4 Патшалар 14 bob

Яҳуда патшасы Амасияның Израил патшасы Еҳоашқа урыс ашыўы (1-16). Яҳуда патшасы Амасияның өлими (17-22). Израил патшасы Яробам (23-29).

1 Израил патшасы Еҳоахаздың улы Еҳоаштың патшалығының екинши жылында Яҳуда патшасы Иоаштың улы Амасия Яҳуда тахтына отырды.
2 Амасия патша болғанда, жигирма бес жасында еди, ол Ерусалимде жигирма тоғыз жыл патшалық етти. Оның анасы ерусалимли болып, аты Еҳоаддан еди.
3 Амасия Жаратқан Ийениң нәзеринде туўры болған ислерди ислесе де, бабасы Даўытқа уқсамады. Ал ҳәр бир исте ол әкеси Иоаштан өрнек алды.
4 Ол да сыйыныў орынларын жоқ қылмады. Халық сол жерлерде қурбанлықлар берип, түтеткилер түтетиўин даўам етти.
5 Амасия өзиниң патшалық бийлигин беккемлеп алғаннан соң, әкеси Иоаш патшаны өлтирген хызметшилерди өлтирди.
6 Бирақ Муўсаның Нызам китабында жазылғанына сай ис тутып, жынаятшылардың балаларын өлтирмеди. Онда Жаратқан Ийе: «Балалар ушын әкелер, әкелер ушын балалар өлтирилмесин. Ҳәр бир адам өз гүнасы ушын өлтирилсин», – деп буйырған еди.
7 Амасия Дуз ойпатлығында он мың эдомлыны өлтирип, Села қаласын басып алды ҳәм оған Иоқтеел деп ат қойды. Бул қала ҳәзир де сол ат пенен аталады.
8 Кейин Амасия Еҳудың ақлығы Еҳоахаздың улы Израил патшасы Еҳоашқа хабаршылар жиберип: «Кел, жекпе-жек алысайық», – деп шақырық таслады.
9 Израил патшасы Еҳоаш та Яҳуда патшасы Амасияға мынадай жуўап жиберди: «Лебанон таўларындағы шат тикен сол жердеги кедрге: „Қызыңды мениң улыма ҳаяллыққа бер“, – деп хабар жиберипти. Бирақ Лебанон таўларындағы бир жабайы ҳайўан сол жерден өтип баратырып, шат тикенди женшип кетипти.
10 Сен эдомлыларды жеңдиң, сонлықтан көкирегиң әласпанда. Усы жеңисиңди жуўып, үйиңде отыр. Жәнжел баслаўдың не кереги бар? Өзиңниң де, Яҳуданың да басын бәлеге қалдыражақсаң».
11 Деген менен, Амасия қулақ аспады. Израил патшасы Еҳоаш Яҳуда патшасы Амасияға қарсы жүрис қылып, олар Яҳуданың Бейт-Шемеш қаласында жүзбе-жүз келди.
12 Яҳудалылар израиллылар тәрепинен қыйратылып, үйлерине қарай қашты.
13 Израил патшасы Еҳоаш Ахазияның ақлығы Иоаштың улы Яҳуда патшасы Амасияны Бейт-Шемеште тутқынға алды. Соңынан Ерусалимге келип, қала дийўалының Эфрайым дәрўазасынан Мүйеш дәрўазасына шекемги төрт жүз шығанақ аралығын қулатып таслады.
14 Ол Жаратқан Ийениң Ибадатханасындағы ҳәм патша сарайындағы қазнадан табылған ҳәмме алтын ҳәм гүмислерди, ҳәмме затларды, және де, кепилге қойылатуғын тутқынларды алып Самарияға қайтып кетти.
15 Еҳоаштың басқа ислери, оның қаҳарманлықлары ҳәм Яҳуда патшасы Амасия менен қалай урысқаны Израил патшаларының жылнама китабында жазылған.
16 Еҳоаш өлип, ата-бабаларына қосылды ҳәм Самарияға, Израил патшаларының жанына жерленди. Оның орнына улы Яробам патша болды.
17 Яҳуда патшасы Иоаш улы Амасия Израил патшасы Еҳоахаз улы Еҳоаштың өлиминен соң, он бес жыл өмир сүрди.
18 Амасияның басқа ислери Яҳуда патшаларының жылнама китабында жазылған.
19 Ерусалимде Амасияға қарсы тил бириктирилгенликтен, ол Лахишке қашты. Бирақ тил бириктириўшилер Амасияның изинен Лахишке адам жиберип, оны сол жерде өлтиртти.
20 Олар Амасияның денесин атқа артып, Ерусалимге алып келди ҳәм ол Даўыттың қаласына, ата- бабаларының жанына жерленди.
21 Яҳуда халқы он алты жасар Азарияны* әкеси Амасияның орнына патша етип қойды.
22 Әкеси Амасияның өлиминен кейин, Азария Элат қаласын Яҳудаға қайтарып алып, оны қайтадан қурды.
23 Яҳуда патшасы Иоаш улы Амасияның патшалығының он бесинши жылында, Еҳоаш улы Яробам Самарияда Израилға патша болды ҳәм қырық бир жыл патшалық етти.
24 Яробам Жаратқан Ийениң нәзеринде жаман болған ислерди иследи ҳәм Набат улы Яробамның Израилды баслаған гүналарынан ўаз кешпеди.
25 Израилдың Қудайы Жаратқан Ийениң Өз қулы гат-хеферли пайғамбар Амиттай улы Юнус арқалы айтқан сөзлери бойынша, Яробам Лебо-Хаматтан Өли теңизге* шекемги Израил жерлерин қайта тикледи.
26 Себеби Жаратқан Ийе Израил халқы тартып атырған күшли азапты көрди. Қул да, азат адам да, ҳәммеси азап ишинде болып, оларға жәрдем бергендей ҳеш ким жоқ еди.
27 Жаратқан Ийе Израилдың атын жер бетинен жоқ қылып жибериўди қәлемегенликтен, Еҳоаш улы Яробам арқалы оларды қутқарды.
28 Яробамның басқа ислери, ол ислеген барлық ислер, оның қаҳарманлықлары, қалай урысқанлары ҳәм Яҳудаға тийисли болған Дамаск пенен Хаматты Израилға қалай қайтарып алғаны ҳаққында Израил патшаларының жылнама китабында жазылған.
29 Яробам өлип, ата- бабалары болған Израил патшаларына қосылды. Оның орнына улы Зехария патша болды.


