1 Жылнама 16 bob

Даўыттың миннетдаршылық жыры(7-36). Лебийлилердиң хызметке тайынланыўы(37-43). 

1 Қудайдың Келисим сандығы алып келинип, Даўыттың арнаўлы түрде қурдырған шатырының ишине қойылды. Соңынан лебийлилер Қудайға жандырылатуғын ҳәм татыўлық қурбанлықларын берди.
2 Жандырылатуғын ҳәм татыўлық қурбанлықларын берип болғаннан кейин, Даўыт Жаратқан Ийениң аты менен халыққа пәтия берди.
3 Кейин ол пүткил израиллыларға – ҳәр бир еркек ҳәм ҳәр бир ҳаялға бир шөрек нан, бир уўыс хурма ҳәм бир дана кептирип нығызланған кишмиштен тарқатты.
4 Даўыт лебийлилердиң айырымларын Жаратқан Ийениң сандығы алдында хызмет етип, Израилдың Қудайы Жаратқан Ийеге жалбарыныў ҳәм Оны тәрийиплеп, алғыс-мақтаў айтыў ушын тайынлады.
5 Олардың басшысы Асаф, оның жәрдемшиси Зехария, кейингилери Еиел, Шемирамот, Ехиел, Маттития, Элиаб, Беная, Обед-Эдом ҳәм Еиел еди. Олар арфа ҳәм лира шертиўи, Асаф болса бәлент даўыслы кимбал,
6 ал руўханий Беная менен Яхазиел Қудайдың Келисим сандығының алдында ҳәр күни белгиленген ўақытта кәрнай шертиўи тийис болды.
7 Сол күни Даўыт биринши рет Асафқа ҳәм оның туўысқанларына Жаратқан Ийеге арнап, мына алғыслаў жырын айтыўды тапсырды:
8 «Жаратқан Ийени алғыслаң, Оның атын айтып, шақырың, Халықлар арасында жәриялаң Оның ислерин!
9 Оны жырлап, саз шертип алғыс айтың, Баян етиң барлық кәраматларын!
10 Оның мухаддес аты менен мақтаның, Жаратқан Ийени излейтуғынлардың жүреклери шадлыққа толсын!
11 Жаратқан Ийени ҳәм Оның күшин излең, Бәрқулла Оның дәргайында болыўға умтылың!
12 Ол ислеген кәраматларды, Әжайып ислери менен аўзынан шыққан ҳүкимлерин умытпаң!
13 Ҳәй, Оның қулы болған Израил урпақлары, Ол таңлап алған Яқыптың балалары!
14 Ол – бизлердиң Қудайымыз, Жаратқан Ийе! Ҳүкимлери пүткил жер жүзин қаплаған.
15 Ол Өз келисимин мәңгиге есте сақлар, Мың-мыңлаған әўладларға берген сөзин ҳасла умытпас,
16 Ибрайым менен дүзген келисимин де, Ысаққа берген антын да ҳасла умытпас!
17 Буны Яқып ушын бир қағыйда етип тастыйықлады, Израил ушын мәңгилик келисим қылып:
18 „Әўладларыңның пайына тийген мүлик етип, Кенаан жерин саған беремен“, – деди.
19 Сол ўақытта олар саны жағынан аз еди, Сол жерде аз санлы ҳәм келгинди еди.
20 Олар бир халықтан екиншисине, Бир патшалықтан екиншисине көшип-қонып жүрген еди.
21 Бирақ Жаратқан Ийе ҳеш кимниң оларды езиўине жол қоймады, Ҳәтте, олар ушын патшаларға ескертиў берип:
22 „Мениң майлағанларыма тиймеңлер, Пайғамбарларыма жаманлық қылмаңлар!“ – деди.
23 Ҳәй, пүткил дүнья, алғыслар айтың Жаратқан Ийеге! Ҳәр күни жәриялаң Оның қутқарыўын!
24 Жәриялаң салтанатын миллетлерге, Кәраматларын пүткил халықларға!
25 Өйткени Жаратқан Ийе уллы, Ол мақтаўға ең ылайықлы, Барлық қудайлардан айбатлысы ҳәм қорқынышлысы Ол.
26 Халықлардың барлық қудайлары жалған, Ал Жаратқан Ийе аспанды жаратқан.
27 Салтанат ҳәм уллылық Оның алдында, Қүдирет ҳәм қуўаныш Оның мәканында.
28 Ҳәй, пүткил халықлар, Жаратқан Ийени мақтаң, Жаратқан Ийениң уллылығын, күшин мақтаң!
29 Жаратқан Ийениң уллылығын атына ылайықлы түрде мақтаң, Қурбанлықлар алып, Оның алдына кириң! Мухаддес салтанатына бөленип, Жаратқан Ийеге сыйының!
30 Ҳәй, пүткил жер, Оның алдында қалтыраң! Дүнья беккем орнатылған, ол тербелмейди.
31 Аспан қуўанып, жер шадлансын, Миллетлер арасында: „Жаратқан Ийе патшалық етип атыр!“ – деп айтылсын
32 Теңиз ҳәм ондағылар шуўлассын! Дала ҳәм ондағылар байрамласын!
33 Сонда тоғай ағашлары шадланып, Жаратқан Ийениң алдында қосық айтар. Өйткени Ол жер жүзин ҳүким етиўге келер.
34 Жаратқан Ийени тәрийиплең, себеби Ол ийгиликли, Садықлығы мәңги даўам етеди.
35 Оған былай деңлер: „Қутқарыўшымыз Қудай, бизлерди қутқар, Бизлерди жыйнап, басқа халықлардан азат ет. Мухаддес атыңды тәрийиплеп, Уллылығың менен мақтанайық“.
36 Израилдың Қудайы Жаратқан Ийеге, Әўел бастан, мәңгиге дейин алғыслар болсын!» Пүткил халық: «Аўмийин!» – деп, Жаратқан Ийеге алғыс-мақтаўлар айтты.
37 Даўыт Асафты ҳәм оның ағайинлерин Жаратқан Ийениң Келисим сандығының алдында болып, сол жерде ҳәр күнги мүтәжликлерге қарай бәрқулла хызмет етиў ушын бекитти.
38 Олар менен бирге хызмет етиўи ушын Обед-Эдомды ҳәм оның алпыс сегиз лебийли ағайинин де тайынлады. Едутунның улы Обед-Эдом менен Хоса дәрўаза қараўыллары болды.
39 Даўыт руўханий Садоқ пенен оның руўханий туўысқанларын Гибондағы сыйыныў орнына қурылған Жаратқан Ийениң Мухаддес шатырына хызметке қойды.
40 Олар Жаратқан Ийениң Израилға берген Нызамында жазылған барлық қағыйдаларға сай, ҳәр күни таңда ҳәм кеште жандырылатуғын қурбанлықлар берилетуғын қурбанлық орында Жаратқан Ийеге арнап, қурбанлықлар беретуғын болды.
41 Олар менен бирге Ҳеманды, Едутунды ҳәм атлары аталып таңлап алынған басқа адамларды Жаратқан Ийениң садықлығының мәңги даўам ететуғынын тәрийиплеў ушын тайынлады.
42 Ҳеман менен Едутун Қудайға алғыс- мақтаў айтылғанда, кәрнай, кимбал, және де, басқа саз әсбапларының шертилиўине жуўапкер еди. Едутунның уллары дәрўаза қараўыллары етип тайынланды.
43 Соннан кейин, пүткил халық өз үйлерине тарқасты. Даўыт та өз шаңарағындағыларға пәтия бериў ушын, үйине қайтты.


