4 Патшалар 6 bob
1 Бир күни пайғамбарлар топарындағылар Элишаға: – Қараң, сизиң жаныңыздағы бизлер жасайтуғын жер жүдә тар.
2 Сонлықтан Иордан дәрьясының бойына барайық ҳәм ҳәр қайсысымыз бир ағаштан кесип алып, сол жерге баспана қурайық, – деди. Элиша оларға: – Барыңлар, – деди.
3 Олардан бири: – Илтимас, сиз де бизлер менен бирге жүриң, – деди. Элиша оған: – Яқшы, бараман, – деди де,
4 олар менен бирге кетти. Олар Иорданға келип, ағаш кесе баслады.
5 Олардан бири ағаш шаўып атырғанда, балтасының басы суўға түсип кетти. Сонда ол: – Ўай, мырзам, балтаны аз-маз ўақытқа сорап алған едим! – деп шырлап қоя берди.
6 Қудайдың адамы оннан: – Ол қай жерге түсти? – деп сорады. Сол адам балтаның басы түскен жерди көрсетти. Элиша бир шақаны кесип алып, сол жерге ылақтырып жибергенде, балтаның басы суўдың бетине қалқып шықты.
7 Элиша: «Оны ал», – деди. Адам қолын созып, балтаның басын алды.
8 Арам патшасы Израилға қарсы урысқа атланды. Ол өз хызметшилери менен мәсләҳәтлескеннен соң: «Мен мына ҳәм мына жерлерге орда қураман», – деди.
9 Қудайдың адамы Израил патшасына: «Ол жерден өтпең, себеби арамлылар сол жерге буққы таслап жатыр», – деген хабар жиберди.
10 Сонда Израил патшасы Қудайдың адамының айтқан жерин тексерип көрди. Бир емес, бир неше мәрте Элиша патшаға алдын ала ескертти. Солай етип, патша сол жерлерге барғанда сақ болды.
11 Буған Арам патшасының қатты ашыўы келди ҳәм хызметшилерин шақырып, оларға: – Маған айтыңлар, қайсы бириңиз Израил патшасының жансызысыз? – деди.
12 Сонда хызметшилерден бири: – Тақсыр, ҳеш биримиз. Буларды Израил патшасына билдирип туратуғын Израилда жасайтуғын пайғамбар Элиша болады. Ол ҳәтте, жататуғын бөлмеңизде айтылғанларды да оған жеткизип турады, – деди.
13 Патша: – Онда барып, оның қай жерде екенин билиңлер. Адам жиберип, оны қолға түсирейин, – деди. Патшаға: «Элиша Дотанда екен», – деп хабарлады.
14 Патша ол жерге атлар, саўаш арбаларын ҳәм ләшкерлер топарын жиберди. Олар түнде келип, қаланы қоршап алды.
15 Қудайдың адамының хызметшиси азанда ерте турып, сыртқа шықса, қала әтирапының ләшкерлер, атлар ҳәм саўаш арбалары менен қоршалғанын көрди. Ол Элишаға: – Ўай мырзам, енди не қыламыз? – деди.
16 Элиша оған: – Қорқпа, себеби бизлердиң тәрепдарларымыз олардикинен көп, – деди.
17 Соңынан Элиша: «Жаратқан Ийе, ол көриўи ушын, оның көзлерин аша гөр», – деп дуўа етти. Жаратқан Ийе хызметшиниң көзлерин ашты. Сонда ол Элишаның дөгерегиндеги таўлардың отлы атлар менен саўаш арбаларына толып турғанын көрди.
18 Арамлылар Элишаға ҳүжим қыла баслағанда, Элиша Жаратқан Ийеге дуўа етип: «Бул адамларды соқыр қылып таслай гөр», – деди. Элишаның сөзине гөре, Жаратқан Ийе оларды соқыр қылып таслады.
19 Кейин Элиша оларға: «Жолдан адасыпсыз, сизлер излеген қала бул емес. Маған ериңлер, сизлерди излеген адамыңыздың алдына алып бараман», – деди де, оларды Самарияға баслап келди.
20 Олар Самарияға келгенде, Элиша: «Жаратқан Ийе! Олар көриўи ушын олардың көзлерин аша гөр», – деди. Жаратқан Ийе олардың көзлерин ашты ҳәм олар өзлериниң Самарияның ортасында турғанын көрди.
21 Израил патшасы оларды көргенде Элишаға: – Мырзам, оларды қырып таслайын ба? – деди.
22 Элиша патшаға: – Яқ, қырып тасламаң. Оларды өлтиретуғындай, сиз оларды өз қылышыңыз ҳәм өз оқ жайыңыз бенен қолға алып па едиңиз? Оларға нан ҳәм суў бериң, ишип-жесин ҳәм өз ҳүкимдарына қайтсын, – деди.
23 Патша арамлылар ушын үлкен зыяпат берди ҳәм ишип-жеп болғаннан кейин, оларды өз ҳүкимдарына қайтарып жиберди. Буннан соң, арамлы басқыншылар Израил жерине қайтып келмеди.
24 Кейинирек Арам патшасы Бен-Ҳадад өзиниң барлық әскерлерин жыйнап келип, Самарияны қамал қылды.
25 Олар қаланы қамал қылып турғанда, онда қатты ашлық болды. Солай етип бир ешектиң геллеси сексен шекел гүмиске, бир уўыс кептер қыйы бес шекел гүмиске сатылды.
26 Бир күни Израил патшасы қала дийўалы үсти менен кетип баратырғанда, бир ҳаял: – Тақсыр, жәрдем бериң, – деп дад салды.
27 Патша оған: – Егер Жаратқан Ийе саған жәрдем бермесе, мен қалай жәрдем бере аламан? Бийдай да, шарап та бере алмайман, – деди де,
28 соңынан: – Не демекшисең? – деди. Ҳаял былай деди: – Мына ҳаял маған: «Улыңды бер, оны бүгин жейик, ал меникин ертең жеймиз», – деген еди.
29 Сөйтип бизлер улымды писирип жедик. Ертеңине мен оған: «Улыңды бер, жейик», – десем, ол улын жасырып таслады.
30 Патша ҳаялдың сөзин еситкенде, кийимлерин жыртып, дийўалдың үсти бойлап жүрди. Сонда халық оның иштен аза кийимин кийип жүргенин көрди.
31 Патша: «Егер усы бүгин Шафат улы Элишаның басы денесинен жуда қылынбаса, Қудай мени жазалаған үстине жазаласын», – деди.
32 Элиша ақсақаллар менен өз үйинде отырған еди. Патша бир адамды Элишаға жиберди. Сол адам еле Элишаға жетип келместен алдын Элиша ақсақалларға: «Бул қанхордың мениң басымды кестириў ушын адам жиберип атырғанын көрип турсыз ба? Сол адам келгенде, қапыны илип таслаң, оны ишке киргизбең. Оның изинде мырзасының да аяқ сеслери еситилип тур», – деди.
33 Элиша еле олар менен сөйлесип отырғанда, патша оның алдына келип: «Мине, Жаратқан Ийе қандай апатшылық жиберди! Енди Жаратқан Ийеден не күте аламан?» – деди.