4 Патшалар 8 bob
1 Элиша өзи өлимнен тирилткен баланың анасына: «Үй-ишиң менен көшип кетип, жасай алғандай жерде жасап тур. Себеби Жаратқан Ийе елге жети жыллық ашлық жибериўди қарар етти», – деди.
2 Ҳаял Қудайдың адамының сөзи бойынша, үй-иши менен бирге көшип кетип, жети жыл филистлердиң жеринде жасады.
3 Арадан жети жыл өткеннен соң, ҳаял филистлердиң жеринен қайтып келди ҳәм үйи менен жерлериниң қайтарып берилиўин сораў ушын патшаның алдына келди.
4 Сол ўақытта патша Қудайдың адамының хызметшиси Гехазий менен сөйлесип отырған болып, оған: «Маған Элиша ислеген ҳәмме уллы ислер ҳаққында айтып бер», – деген еди.
5 Ол Элишаның өлген адамды тирилткени ҳаққында айтып берип атырған ўақытта, Элиша улын тирилткен ҳаял үйи менен жерлериниң қайтып берилиўин сорап патшаға келди. Сонда Гехазий патшаға: «Тақсыр, мен айтқан ҳаял мынаў, ал қасындағы бала сол Элиша тирилткен бала», – деди.
6 Патша ҳаялдан сорағанда, ол ҳәммесин айтып берди. Патша ҳаялға бир сарай хызметшисин қосып жиберип: «Оған тийисли ҳәмме нәрсе, елден кеткен күннен баслап, усы күнге шекемги жеринен алынған ҳәмме пайдасы менен бирге қайтарып берилсин», – деди.
7 Бир күни Элиша Дамаскке келди. Сол ўақытта Арам патшасы Бен-Ҳадад аўырып атырған еди. Патшаға: «Қудайдың адамы усы жерге келди», – деп хабарлады.
8 Сонда патша Хазаел деген хызметшисине: «Саўғаға бир нәрселер ал да, Қудайдың адамының алдынан шық ҳәм мениң бул аўырыўдан жазылатуғын яки жазылмайтуғынымды ол арқалы Жаратқан Ийеден сора», – деди.
9 Хазаел саўғаға Дамасктеги ең жақсы затлардан қырық түйеге артып, Қудайдың адамын күтип алыўға кетти. Ол Элишаның алдына келип, оған: – Қулыңыз, Арам патшасы Бен-Ҳадад аўырыўынан жазылатуғын яки жазылмайтуғынын сораў ушын мени сизге жиберди, – деди.
10 Элиша оған: – Барып оған: «Пүткиллей саўалып кетеди екенсиз», – деп айт. Бирақ Жаратқан Ийе маған оның сөзсиз өлетуғынын аян қылды, – деди.
11 Хазаел уяттан қызарып кеткенше, Қудайдың адамы оған тигилип қарап турды, соңынан жылап жиберди.
12 Хазаел оннан: – Мырзам, неге жылайсыз? – деп сорады. Элиша оған: – Себеби мен сениң Израил халқына ислейтуғын жаўызлықларыңды билемен. Сен олардың қорғанлы қалаларын өртеп, жигитлерин қылыштан өткизесең, емизиўли нәрестелерди жерге урып өлтиресең, жүкли ҳаяллардың қарынларын жарып таслайсаң, – деп жуўап берди.
13 Сонда Хазаел: – Бундай үлкен ислерди ислей алатуғындай, көпектен парқы болмаған бул қулыңыз ким болыпты? – деди. Элиша оған: – Жаратқан Ийе маған сениң Арам патшасы болатуғыныңды көрсетти, – деди.
14 Хазаел Элишаның қасынан кетип, өз ҳүкимдарына келди. Бен-Ҳадад оннан: – Элиша саған не деди? – деп сорады. Ол: – Элиша маған сизиң пүткиллей саўалып кететуғыныңызды айтты, – деп жуўап берди.
15 Бирақ ертеңине Хазаел бир көрпени суўға малып алып, оны патшаның бетине басып, патшаны туншықтырып өлтирди. Солай етип оның орнына өзи патша болды.
16 Израил патшасы Ахаб улы Иорамның патшалығының бесинши жылында Еҳошафат еле Яҳудаға патша болып турған ўақытта, Еҳошафаттың улы Иорам да Яҳудаға патша болды.
17 Иорам патша болған ўақытта отыз еки жаста еди. Ол Ерусалимде сегиз жыл патшалық етти.
18 Оның ҳаялы Ахабтың қызы болғанлықтан, ол да Ахабтың үй-иши сыяқлы Израил патшаларының жолынан жүрип, Жаратқан Ийениң нәзеринде жаман болған ислерди иследи.
19 Бирақ Жаратқан Ийе қулы Даўыттың ҳүрмети ушын Яҳуданы жоқ қылғысы келмеди. Себеби Ол Даўытқа ҳәм оның урпағына мәңгиге сөнбейтуғын шырақ бериўди ўәде еткен еди.
20 Иорамның патшалығы дәўиринде эдомлылар Яҳуда ҳүкимдарлығына қарсы бас көтерип, өзлерине патша қойып алды.
21 Иорам пүткил саўаш арбалары менен бирге Саирге кетти. Ол жерде эдомлылар оны ҳәм оның саўаш арбаларының сәрдарларын қоршап алды. Бирақ Иорам түнде турып, қамалды жарып шықты. Оның әскерлери де өз үйлерине қарай қашты.
22 Соннан баслап усы күнге дейин эдомлылар Яҳуданың ҳүкимдарлығына бойсынбай келеди. Сол ўақытта Либна қаласы да қозғалаң көтерген еди.
23 Иорамның басқа ислери ҳәм ол ислеген барлық ислер Яҳуда патшаларының жылнама китабында жазылған.
24 Иорам өлип, ата- бабаларына қосылды ҳәм Даўыттың қаласына, ата-бабаларының қасына жерленди. Оның орнына улы Ахазия патша болды.
25 Израил патшасы Ахаб улы Иорамның патшалығының он екинши жылында, Иорам улы Ахазия Яҳудаға патша болды.
26 Ахазия жигирма еки жасында патша болып, Ерусалимде бир жыл патшалық етти. Оның анасы Израил патшасы Омрийдиң ақлығы болып, аты Аталия еди
27 Ахазия Ахабқа қуда-тамыр болғанлығы себепли, Ахабтың урпағының жолынан жүрди ҳәм оларға уқсап, Жаратқан Ийениң нәзеринде жаман болған ислерди иследи.
28 Ахазия Арам патшасы Хазаелге қарсы урысыў ушын, Ахаб улы Иорам менен бирге Гиладтағы Рамотқа кетти. Арамлылар Иорамды жарадар етти.
29 Патша Иорам Рамада, Арам патшасы Хазаел менен урысқанда, арамлылардан алған жарақатын емлетиў ушын Изреелге қайтты. Яҳуда патшасы Иорам улы Ахазия да жарадар болған Ахаб улы Иорамды көриў ушын Изреелге келди.