Shu bobni tarjimada ko’rish


Kitoblar




kitap Qaraqalpaqsha Júklep alıw - Muxaddes Kitap Qaraqalpaq tilinde (latin 27mb .PDF)
Жүклеп алыў - Мухаддес Китап (кирилл 26mb .PDF)
Tawrat | Zabur | Injil (+audio)




ӘЖАЙЫП КИТАПТЫ ОҚЫҢ Муқаддес Китап.


1. Ең көп оқылатуғын китап - ҳәр жылы шама менен 80 миллион нусқада баспадан шығарылады

2. Мухаддес Китап 1600 жыл даўамында 40 тан артық авторлар тәрепинен жазылған ҳәм ҳеш қандай қарама-қарсылықларға ийе емес.

3. Инжил үш тилде (еврей, грек ҳәм арамей) ҳәм үш континентте жазылған.

4. Мухаддес Китап толық ямаса бөлеклеп 2377 тил ҳәм диалектке аўдарылған.


Bible Karakalpaksha Muxaddes Kitap Qaraqalpaqsha (latin 50mb .pdf)
Скачать - Мухаддес Китап (Қарақалпақ). (Таурат, Забур, Инжил) (51mb PDF)






















Muxaddes Kitap. Audio

Kitap Дүньяның жаратылыўы Matto Muqaddas xushxabar  Mark Muqaddas xushxabar  Luqo Muqaddas xushxabar  Yuhanno Muqaddas xushxabar  Havoriylarning faoliyati  Yoqubning maktubi  Butrusning birinchi maktubi  Butrusning ikkinchi maktubi  Yuhannoning birinchi maktubi  Yuhannoning ikkinchi maktubi  Yuhannoning uchinchi maktubi  Yahudoning maktubi  Rimliklarga maktub  Korinfliklarga birinchi maktub  Korinfliklarga ikkinchi maktub  Galatiyaliklarga maktub  Efesliklarga maktub  Filippiliklarga maktub  Kolosaliklarga maktub  1-Salonikaliklarga  2-Salonikaliklarga  Timo'tiyga birinchi maktub  Timo'tiyga ikkinchi maktub  Titusga maktub  Filimo'nga maktub  Ibroniylarga maktub  Yuhannoga ko'rsatilgan vahiy

Sharhlar


Sebebi Quday bul du'nyanı sonshelli su'ygenlikten, O'zinin' jalg'ız Ulın berdi. Onın' Ulına isengen ha'r bir adam nabıt bolmay, ma'n'gilik o'mirge iye boladı
Юхан 3:16


Фильмлер

Qaraqalpaqsha Фильмлер

Мультфильмлер

Qaraqalpaqsha Мультфильмлер

Фильмы на Каракалпакском

Qaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha Kino

Инжил Онлайн – har doim tomondan Muqaddas Kitob (Injil) oddiy va samimiy versiyasiga ega istaganlar uchun sayt. Saytida kitob matn Xudoning Kalomini o'rganish yordam beradi va simfonik.