4 Патшалар 15 bob

Яҳуда патшасы Азария (1-7). Израил патшасы Зехария (8-12). Израил патшасы Шаллум (13-16). Израил патшасы Менахем (17-22). Израил патшасы Пеқахия (23-26). Израил патшасы Пеқах (27-31). Яҳуда патшасы Иотам (32-38).

1 Израил патшасы Яробамның патшалығының жигирма жетинши жылында, Яҳуда патшасы Амасияның улы Азария Яҳудаға патша болды.
2 Азария он алты жасында тахтқа отырып, Ерусалимде елиў еки жыл патшалық етти. Оның анасы ерусалимли болып, аты Ехолия еди.
3 Азария да әкеси Амасияға уқсап, Жаратқан Ийениң нәзеринде туўры болған ислерди иследи.
4 Бирақ сыйыныў орынлары алып тасланбады ҳәм халық сол жерлерде қурбанлықлар берип, түтеткилер түтетиўин даўам етти.
5 Жаратқан Ийе патша Азарияны жазалады. Ол бир өмир жаман тери кеселлигине шалынып, бөлек бир үйде жасады. Сарайды ҳәм үлке халқын оның улы Иотам басқарды.
6 Азарияның басқа ислери ҳәм ол ислеген барлық ислер Яҳуда патшаларының жылнама китабында жазылған.
7 Азария өлип, ата- бабаларына қосылды ҳәм Даўыттың қаласындағы ата-бабаларының жанына жерленди. Оның орнына улы Иотам патша болды.
8 Яҳуда патшасы Азарияның патшалығының отыз сегизинши жылында, Яробам улы Зехария Самарияда Израилға патша болды ҳәм алты ай патшалық етти.
9 Ата-бабалары сыяқлы, ол Жаратқан Ийениң нәзеринде жаман болған ислерди иследи ҳәм Набат улы Яробамның Израилды баслаған гүналарынан бас тартпады.
10 Ябеш улы Шаллум Зехарияға қарсы тил бириктирип, оны халықтың алдында өлтирди ҳәм орнына өзи патша болды.
11 Зехарияның басқа ислери Израил патшаларының жылнама китабында жазылған.
12 Солай етип, Жаратқан Ийениң Еҳуға: «Сениң нәсилиң төртинши әўладқа дейин Израил тахтында отырады», – деп айтқан сөзи орынланды.
13 Яҳуда патшасы Уззияның* патшалығының отыз тоғызыншы жылында, Ябеш улы Шаллум Израилға патша болды ҳәм Самарияда бир ай патшалық етти.
14 Гад улы Менахем Тирсадан Самарияға келип, сол жерде Ябеш улы Шаллумды өлтирди ҳәм оның орнына өзи патша болып алды.
15 Шаллумның басқа ислери ҳәм ол дүзген қастыяншылық Израил патшаларының жылнама китабында жазылған.
16 Сол ўақытта Менахем Тирсадан шығып, өзине дәрўазаларын ашпағаны ушын, Тифсах қаласын ҳәм оның әтирапындағы аўыллардың ҳәммесин қырды ҳәм ҳәмиледар ҳаяллардың қарынларын жарып таслады.
17 Яҳуда патшасы Азарияның патшалығының отыз тоғызыншы жылында, Гад улы Менахем Израилға патша болып, Самарияда он жыл патшалық етти.
18 Ол Жаратқан Ийениң нәзеринде жаман болған ислерди иследи ҳәм өмири бойы Набат улы Яробамның Израилды баслаған гүналарынан жүз бурмады.
19 Ассирия патшасы Пул Израилға ҳүжим етти. Бирақ Менахем Пулдың қоллап-қуўатлаўына ерисиў арқалы өз патшалығын беккемлеў ушын, Пулға мың талант гүмис берди.
20 Менахем Ассирия патшасына бериў ушын, Израилдағы бай адамлардың ҳәр бирине елиў шекел гүмистен салық салды. Солай етип, Ассирия патшасы елден шегинип, өз үлкесине қайтып кетти.
21 Менахемниң басқа ислери ҳәм ол ислеген барлық ислер Израил патшаларының жылнама китабында жазылған.
22 Менахем өлип, ата- бабаларына қосылды ҳәм оның орнына улы Пеқахия патша болды.
23 Яҳуда патшасы Азарияның патшалығының елиўинши жылында, Менахем улы Пеқахия Самарияда Израилға патша болды ҳәм еки жыл патшалық етти.
24 Пеқахия Жаратқан Ийениң нәзеринде жаман болған ислерди иследи ҳәм Набат улы Яробамның Израилды баслаған гүналарынан бас тартпады.
25 Пеқахияның әскербасыларынан бири Ремалия улы Пеқах оған қарсы тил бириктирди. Ол жанына гиладлы елиў адамды алып, Аргоб ҳәм Арйе деген адамлар менен бирикти де, Самариядағы сарайдың қорғанында Пеқахияны өлтирип, орнына өзи патша болды.
26 Пеқахияның басқа ислери ҳәм ол ислеген барлық ислер Израил патшаларының жылнама китабында жазылған.
27 Яҳуда патшасы Азарияның патшалығының елиў екинши жылында, Ремалия улы Пеқах Самарияда Израилға патша болды ҳәм жигирма жыл патшалық етти.
28 Ол Жаратқан Ийениң нәзеринде жаман болған ислерди иследи ҳәм Набат улы Яробамның Израилды баслаған гүналарынан жүз бурмады.
29 Израил патшасы Пеқахтың дәўиринде, Ассирия патшасы Тиглат- Пилесер Израилдың Иййон, Абел-Бейт-Мааха, Яноах, Кедеш, Хасор қалаларын ҳәм Гилад, Галила, Нафталий үлкелерин басып алып, халқын Ассирияға айдап кетти.
30 Яҳуда патшасы Уззия улы Иотамның патшалығының жигирмаланшы жылында, Эла улы Ҳошеа Ремалия улы Пеқахқа қарсы тил бириктирип, оны өлтирди ҳәм орнына өзи патша болды.
31 Пеқахтың басқа ислери ҳәм ол ислеген барлық ислер Израил патшаларының жылнама китабында жазылған.
32 Израил патшасы Ремалия улы Пеқахтың патшалығының екинши жылында, Уззия улы Иотам Яҳудаға патша болды.
33 Иотам жигирма бес жасында патша болды ҳәм Ерусалимде он алты жыл патшалық етти. Оның анасының аты Еруша болып, ол Садоқ деген адамның қызы еди.
34 Иотам да әкеси Уззияға уқсап, Жаратқан Ийениң нәзеринде туўры болған ислерди иследи.
35 Бирақ сыйыныў орынлары жоқ қылынбай, халық ол жерлерде еле қурбанлықлар берип, түтеткилер түтететуғын еди. Иотам Жаратқан Ийениң Ибадатханасының жоқарғы дәрўазасын салдырды.
36 Иотамның басқа ислери ҳәм ол ислеген барлық ислер Яҳуда патшаларының жылнама китабында жазылған.
37 Сол күнлерде Жаратқан Ийе Арам патшасы Ресин менен Израил патшасы Ремалия улы Пеқахты Яҳудаға ҳүжимге жибере баслады.
38 Иотам өлип, ата-бабаларына қосылды ҳәм бабасы Даўыттың қаласына, ата-бабаларының жанына жерленди. Оның орнына улы Ахаз патша болды.


