1 Жылнама 17 bob
1 Даўыт сарайына жайғасып алғаннан кейин, Натан пайғамбарға: – Қара, мен кедр ағашынан қурылған сарайда жасап атырман. Ал Жаратқан Ийениң Келисим сандығы болса, шатырда тур! – деди.
2 Натан Даўытқа: – Кеўлиңиз күсегенин қыла бериң. Себеби Қудай сиз бенен бирге, – деп жуўап берди.
3 Бирақ сол күни түнде Натанға Қудайдан мынадай сөз түсти:
4 «Барып, қулым Даўытқа былай деп айт: „Жаратқан Ийе былай дейди: Мәкан басыўым ушын, Маған арнап үйди сен қурмайсаң.
5 Израил халқын Мысырдан алып шыққан күннен баслап, бүгинге дейин Мен үйде жасамадым. Ал шатырдан-шатырға, ана жерден мына жерге көшип жүрдим.
6 Пүткил израиллылар менен бирге көшип жүрген жерлерде халқымды басқарыўды буйырған Израил бийлериниң қайсы бирине: Неге Маған кедр ағашынан үй қурып бермедиңиз? – деген едим?“»
7 Енди қулым Даўытқа былай деп айт: «Әлемниң Жаратқан Ийеси былай дейди: „Мен сени жайлаўда қой бағып жүрген жериңнен алып, халқым Израилға ҳүкимдар етип қойдым.
8 Қай жерге барсаң да, сениң менен бирге болып, алдыңдағы ҳәмме душпанларыңды жоқ қылдым. Атыңды дүньядағы уллы адамлардың атлары сыяқлы уллы қыламан.
9 Халқым Израил ушын орын таярлап, оларды сол жерге орналастыраман. Олардың өз журты болады ҳәм ҳеш ким тынышын бузбайды. Залымлар оларға бурынғыдай зорлық қылмайды.
10 Халқым Израилға бийлер қойған ўақыттан бери, залымлар оларды езип келмекте. Мен барлық душпанларыңызды бойсындыраман. Жаратқан Ийең болған Мен саған өзиң ушын бир шаңарақ – патшалар әўладын жарататуғынымды билдиремен.
11 Сен өлип, ата-бабаларыңның жанына атланғаныңда, зүрядыңнан бирин тахтқа отырғызып, оның патшалығын беккемлеймен.
12 Мен ушын үйди ол қурады. Ал Мен болсам, оның тахтын мәңгилик қылып орнатаман.
13 Мен оған Әке боламан, ол Маған ул болады. Сеннен алдын болған патшадан мийримимди тартып алғаным сыяқлы, оннан Өз мийримимди ҳеш қашан тартып алмайман.
14 Мен оны Өз үйимниң ҳәм патшалығымның үстинен мәңгиге қояман. Оның тахты мәңги беккем болады“».
15 Солай етип, Натан аян арқалы берилген бул сөзлердиң ҳәммесин Даўытқа айтып берди.
16 Соңынан Даўыт патша келип, Жаратқан Ийениң алдында отырды да, былай деди: «Қудай, Жаратқан Ийе! Сен мени буншелли мәртебели қылғандай, мен ким болыппан, мениң шаңарағым да не болыпты?
17 Қудай, Сениң нәзериңде бул да аз болғандай, қулыңның урпағының келешеги туўралы да айтып бердиң. Қудай, Жаратқан Ийе, Сен маған уллы бир адам сыяқлы қарадың!
18 Қулыңа иззет-ҳүрмет көрсеткениң ушын, мен Саған басқа не айта аламан! Өйткени Сен қулыңды билесең.
19 Жаратқан Ийе! Қулыңның ийгилиги ушын ҳәм жүрегиңе муўапық болған бул уллы исти ислеп, уллы ўәделерди ашық билдирдиң.
20 Жаратқан Ийе, өз қулақларымыз бенен еситкен барлық хабарымыз бойынша, Саған тең келетуғыны жоқ, Сеннен басқа Қудай да жоқ!
21 Дүньяда халқың Израилға уқсаған бирде бир халық жоқ. Оларды Өз халқың қылыў ушын, азат қылыўға бардың. Сен Мысырдан Өзиң ушын азат қылған халқыңның алдынан басқа халықларды қуўып жиберип, уллы ҳәм таң қаларлық ислериң арқалы Өз атыңды уллылыққа еристирдиң.
22 Сен халқың Израилды мәңгиге Өз халқың қылдың ҳәм Өзиң, Жаратқан Ийе олардың Қудайы болдың.
23 Енди, Жаратқан Ийе! Қулыңа ҳәм оның урпағына берген ўәдеңди мәңгиге тастыйықлап, сөзиңди орынлай гөр.
24 Солай етип, адамлар: „Израилдың Қудайы болған Әлемниң Жаратқан Ийеси – Израилдың Қудайы!“ – десин ҳәм атың мәңги турып, уллылансын. Қулың Даўыттың урпағы да Сениң алдыңда беккем турсын.
25 Қудайым! Сен маған мен ушын бир үй – патшалық жарататуғыныңды аян қылдың. Сонлықтан қулың Сениң алдыңда дуўа етиўге жүрек етти.
26 Жаратқан Ийе, Сен Қудайсаң! Қулыңа усы ийгиликли нәрселерди ўәде еттиң.
27 Өзиңниң алдыңда мәңгиге болыўы ушын, қулыңның патшалығын жарылқаўды мақул таптың. Жаратқан Ийе, оны жарылқағаның ушын, ол мәңгиге жарылқанатуғын болады».