасынан орын бер. Өйткени мен әжағаң Абшаломнан қашып жүргенимде, олар маған жәрдем берди.
8 Бенямин урыўынан болған бахуримли Гераның улы Шимей де сениң жаныңда. Ол Маханайымға қарай қашып баратырғанымда, мени қатты ғарғаған еди. Бирақ соңынан ол мени күтип алыў ушын Иордан дәрьясының бойына келди. Сонда мен оған: „Сени қылыш пенен өлтирмеймен“, – деп Жаратқан Ийениң аты менен ант ишкен едим.
9 Деген менен, сен оны жазасыз қалдырма. Сен ақыллы адамсаң, оған не ислеўди өзиң билесең. Оның ақ шашлы басын өлилер мәканына қаны менен жибер».
10 Даўыт өлип, ата-бабаларына қосылғанда, ол өзиниң аты менен аталған қалаға жерленди.
11 Даўыт Израилда қырық жыл патшалық етип, оның жети жылын Хебронда, отыз үш жылын Ерусалимде өткизди.
12 Солай етип, Сулайман әкеси Даўыттың тахтына отырды ҳәм оның патшалығы жүдә беккем болды.
13 Хаггит улы Адония Сулайманның анасы Бат-Шебаның жанына барды. Бат-Шеба оннан:– Аманлық па? – деп сорады. Адония оған: – Аманлық, – деп жуўап берди.
14 Соңынан ол: – Сизге бир нәрсе айтпақшы едим, – деди. Бат-Шеба оған: – Айта бер, – деди.
15 Адония Бат-Шебаға былай деди: – Өзиңиз билесиз, патшалық маған тийисли еди ҳәм пүткил Израил мениң патша болыўымды күтип жүрген еди. Бирақ жағдай өзгерип, патшалық инимниң қолына өтти. Себеби Жаратқан Ийениң ерки усы еди.
16 Бирақ мениң сизден бир тилегим бар. Өтинемен, қарсылық билдирмең. Бат-Шеба: – Айт, – деди.
17 Сонда Адония Бат-Шебаға: – Өтинемен, патша Сулайман менен сөйлесиң. Ол сизге қарсылық билдирмейди. Маған шунемли Абишагты ҳаяллыққа берсин, – деди.
18 Бат-Шеба оған: – Яқшы, сен туўралы патша менен сөйлесип көрейин, – деп жуўап берди.
19 Бат-Шеба Адонияның өтиниши туўралы сөйлесиў ушын патша Сулайманға кетти. Сулайман анасын күтип алыў ушын орнынан турып, анасына тәжим етти ҳәм соңынан тахтына отырды. Патша өзиниң оң тәрепине бир тахт қойдырып, оған анасын отырғызды.
20 Анасы тахтқа отырғаннан соң, патшаға: – Сеннен кишкене бир өтинишим бар еди, сөзимди жерде қалдырма, – деди. Патша оған:– Айта бер, анажан, сөзиңизди жерде қалдырмайман, – деди.
21 Бат-Шеба патшаға: – Шунемли Абишагты әжағаң Адонияға ҳаяллыққа берсең қәйтеди? – деди.
22 Патша Сулайман анасына: – Не ушын Адонияға тек шунемли Абишагты сорап турсыз? Ол ушын патшалықты да сорасаңыз болар еди. Ақыры ол меннен үлкен. Буның үстине, руўханий Абиятар менен Серуя улы Иоаб та ол тәрепте емес пе? – деди.
23 Соңынан патша Сулайман Жаратқан Ийениң аты менен ант ишип былай деди: «Егер Адонияны бул гәпи ушын өлтиртпесем, Қудай мени жазалаған үстине жазаласын!
24 Мени күшке толтырып, әкем Даўыттың тахтына отырғызған ҳәм Израил патшаларының мениң урпағымнан келип шығатуғынын айтып, ўәде еткен тири Жаратқан Ийе ҳақы ант ишемен: Адония бүгин-ақ өлтириледи»
25 Солай етип, патша Сулайман Еҳояда улы Бенаяға Адонияны өлтириўди буйырды. Ол барып, Адонияны өлтирди.
26 Патша руўханий Абиятарға: «Сен Анатоттағы өз жериңе бар. Негизинде, сен өлимге ылайықлысаң. Бирақ ҳәзир сени өлтирмеймен. Себеби сен әкем Даўыттың алдында Қудай Ийениң сандығын көтерип жүрдиң ҳәм әкем шеккен ҳәр бир азапты оның менен бирге бастан кеширдиң», – деди.
