1 Жылнама 23 bob

Лебийлилердиң атқаратуғын хызметлери(2-32)

1 Даўыт мазмунлы өмир сүрди ҳәм қартайғанда, улы Сулайманды Израилға патша етип қойды.
2 Даўыт Израилдың барлық басшыларын, руўханийлерди ҳәм лебийлилерди бир жерге топлады.
3 Отыз ҳәм оннан жоқары жастағы лебийлилер санап шығылды. Олар барлығы болып отыз сегиз мың ер адам екен.
4 Даўыт былай деди: «Олардың жигирма төрт мыңы Жаратқан Ийениң Үйиндеги ислерди атқарыўға, алты мыңы ҳәмелдар лаўазымларға ҳәм қазылық исине,
5 төрт мыңы дәрўаза қараўыллығына, төрт мыңы өзи таярлап берген саз әсбапларын шертип, Жаратқан Ийеге алғыс-мақтаў айтыў хызметине қойылсын».
6 Даўыт лебийлилерди Лебийдиң уллары Гершом, Қоҳат ҳәм Мерарийдиң урпақлары бойынша үш топарға бөлди.
7 Гершонның уллары: Лаадан ҳәм Шимей.
8 Лааданның үш улы болып, туңғышы Ехиел, кейин Зетам ҳәм Иоел.
9 Шимейдиң Шеломит, Хазиел ҳәм Ҳаран деген үш улы бар еди. Олар Лаадан урыўының әўлад басшылары еди.
10 Шимейдиң басқа уллары: Яхат, Зиза, Еуш ҳәм Бериа. Бул төртеўи де Шимейдиң уллары еди.
11 Яхат туңғышы, Зиза екинши улы еди. Бирақ Еуш пенен Берианың уллары көп болмағанлықтан, екеўи бир тийре болып есапланды.
12 Қоҳаттың Амрам, Исҳар, Хеброн ҳәм Уззиел деген төрт улы болды.
13 Амрамның уллары Харон ҳәм Муўса еди. Харон ең мухаддес затларды бағышлаў исине тайынланды. Сонлықтан Харон ҳәм оның уллары мәңгиге Жаратқан Ийениң алдында қурбанлықлар бериўи, Оған хызмет етиўи ҳәм мәңгиге Оның аты менен халықты жарылқаўы тийис болды.
14 Қудайдың адамы Муўсаның уллары да Лебий урыўына киргизилди.
15 Муўсаның уллары: Гершом ҳәм Элиезер.
16 Гершомның туңғыш улы Шебуел еди.
17 Элиезердиң туңғыш улы Рехабия еди. Элиезердиң басқа улы болмады. Ал Рехабияның уллары көп болды.
18 Исҳардың туңғыш улы Шеломит еди.
19 Хебронның уллары: туңғышы Ерия, екиншиси Амария, үшиншиси Яхазиел, төртиншиси Еқамам.
20 Уззиелдиң уллары: туңғышы Миха, екиншиси Ишшия.
21 Мерарийдиң уллары: Махлий ҳәм Муший. Махлийдиң уллары: Элазар ҳәм Киш.
22 Элазар улсыз бул дүньядан көз жумды. Бирақ оның қызлары бар еди. Аталас ағайинлери болған Киштиң уллары оларға үйленди.
23 Мушийдиң Махлий, Эдер ҳәм Еремот деген үш улы болды,
24 Әўладлары бойынша Лебий урпағы усылар еди. Әўлад басшыларының ҳәр бири шежиреге атпа-ат киргизилди. Жигирма ҳәм оннан жоқары жастағы ҳәр бир лебийлиге Жаратқан Ийениң Үйинде хызмет етиўге болатуғын еди.
25 Өйткени Даўыт: «Израилдың Қудайы Жаратқан Ийе Өз халқын тынышлыққа еристирип, Өзи де Ерусалимди мәңгиге мәкан етиўди шешти.
26 Сонлықтан буннан былай, лебийлилерге Жаратқан Ийениң шатырын ҳәм сыйыныў хызметинде қолланылатуғын затларды тасып жүриўдиң ҳәжети жоқ», – деди.
27 Даўыттың ақырғы буйрығы бойынша жигирма ҳәм оннан жоқары жастағы лебийлилер саналды.
28 Лебийлилер Жаратқан Ийениң Үйиндеги хызметте Харонның урпақларына жәрдем бериўге миннетли еди. Буларға ҳәўли ҳәм бөлмелерди гүзетиў, мухаддес затларды пәклеў рәсиминен өткериў ҳәм Қудайдың Үйине тийисли басқа да ўазыйпаларды орынлаў ислери кирди.
29 Олар усынылатуғын нанларға, ғәлле садақасы ушын берилетуғын сапалы унға, пәтир нанларға, пеште писирилген садақаларға ҳәм зәйтүн майы араластырылған садақаларға, садақалардың көлем ҳәм өлшемине жуўапкер болды.
30 Лебийлилер ҳәр күни азанда ҳәм кеште Жаратқан Ийени тәрийиплеў ҳәм алғыс-мақтаў айтыў ушын таяр туратуғын еди.
31 Олар Шаббат күнлери де, Жаңа ай байрамларында да, белгиленген байрам күнлеринде Жаратқан Ийеге жандырылатуғын қурбанлықлар берилгенде де, солай иследи. Жаратқан Ийениң алдында хызмет етиўши лебийлилердиң саны бәрқулла алдын ала көрсетпеде белгиленген санда болыўы керек еди.
32 Солай етип, лебийлилерге Ушырасыў Шатыры менен Мухаддес орынды қорғаў ҳәм өз туўысқанлары болған Харон урпақларына Жаратқан Ийениң Үйиндеги хызметте жәрдем бериў ўазыйпасы жүкленди.