Shu bobni tarjimada ko’rish


Kitoblar




kitap Qaraqalpaqsha Júklep alıw - Muxaddes Kitap Qaraqalpaq tilinde (latin 27mb .PDF)
Жүклеп алыў - Мухаддес Китап (кирилл 26mb .PDF)
Tawrat | Zabur | Injil (+audio)




ӘЖАЙЫП КИТАПТЫ ОҚЫҢ Муқаддес Китап.


1. Ең көп оқылатуғын китап - ҳәр жылы шама менен 80 миллион нусқада баспадан шығарылады

2. Мухаддес Китап 1600 жыл даўамында 40 тан артық авторлар тәрепинен жазылған ҳәм ҳеш қандай қарама-қарсылықларға ийе емес.

3. Инжил үш тилде (еврей, грек ҳәм арамей) ҳәм үш континентте жазылған.

4. Мухаддес Китап толық ямаса бөлеклеп 2377 тил ҳәм диалектке аўдарылған.


Bible Karakalpaksha Muxaddes Kitap Qaraqalpaqsha (latin 50mb .pdf)
Скачать - Мухаддес Китап (Қарақалпақ). (Таурат, Забур, Инжил) (51mb PDF)






















Muxaddes Kitap. Audio

Kitap Дүньяның жаратылыўы Matto Muqaddas xushxabar  Mark Muqaddas xushxabar  Luqo Muqaddas xushxabar  Yuhanno Muqaddas xushxabar  Havoriylarning faoliyati  Yoqubning maktubi  Butrusning birinchi maktubi  Butrusning ikkinchi maktubi  Yuhannoning birinchi maktubi  Yuhannoning ikkinchi maktubi  Yuhannoning uchinchi maktubi  Yahudoning maktubi  Rimliklarga maktub  Korinfliklarga birinchi maktub  Korinfliklarga ikkinchi maktub  Galatiyaliklarga maktub  Efesliklarga maktub  Filippiliklarga maktub  Kolosaliklarga maktub  1-Salonikaliklarga  2-Salonikaliklarga  Timo'tiyga birinchi maktub  Timo'tiyga ikkinchi maktub  Titusga maktub  Filimo'nga maktub  Ibroniylarga maktub  Yuhannoga ko'rsatilgan vahiy

Sharhlar


Sebebi Quday bul du'nyanı sonshelli su'ygenlikten, O'zinin' jalg'ız Ulın berdi. Onın' Ulına isengen ha'r bir adam nabıt bolmay, ma'n'gilik o'mirge iye boladı
Юхан 3:16


Фильмлер

Qaraqalpaqsha Фильмлер

Мультфильмлер

Qaraqalpaqsha Мультфильмлер

Фильмы на Каракалпакском

Qaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha Kino

Инжил Онлайн – har doim tomondan Muqaddas Kitob (Injil) oddiy va samimiy versiyasiga ega istaganlar uchun sayt. Saytida kitob matn Xudoning Kalomini o'rganish yordam beradi va simfonik.