27 Сулайман Абиятарды Жаратқан Ийениң руўханийлигинен шетлетти. Солай етип, Жаратқан Ийениң Шилода Элийдиң үй-ишине қарсы айтқан сөзи орынланды.
28 Бул хабар Иоабқа да жетти. Иоаб Абшаломға қосылмаған болса да, Адонияны қоллап-қуўатлаған еди. Сонлықтан Иоаб Жаратқан Ийениң шатырына қашып барып, қурбанлық орынның шақларына жабысты.
29 Иоабтың Жаратқан Ийениң шатырына қашып барып, қурбанлық орынның жанында турғаны патша Сулайманға хабарланды. Сулайман Еҳояда улы Бенаяға барып, оны өлтириўди буйырды.
30 Беная Жаратқан Ийениң шатырына барып, Иоабқа: – Патша сыртқа шығыўыңды буйырады, – деди. Бирақ Иоаб: – Яқ, мен усы жерде өлмекшимен, – деп жуўап берди. Сонда Беная барып, Иоабтың берген жуўабын патшаға жеткизди.
31 Патша Бенаяға былай деди: «Оның айтқанындай исле. Оны өлтирип, жерле. Усылайынша, Иоабтың жазықсыз төккен қанларының қунын мениң ҳәм әкемниң урпақларының мойнынан алып тасла.
32 Жаратқан Ийе оның төккен қаны ушын өзин жазаласын. Себеби ол әкем Даўытқа билдирместен, өзинен әдилирек ҳәм өзинен жақсырақ болған еки адамды: Израилдың сәркәрдасы Нер улы Абнерди ҳәм Яҳуданың сәркәрдасы Етер улы Амасаны қылыш пенен өлтирди.
33 Солай етип, олардың қаны мәңгиге Иоабтың ҳәм оның урпақларының мойнында қалады. Ал Жаратқан Ийе Даўытқа, оның урпақларына, үй-ишине ҳәм тахтына мәңгиге тынышлық береди».
34 Еҳояда улы Беная барып, Иоабты өлтирди ҳәм ол шөлдеги өз үйине жақын жерге жерленди.
35 Патша Иоабтың орнына Еҳояда улы Бенаяны сәркәрда етип, ал Абиятардың орнына Садоқты руўханий етип тайынлады.
36 Буннан кейин патша адам жиберип, Шимейди шақыртты ҳәм оған былай деди: – Ерусалимде бир үй қурып алып, сол жерде жаса. Ҳеш жаққа кетпе.
37 Ол жерден шығып, Кидрон сайынан өткен күниң-ақ сөзсиз өлтирилетуғыныңды билип қой. Өз қаның ушын өзиң жуўапкер боласаң.
38 Шимей патшаға: – Тақсыр, қуллық. Сиз не десеңиз, қулыңыз болған мен соны орынлайман, – деди. Солай етип, Шимей узақ ўақыт Ерусалимде жасады.
39 Бирақ арадан үш жыл өткеннен соң, Шимейдиң еки қулы Гат патшасы Мааха улы Ахиштиң жанына қашып кетти. Шимейге қулларының Гатта екенлиги туўралы хабар келди.
40 Сонда Шимей ешегин ертлеп, қулларын излеў ушын Гатқа, Ахиштиң жанына кетти. Ол қулларын қайтарып әкелди.
41 Шимейдиң Ерусалимнен шығып, Гатқа барып қайтқаны туўралы Сулайманға хабар жетти.
42 Сонда Сулайман Шимейди шақыртып, оған былай деди: «Саған Жаратқан Ийениң аты менен ант иштирген жоқ па едим? „Билип қой, қаладан шығып, қандай да бир жерге барған күниң-ақ сөзсиз өлтирилесең“, – деп ескертпеген бе едим? Сен де маған: „Қуллық, ыразыман“, – демеген бе едиң?
43 Онда неге Жаратқан Ийениң алдында ишкен антыңа ҳәм мениң буйрығыма бойсынбадың?»
44 Патша сөзин даўам етип, Шимейге және былай деди: «Сен әкем Даўытқа ислеген барлық жаманлықларыңды жақсы билесең. Бул ислеген жаманлықларыңды Жаратқан Ийе өзиңе қайтарады.
45 Бирақ Жаратқан Ийе мени жарылқасын ҳәм Даўыттың тахты Жаратқан Ийениң алдында мәңгиге тербелмесин».
46 Патша Еҳояда улы Бенаяға буйрық берди. Ол Шимейди алып шығып, өлтирди. Солай етип, Сулайманның патшалығы беккемленди.


