1 Жылнама 2 bob

Израилдың уллары(1-2). Яҳуданың урпақлары(3-24). Хесронның улы Ерахмеелдиң урпақлары(25-41). Хесрон улы Калебтиң урпақлары(42-55).

1 Израилдың уллары мыналар: Рубен, Шимон, Лебий, Яҳуда, Иссахар, Зебулон,
2 Дан, Юсуп, Бенямин, Нафталий, Гад ҳәм Ашер.
3 Яҳуданың уллары: Эр, Онан ҳәм Шела. Яҳудаға бул үш улды кенаанлы Шуаның қызы туўып берди. Яҳуданың туңғыш улы Эр Жаратқан Ийениң нәзеринде жаўыз болған исти ислегени ушын, Жаратқан Ийе оны өлтирди.
4 Яҳуданың келини Тамара да оған Перес пенен Зерахты туўып берди. Яҳуданың барлығы болып бес улы болды.
5 Перестиң уллары: Хесрон ҳәм Хамул.
6 Зерахтың уллары: Зимрий, Этан, Ҳеман, Калкол ҳәм Дара. Олар барлығы болып бесеў еди.
7 Кармийдиң улы: бағышланған нәрселерге қыянет ислеп, Израилға апат әкелген Ахар.
8 Этанның улы: Азария.
9 Хесронның уллары: Ерахмеел, Рам ҳәм Келубай.
10 Рамнан Амминадаб, Амминадабтан Яҳуда урыўының көсеми Нахшон туўылды.
11 Нахшоннан Салма, Салмадан Боаз,
12 Боаздан Обид, Обидтен Ишай туўылды.
13 Ишайдың жети улы болды: туңғышы Элиаб, екиншиси Абинадаб, үшиншиси Шимеа,
14 төртиншиси Нетанел, бесиншиси Раддай,
15 алтыншысы Осем, жетиншиси Даўыт.
16 Олардың Серуя ҳәм Абигайыл деген қарындасы болды. Серуяның үш улы бар еди: Абишай, Иоаб ҳәм Асаҳел/
17 Исмайыл урпағынан болған Етерге турмысқа шыққан Абигайыл Амасаны туўды.
18 Хесронның улы Калебтиң Азуба ҳәм Ериот деген ҳаяллары болды. Оның Азубадан туўылған уллары: Ешер, Шобаб ҳәм Ардон.
19 Азуба өлгеннен кейин, Калеб Эфратаға үйленди. Эфрата оған Хурды туўып берди.
20 Хурдан Урий туўылды. Урийден Бесалел туўылды.
21 Буннан соң, Хесрон Гиладтың әкеси Махир деген адамның қызы менен жатты ҳәм алпыс жасында үйленген бул ҳаялы оған Сегубты туўып берди/
22 Яир Сегубтың улы еди. Яирдиң Гилад жеринде жигирма үш қаласы бар еди/
23 Бирақ Гешур менен Арам Яирге тийисли қалаларды, сондай-ақ, Кенатты ҳәм оның айланасындағы алпыс қаланы басып алды. Бул жерлерде жасап атырған барлық халық Гиладтың әкеси Махирдиң урпағынан еди.
24 Хесрон Калеб-Эфратада қайтыс болғаннан соң, ҳаялы Абия Ашхурды туўды. Ашхур Теқоаның әкеси еди.
25 Хесронның туңғыш улы Ерахмеелдиң уллары: туңғыш улы Рам, кейин Буна, Орен, Осем ҳәм Ахия.
26 Ерахмеелдиң Атара деген басқа бир ҳаялы болып, ол Онамның анасы еди.
27 Ерахмеелдиң туңғыш улы Рамның уллары: Маас, Ямин ҳәм Экер.
28 Онамның уллары: Шаммай, Яда. Шаммайдың уллары: Надаб, Абишур.
29 Абишурдың Абиҳайыл деген ҳаялы болып, усы ҳаялы оған Ахбан менен Молидти туўып берди.
30 Надабтың уллары: Селед ҳәм Аппайым. Селед бийперзент дүньядан өтти.
31 Аппайымның улы: Иший. Ишийдиң улы: Шешан. Шешанның улы: Ахлай.
32 Шаммайдың туўысқаны Яданың уллары: Етер ҳәм Ионатан. Етер бийперзент дүньядан өтти.
33 Ионатанның уллары: Пелет ҳәм Заза. Булар Ерахмеелдиң урпақлары еди.
34 Шешанның улы болмай, тек қызлары бар еди. Шешанның Ярха деген мысырлы бир қулы бар еди.
35 Шешан қызын қулы Ярхаға ҳаяллыққа берди. Ҳаялы оған Аттайды туўып берди.
36 Аттайдан Натан туўылды. Натаннан Забад,
37 Забадтан Эфлал, Эфлалдан Обид,
38 Обидтен Еҳу, Еҳудан Азария,
39 Азариядан Хелес, Хелестен Эласа,
40 Эласадан Сисмай, Сисмайдан Шаллум,
41 Шаллумнан Еқамия, Еқамиядан Элишама туўылды.
42 Ерахмеелдиң иниси Калебтиң уллары: туңғыш улы Зифтиң әкеси Меша ҳәм екиншиси Хебронның әкеси Мареша болды.
43 Хебронның уллары: Қорах, Таппуах, Рекем ҳәм Шема.
44 Шемадан Рахам, Рахамнан Иорқоам туўылды. Шеманың әжағасы Рекемнен Шаммай туўылды.
45 Шаммайдан Маон, Маоннан Бейт-Сур туўылды.
46 Калебтиң тоқалы Эфа оған Харан, Моса ҳәм Газезди туўып берди. Харанның улының аты да Газез еди.
47 Яҳадайдың уллары: Регем, Иотам, Гешан, Пелет, Эфа ҳәм Шааф.
48 Калебтиң Мааха атлы басқа тоқалы оған Шебер менен Тирхананы туўып берди.
49 Мааха Мадманнаның әкеси Шаафты ҳәм Махбена менен Гибаның әкеси Шеўаны да туўды. Калебтиң Ахса деген бир қызы болды.
50 Булардың ҳәммеси Калебтиң урпақлары еди. Калебтиң ҳаялы Эфратадан туўылған туңғыш улы Хурдың уллары: Кирят-Яримниң тийкарын салған Шобал,
51 Бейтлеҳемниң тийкарын салған Салма, Бейт-Гадердиң тийкарын салған Хареф.
52 Кирят-Яримниң тийкарын салған Шобалдан Ҳарое тийреси, Менухотта жасайтуғын халықтың ярымы ҳәм.
53 Кирят-Яримде мәкан басқан итер, пут, шумат, мишра тийрелери пайда болды. Бул тийрелерден Сора менен Эштаол турғынлары келип шықты.
54 Салмадан тараған урпақлар: Бейтлеҳем, Нетофа, Атрот-Бейт-Йоаб, Манахаттың ярымы ҳәм Сора турғынлары,
55 Ябесте жасайтуғын хаткерлердиң тират, шимеат ҳәм сухат тийрелери. Булар Рехаб урпақларының бабасы Хамматтың нәсилинен келип шыққан кен халқы болады.