Shu bobni tarjimada ko’rish


Kitoblar




kitap Qaraqalpaqsha Júklep alıw - Muxaddes Kitap Qaraqalpaq tilinde (latin 27mb .PDF)
Жүклеп алыў - Мухаддес Китап (кирилл 26mb .PDF)
Tawrat | Zabur | Injil (+audio)




ӘЖАЙЫП КИТАПТЫ ОҚЫҢ Муқаддес Китап.


1. Ең көп оқылатуғын китап - ҳәр жылы шама менен 80 миллион нусқада баспадан шығарылады

2. Мухаддес Китап 1600 жыл даўамында 40 тан артық авторлар тәрепинен жазылған ҳәм ҳеш қандай қарама-қарсылықларға ийе емес.

3. Инжил үш тилде (еврей, грек ҳәм арамей) ҳәм үш континентте жазылған.

4. Мухаддес Китап толық ямаса бөлеклеп 2377 тил ҳәм диалектке аўдарылған.


Bible Karakalpaksha Muxaddes Kitap Qaraqalpaqsha (latin 50mb .pdf)
Скачать - Мухаддес Китап (Қарақалпақ). (Таурат, Забур, Инжил) (51mb PDF)






















Muxaddes Kitap. Audio

Kitap Дүньяның жаратылыўы Matto Muqaddas xushxabar  Mark Muqaddas xushxabar  Luqo Muqaddas xushxabar  Yuhanno Muqaddas xushxabar  Havoriylarning faoliyati  Yoqubning maktubi  Butrusning birinchi maktubi  Butrusning ikkinchi maktubi  Yuhannoning birinchi maktubi  Yuhannoning ikkinchi maktubi  Yuhannoning uchinchi maktubi  Yahudoning maktubi  Rimliklarga maktub  Korinfliklarga birinchi maktub  Korinfliklarga ikkinchi maktub  Galatiyaliklarga maktub  Efesliklarga maktub  Filippiliklarga maktub  Kolosaliklarga maktub  1-Salonikaliklarga  2-Salonikaliklarga  Timo'tiyga birinchi maktub  Timo'tiyga ikkinchi maktub  Titusga maktub  Filimo'nga maktub  Ibroniylarga maktub  Yuhannoga ko'rsatilgan vahiy

Sharhlar


Sebebi Quday bul du'nyanı sonshelli su'ygenlikten, O'zinin' jalg'ız Ulın berdi. Onın' Ulına isengen ha'r bir adam nabıt bolmay, ma'n'gilik o'mirge iye boladı
Юхан 3:16


Фильмлер

Qaraqalpaqsha Фильмлер

Мультфильмлер

Qaraqalpaqsha Мультфильмлер

Фильмы на Каракалпакском

Qaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha Kino

Инжил Онлайн – har doim tomondan Muqaddas Kitob (Injil) oddiy va samimiy versiyasiga ega istaganlar uchun sayt. Saytida kitob matn Xudoning Kalomini o'rganish yordam beradi va simfonik.