1 Жылнама 11 bob

Даўыттың пүткил Израилға патша болыўы(1-9). Даўыттың батыр әскерлери(10-47).

1 Пүткил израиллылар Хебронға, Даўыттың жанына жыйналып былай деди: «Бизлер сизиң өз сүйегиңиз ҳәм өз етиңизбиз.
2 Бурын Шаул патша болған ўақытта да, саўашта Израилды өзиңиз баслап жүретуғын едиңиз. Қудайыңыз Жаратқан Ийе сизге: „Халқым Израилға сен шопанлық етип, оларға ҳүкимдар боласаң“, – деп ўәде берген еди».
3 Солай етип, Израилдың барлық ақсақаллары Хебронға, патша Даўыттың алдына келгенде, Даўыт Хебронда Жаратқан Ийениң алдында олар менен келисим дүзди. Олар да Жаратқан Ийениң Самуел арқалы берген ўәдеси бойынша, Даўытты майлап, Израилға патша етип қойды.
4 Патша Даўыт пенен израиллылар Ерусалимге жүрис қылды. Сол ўақытлары бул қала Ебус деп аталып, ол жерде ебуслылар жасайтуғын еди.
5 Ебус халқы Даўытқа: «Сен бул жерге кире алмайсаң», – деген еди. Деген менен, Даўыт Сион қорғанын, кейин ала «Даўыттың қаласы» деп аталатуғын қорғанды қолға киргизди.
6 Даўыт: «Ебуслыларға биринши болып ҳүжим жасап, жеңген адам сәркәрда ҳәм басшы болады», – деп ўәде берген еди. Серуя улы Иоаб биринши болып ҳүжим жасап, жеңип шықты ҳәм сәркәрда болды.
7 Буннан кейин, Даўыт қорған қалаға орналасып алды. Сол себепли ол жерге «Даўыттың қаласы» деген ат берилди.
8 Даўыт Миллодан баслап қаланың айнала дийўалларын қайта тикледи. Ал Иоаб қаланың қалған бөлеклерин қайта қурды.
9 Даўыт күшке толып бара берди. Өйткени Әлемниң Жаратқан Ийеси оның менен бирге еди.
10 Жаратқан Ийениң Израилға ўәде еткениндей, Даўыттың батыр әскерлериниң әскербасылары пүткил Израил халқы менен бирге Даўытты патша қылды ҳәм оның патшалығының күшли болыўын қоллап-қуўатлады.
11 Даўыттың батыр әскерлериниң дизими мынаў: үш батырдың сәрдары Хахмон улы Яшобам. Ол үш жүз адамға найза менен қарсы шығып, бир ҳүжим еткенде, ҳәммесин өлтирди.
12 Оннан кейингиси үш батырдың бири ахохлы Додоның улы Элазар.
13 Филистлер урысыў ушын Пас-Даммимде жыйналғанда, Элазар Даўыттың қасында болды. Ол жерде бир арпа атызы бар еди. Сонда израиллылар филистлерден қаша баслады.
14 Бирақ Элазар менен Даўыт атыздың ортасында турып, ол жерди қорғады ҳәм филистлерди қырып таслады. Жаратқан Ийе оларға уллы жеңис сыйлады.
15 Бир күни филист әскерлери Рефаим ойпатлығына орда қурған ўақытта, отыз басшыдан үшеўи Адуллам үңгириндеги жартасты паналап турған Даўытқа келди.
16 Сол ўақытта Даўыт қорған ишинде еди, ал филистлердиң сақшылар топарының биреўи Бейтлеҳемде еди.
17 Даўыт қатты шөллеп: «Қәнекей, Бейтлеҳем дәрўазасының жанындағы суў сақлағыштан биреў маған суў әкелип берсе еди!» – деди.
18 Сонда бул үш батыр филистлердиң ордасын жарып өтип, Бейтлеҳем дәрўазасының жанындағы суў сақлағыштан суў алып, Даўытқа әкелип берди. Бирақ Даўыт оны ишиўден бас тартты ҳәм суўды жерге төгип, Жаратқан Ийеге усынды.
19 Ол: «Қудайым, буны ислеўден мени сақлай гөр! Жанларын қәўип астына қойып, суў алып келген бул үш адамның қанын ишейин бе?» – деп, Даўыт суўды ишпеди. Бул үш батыр усындай ерлик көрсеткен еди.
20 Иоабтың иниси Абишай үш батырдың басшысы еди. Ол найзасы менен үш жүз адамды өлтирди. Сол тәризде ол үш батыр сыяқлы даңққа еристи.
21 Оның үш батырдан* да даңқы артып, олардың басшысы болғаны менен, үш батыр қатарына кирмейтуғын еди.
22 Еҳояда улы қабсеелли Беная да мәрт жаўынгер болып, ол да уллы ислер иследи. Ол моаблы еки күшли жаўынгерди, ал қар жаўған күни бир шуқырға түсип, арысланды өлтирди.
23 Және де, ол бойы бес шығанақ болған мысырлыны да өлтирди. Мысырлының қолында тоқыў үскенесиниң қадасындай жуўан найзасы бар еди. Беная таяқ пенен оның алдына шықты ҳәм мысырлының найзасын қолынан тартып алып, оны өз найзасы менен өлтирди.
24 Еҳояда улы Бенаяның ислеген ислери мине усылар. Ол да сол үш батыр сыяқлы даңқ таратты.
25 Ол отыз батырға қарағанда атақлырақ болса да, бирақ сол үш батырдың қатарына кирмеди. Даўыт оны өзиниң тән сақшыларына басшы етип қойды.
26 Басқа батыр әскерлер мыналар: Иоабтың иниси Асаҳел, бейтлеҳемли Додоның улы Элханан,
27 ҳарорлы Шаммот, пелонлы Хелес,
28 теқоалы Иккештиң улы Ира, анатотлы Абиезер,
29 хушалы Сиббехай, ахохлы Илай,
30 нетофалы Маҳарай ҳәм нетофалы Баананың улы Хелед,
31 Бенямин урыўынан гибалы Рибайдың улы Иттай, пиратонлы Беная,
32 Гааш сайлары аймағынан Хурай, арбалы Абиел,
33 бахарумлы Азмаўет, шаалбонлы Эляхба,
34 гизонлы Ҳашемниң уллары, ҳарарлы Шагениң улы Ионатан,
35 ҳарарлы Сакардың улы Ахиам, Урдың улы Элифал,
36 мехералы Хефер, пелонлы Ахия,
37 кармелли Хесрай, Эзбай улы Наарай,
38 Натанның иниси Иоел, Ажар улы Мибхар,
39 аммон халқынан Селек, Серуя улы Иоабтың нөкери бееротлы Нахарай,
40 Итер тийресинен Ира ҳәм Гареб,
41 хетт халқынан Урия, Ахлай улы Забад,
42 рубенлилердиң қәўим басшысы, рубенли Шизаның улы Адина ҳәм оның отыз әскери,
43 Мааха улы Ханан, митанлы Иошафат,
44 аштеротлы Уззия, ароерли Хотамның уллары Шама ҳәм Еиел,
45 Шимрий улы Едиаел ҳәм оның иниси тизли Иоха,
46 махаўлы Элиел, Элнаамның уллары Ерибай ҳәм Иошаўия, моаблы Итма,
47 Элиел, Обид, месобалы Ясиел.