Shu bobni tarjimada ko’rish


Kitoblar




kitap Qaraqalpaqsha Júklep alıw - Muxaddes Kitap Qaraqalpaq tilinde (latin 27mb .PDF)
Жүклеп алыў - Мухаддес Китап (кирилл 26mb .PDF)
Tawrat | Zabur | Injil (+audio)




ӘЖАЙЫП КИТАПТЫ ОҚЫҢ Муқаддес Китап.


1. Ең көп оқылатуғын китап - ҳәр жылы шама менен 80 миллион нусқада баспадан шығарылады

2. Мухаддес Китап 1600 жыл даўамында 40 тан артық авторлар тәрепинен жазылған ҳәм ҳеш қандай қарама-қарсылықларға ийе емес.

3. Инжил үш тилде (еврей, грек ҳәм арамей) ҳәм үш континентте жазылған.

4. Мухаддес Китап толық ямаса бөлеклеп 2377 тил ҳәм диалектке аўдарылған.


Bible Karakalpaksha Muxaddes Kitap Qaraqalpaqsha (latin 50mb .pdf)
Скачать - Мухаддес Китап (Қарақалпақ). (Таурат, Забур, Инжил) (51mb PDF)






















Muxaddes Kitap. Audio

Kitap Дүньяның жаратылыўы Matto Muqaddas xushxabar  Mark Muqaddas xushxabar  Luqo Muqaddas xushxabar  Yuhanno Muqaddas xushxabar  Havoriylarning faoliyati  Yoqubning maktubi  Butrusning birinchi maktubi  Butrusning ikkinchi maktubi  Yuhannoning birinchi maktubi  Yuhannoning ikkinchi maktubi  Yuhannoning uchinchi maktubi  Yahudoning maktubi  Rimliklarga maktub  Korinfliklarga birinchi maktub  Korinfliklarga ikkinchi maktub  Galatiyaliklarga maktub  Efesliklarga maktub  Filippiliklarga maktub  Kolosaliklarga maktub  1-Salonikaliklarga  2-Salonikaliklarga  Timo'tiyga birinchi maktub  Timo'tiyga ikkinchi maktub  Titusga maktub  Filimo'nga maktub  Ibroniylarga maktub  Yuhannoga ko'rsatilgan vahiy

Sharhlar


Sebebi Quday bul du'nyanı sonshelli su'ygenlikten, O'zinin' jalg'ız Ulın berdi. Onın' Ulına isengen ha'r bir adam nabıt bolmay, ma'n'gilik o'mirge iye boladı
Юхан 3:16


Фильмлер

Qaraqalpaqsha Фильмлер

Мультфильмлер

Qaraqalpaqsha Мультфильмлер

Фильмы на Каракалпакском

Qaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha Kino

Инжил Онлайн – har doim tomondan Muqaddas Kitob (Injil) oddiy va samimiy versiyasiga ega istaganlar uchun sayt. Saytida kitob matn Xudoning Kalomini o'rganish yordam beradi va simfonik.