Shu bobni tarjimada ko’rish


Kitoblar




kitap Qaraqalpaqsha Júklep alıw - Muxaddes Kitap Qaraqalpaq tilinde (latin 27mb .PDF)
Жүклеп алыў - Мухаддес Китап (кирилл 26mb .PDF)
Tawrat | Zabur | Injil (+audio)




ӘЖАЙЫП КИТАПТЫ ОҚЫҢ Муқаддес Китап.


1. Ең көп оқылатуғын китап - ҳәр жылы шама менен 80 миллион нусқада баспадан шығарылады

2. Мухаддес Китап 1600 жыл даўамында 40 тан артық авторлар тәрепинен жазылған ҳәм ҳеш қандай қарама-қарсылықларға ийе емес.

3. Инжил үш тилде (еврей, грек ҳәм арамей) ҳәм үш континентте жазылған.

4. Мухаддес Китап толық ямаса бөлеклеп 2377 тил ҳәм диалектке аўдарылған.


Bible Karakalpaksha Muxaddes Kitap Qaraqalpaqsha (latin 50mb .pdf)
Скачать - Мухаддес Китап (Қарақалпақ). (Таурат, Забур, Инжил) (51mb PDF)






















Muxaddes Kitap. Audio

Kitap Дүньяның жаратылыўы Matto Muqaddas xushxabar  Mark Muqaddas xushxabar  Luqo Muqaddas xushxabar  Yuhanno Muqaddas xushxabar  Havoriylarning faoliyati  Yoqubning maktubi  Butrusning birinchi maktubi  Butrusning ikkinchi maktubi  Yuhannoning birinchi maktubi  Yuhannoning ikkinchi maktubi  Yuhannoning uchinchi maktubi  Yahudoning maktubi  Rimliklarga maktub  Korinfliklarga birinchi maktub  Korinfliklarga ikkinchi maktub  Galatiyaliklarga maktub  Efesliklarga maktub  Filippiliklarga maktub  Kolosaliklarga maktub  1-Salonikaliklarga  2-Salonikaliklarga  Timo'tiyga birinchi maktub  Timo'tiyga ikkinchi maktub  Titusga maktub  Filimo'nga maktub  Ibroniylarga maktub  Yuhannoga ko'rsatilgan vahiy

Sharhlar


Sebebi Quday bul du'nyanı sonshelli su'ygenlikten, O'zinin' jalg'ız Ulın berdi. Onın' Ulına isengen ha'r bir adam nabıt bolmay, ma'n'gilik o'mirge iye boladı
Юхан 3:16


Фильмлер

Qaraqalpaqsha Фильмлер

Мультфильмлер

Qaraqalpaqsha Мультфильмлер

Фильмы на Каракалпакском

Qaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha Kino

Инжил Онлайн – har doim tomondan Muqaddas Kitob (Injil) oddiy va samimiy versiyasiga ega istaganlar uchun sayt. Saytida kitob matn Xudoning Kalomini o'rganish yordam beradi va simfonik.