Shu bobni tarjimada ko’rish


Kitoblar




kitap Qaraqalpaqsha Júklep alıw - Muxaddes Kitap Qaraqalpaq tilinde (latin 27mb .PDF)
Жүклеп алыў - Мухаддес Китап (кирилл 26mb .PDF)
Tawrat | Zabur | Injil (+audio)




ӘЖАЙЫП КИТАПТЫ ОҚЫҢ Муқаддес Китап.


1. Ең көп оқылатуғын китап - ҳәр жылы шама менен 80 миллион нусқада баспадан шығарылады

2. Мухаддес Китап 1600 жыл даўамында 40 тан артық авторлар тәрепинен жазылған ҳәм ҳеш қандай қарама-қарсылықларға ийе емес.

3. Инжил үш тилде (еврей, грек ҳәм арамей) ҳәм үш континентте жазылған.

4. Мухаддес Китап толық ямаса бөлеклеп 2377 тил ҳәм диалектке аўдарылған.


Bible Karakalpaksha Muxaddes Kitap Qaraqalpaqsha (latin 50mb .pdf)
Скачать - Мухаддес Китап (Қарақалпақ). (Таурат, Забур, Инжил) (51mb PDF)






















Muxaddes Kitap. Audio

Kitap Дүньяның жаратылыўы Matto Muqaddas xushxabar  Mark Muqaddas xushxabar  Luqo Muqaddas xushxabar  Yuhanno Muqaddas xushxabar  Havoriylarning faoliyati  Yoqubning maktubi  Butrusning birinchi maktubi  Butrusning ikkinchi maktubi  Yuhannoning birinchi maktubi  Yuhannoning ikkinchi maktubi  Yuhannoning uchinchi maktubi  Yahudoning maktubi  Rimliklarga maktub  Korinfliklarga birinchi maktub  Korinfliklarga ikkinchi maktub  Galatiyaliklarga maktub  Efesliklarga maktub  Filippiliklarga maktub  Kolosaliklarga maktub  1-Salonikaliklarga  2-Salonikaliklarga  Timo'tiyga birinchi maktub  Timo'tiyga ikkinchi maktub  Titusga maktub  Filimo'nga maktub  Ibroniylarga maktub  Yuhannoga ko'rsatilgan vahiy

Sharhlar


Sebebi Quday bul du'nyanı sonshelli su'ygenlikten, O'zinin' jalg'ız Ulın berdi. Onın' Ulına isengen ha'r bir adam nabıt bolmay, ma'n'gilik o'mirge iye boladı
Юхан 3:16


Фильмлер

Qaraqalpaqsha Фильмлер

Мультфильмлер

Qaraqalpaqsha Мультфильмлер

Фильмы на Каракалпакском

Qaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha Kino

Инжил Онлайн – har doim tomondan Muqaddas Kitob (Injil) oddiy va samimiy versiyasiga ega istaganlar uchun sayt. Saytida kitob matn Xudoning Kalomini o'rganish yordam beradi va simfonik.