1 Жылнама 18 bob
1 Арадан бираз ўақыт өткеннен кейин, Даўыт филистлерди жеңип, оларды бойсындырды. Гат қаласын ҳәм оның дөгерегиндеги аўылларды филистлердиң қолынан тартып алды.
2 Соңынан Моаб халқын да жеңилиске ушыратты. Олар Даўытқа бағынышлы болып, салық төлейтуғын болды.
3 Және де, Соба патшасы Ҳададезер Евфрат дәрьясы бойлап өз патшалығын бекитиўге барғанда, Даўыт оған Хаматқа дейин шабыўыл жасап, жеңип шықты.
4 Даўыт оның мың саўаш арбасын, жети мың атлы ҳәм жигирма мың пияда әскерин қолға түсирди. Ол саўаш арбасына жегилетуғын барлық атлардың тирсеклерин кесип майырып, оннан тек жүз атты ғана алып қалды.
5 Даўыт Соба патшасы Ҳададезерге жәрдемге келген Дамаскте жасайтуғын арамлардан жигирма еки мың адамды өлтирди.
6 Соңынан ол Дамасктеги арамлардың жерине өзиниң сақшылар топарын жайластырды. Олар да Даўытқа бағынышлы болып, салық төлейтуғын болды. Даўыт қай жерге барса да, Жаратқан Ийе оны жеңиске еристирди.
7 Даўыт Ҳададезердиң сәркәрдалары алып жүрген алтын қалқанларды алып, Ерусалимге әкелди.
8 Және де, Ҳададезердиң қол астындағы Тибхат ҳәм Кун қалаларынан көп муғдарда қола алды. Кейин ала, Сулайман буны Ибадатхана ушын ҳаўыз, сүтинлер ҳәм ҳәр қыйлы буйымлар ислетиў ушын қолланды.
9 Хамат патшасы Тоў Даўыттың Соба патшасы Ҳададезердиң пүткил ордасын жеңип шыққанынан хабар тапты.
10 Сонда Тоў өз улы Ҳадорамды сәлем бериў ҳәм Ҳададезер үстинен ерискен жеңиси менен қутлықлаў ушын Даўыт патшаға жиберди. Себеби Тоў Ҳададезер менен узақ ўақыт даўамында урысып киятырған еди. Ҳадорам Даўытқа алтын, гүмис ҳәм қоладан исленген ҳәр түрли саўғалар алып келди.
11 Патша Даўыт бул саўғаларды барлық миллетлерден – эдом, моаб, аммон, филист ҳәм амалек халықларынан алып келген гүмис ҳәм алтын менен бирге Жаратқан Ийеге бағышлады.
12 Серуя улы Абишай Дуз ойпатлығында эдом халқынан он сегиз мың адамды қырғынға ушыратты.
13 Даўыт Эдомға сақшылар топарын орналастырды. Пүткил эдом халқы оған бағынышлы болды. Даўыт қайда барса да, Жаратқан Ийе оны жеңиске еристирди.
14 Даўыт пүткил Израилда патшалық етип, халқына туўры ҳәм әдиллик пенен ҳүкимдарлық етти.
15 Серуя улы Иоаб сәркәрда, Ахилуд улы Еҳошафат жылнамашы болды.
16 Ахитуб улы Садоқ пенен Абиятар улы Ахимелех руўханий, ал Шаўша хаткер еди.
17 Еҳояда улы Беная керетлер менен пелетлерден алынған тән сақшылардың сәркәрдасы еди. Даўыттың уллары да патшаның бас хызметкерлери болды.