Shu bobni tarjimada ko’rish


Kitoblar




kitap Qaraqalpaqsha Júklep alıw - Muxaddes Kitap Qaraqalpaq tilinde (latin 27mb .PDF)
Жүклеп алыў - Мухаддес Китап (кирилл 26mb .PDF)
Tawrat | Zabur | Injil (+audio)




ӘЖАЙЫП КИТАПТЫ ОҚЫҢ Муқаддес Китап.


1. Ең көп оқылатуғын китап - ҳәр жылы шама менен 80 миллион нусқада баспадан шығарылады

2. Мухаддес Китап 1600 жыл даўамында 40 тан артық авторлар тәрепинен жазылған ҳәм ҳеш қандай қарама-қарсылықларға ийе емес.

3. Инжил үш тилде (еврей, грек ҳәм арамей) ҳәм үш континентте жазылған.

4. Мухаддес Китап толық ямаса бөлеклеп 2377 тил ҳәм диалектке аўдарылған.


Bible Karakalpaksha Muxaddes Kitap Qaraqalpaqsha (latin 50mb .pdf)
Скачать - Мухаддес Китап (Қарақалпақ). (Таурат, Забур, Инжил) (51mb PDF)






















Muxaddes Kitap. Audio

Kitap Дүньяның жаратылыўы Matto Muqaddas xushxabar  Mark Muqaddas xushxabar  Luqo Muqaddas xushxabar  Yuhanno Muqaddas xushxabar  Havoriylarning faoliyati  Yoqubning maktubi  Butrusning birinchi maktubi  Butrusning ikkinchi maktubi  Yuhannoning birinchi maktubi  Yuhannoning ikkinchi maktubi  Yuhannoning uchinchi maktubi  Yahudoning maktubi  Rimliklarga maktub  Korinfliklarga birinchi maktub  Korinfliklarga ikkinchi maktub  Galatiyaliklarga maktub  Efesliklarga maktub  Filippiliklarga maktub  Kolosaliklarga maktub  1-Salonikaliklarga  2-Salonikaliklarga  Timo'tiyga birinchi maktub  Timo'tiyga ikkinchi maktub  Titusga maktub  Filimo'nga maktub  Ibroniylarga maktub  Yuhannoga ko'rsatilgan vahiy

Sharhlar


Sebebi Quday bul du'nyanı sonshelli su'ygenlikten, O'zinin' jalg'ız Ulın berdi. Onın' Ulına isengen ha'r bir adam nabıt bolmay, ma'n'gilik o'mirge iye boladı
Юхан 3:16


Фильмлер

Qaraqalpaqsha Фильмлер

Мультфильмлер

Qaraqalpaqsha Мультфильмлер

Фильмы на Каракалпакском

Qaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha Kino

Инжил Онлайн – har doim tomondan Muqaddas Kitob (Injil) oddiy va samimiy versiyasiga ega istaganlar uchun sayt. Saytida kitob matn Xudoning Kalomini o'rganish yordam beradi va simfonik.