1 Жылнама 24 bob

Руўханийлердиң ўазыйпасы(1-31). 

1 Харон урпақлары мынадай топарларға бөлинди. Харонның уллары: Надаб, Абиҳу, Элазар ҳәм Итамар.
2 Бирақ Надаб пенен Абиҳу әкесинен бурын, ул көрмей өлип кеткенликтен, тек Элазар менен Итамар руўханий болды.
3 Даўыт Харон урпақларын орынлайтуғын хызметлери бойынша топарларға бөлди. Бул исте оған Элазар урпағынан Садоқ ҳәм Итамар урпағынан Ахимелех жәрдем берди.
4 Элазар урпақлары арасында әўлад басшылары Итамар урпақларына қарағанда көбирек болып шықты. Сонлықтан Элазар урпақлары он алты топарға, Итамар урпақлары сегиз топарға бөлинди.
5 Элазар урпақлары арасында да, Итамар урпақлары арасында да Мухаддес орынға ҳәм Қудайдың алдындағы баслы хызметлерге жуўапкер болған басшылар бар еди. Сол себепли хызметлер ҳеш кимди жақламастан, шек таслаў жолы менен бөлип берилди.
6 Лебийли Нетанел улы хаткер Шемая патшаның ҳәм халық басшыларының, руўханий Садоқтың, Абиятар улы Ахимелехтиң, руўханийлердиң ҳәм лебийлилердиң әўлад басшыларының көз алдында шек таслаўдың жуўмағын жазып барды. Шек бойынша, Элазар урпақларынан бир шаңарақтан, Итамар урпақларынан бир шаңарақтан гезекпе-гезек алынды.
7 Биринши шек Еҳоярибке, Екиншиси Едаяға түсти.
8 Үшинши шек Харимге, Төртиншиси Сеоримге,
9 Бесиншиси Малкияға, Алтыншысы Мияминге,
10 Жетиншиси Ҳаққосқа, Сегизиншиси Абияға,
11 Тоғызыншысы Ешуаға, Оныншысы Шеканияға,
12 Он бириншиси Эляшибке, Он екиншиси Якимге,
13 Он үшиншиси Хуппаға, Он төртиншиси Ешебабқа,
14 Он бесиншиси Билгаға, Он алтыншысы Иммерге,
15 Он жетиншиси Хезирге, Он сегизиншиси Ҳапписсеске,
16 Он тоғызыншысы Петахияға, Жигирмаланшысы Ехезкелге,
17 Жигирма бириншиси Яхинге, Жигирма екиншиси Гамулға,
18 Жигирма үшиншиси Делаяға, Жигирма төртиншиси Маазияға түсти.
19 Израилдың Қудайы Жаратқан Ийениң буйрығы бойынша, бабасы Харон оларға қағыйдалар берген еди. Жаратқан Ийениң Үйине киргенде, олардың хызметиниң белгиленген тәртиби соған тийкарланған еди.
20 Лебийлилердиң басқа урпақлары мыналар: Амрамның улларынан Шубаел, Шубаелдиң улларынан Ехдея.
21 Рехабия улларынан туңғышы Ишшия.
22 Исҳардың урпақларынан Шеломит. Шеломиттиң улларынан Яхат.
23 Хебронның уллары: туңғышы Ерия, екиншиси Амария, үшиншиси Яхазиел, төртиншиси Еқамам.
24 Уззиелдиң улы: Миха. Миханың улы: Шамир.
25 Миханың туўысқаны: Ишшия. Ишшияның улы Зехария.
26 Мерарийдиң уллары: Махлий, Муший ҳәм Язия.
27 Мерарийдиң урпақларынан Язияның уллары: Шоҳам, Заккур ҳәм Ибри.
28 Махлийден Элазар туўылды. Элазардың улы болмады.
29 Киштиң урпағынан Ерахмеел.
30 Мушийдиң уллары: Махлий, Эдер ҳәм Еримот. Лебий урыўынан болған әўладлар усылар еди.
31 Олар да туўысқанлары Харонның урпақлары сыяқлы, патша Даўыттың, Садоқтың, Ахимелехтиң, руўханийлердиң ҳәм лебийлилердиң әўлад басшыларының көз алдында шек таслап, өз ўазыйпаларын белгилеп алды. Шек таслағанда, үлкен улдың шаңарағы менен кишкене улдың шаңарағының ҳуқықы теңдей болды.


Shu bobni tarjimada ko’rish


Kitoblar




kitap Qaraqalpaqsha Júklep alıw - Muxaddes Kitap Qaraqalpaq tilinde (latin 27mb .PDF)
Жүклеп алыў - Мухаддес Китап (кирилл 26mb .PDF)
Tawrat | Zabur | Injil (+audio)




ӘЖАЙЫП КИТАПТЫ ОҚЫҢ Муқаддес Китап.


1. Ең көп оқылатуғын китап - ҳәр жылы шама менен 80 миллион нусқада баспадан шығарылады

2. Мухаддес Китап 1600 жыл даўамында 40 тан артық авторлар тәрепинен жазылған ҳәм ҳеш қандай қарама-қарсылықларға ийе емес.

3. Инжил үш тилде (еврей, грек ҳәм арамей) ҳәм үш континентте жазылған.

4. Мухаддес Китап толық ямаса бөлеклеп 2377 тил ҳәм диалектке аўдарылған.


Bible Karakalpaksha Muxaddes Kitap Qaraqalpaqsha (latin 50mb .pdf)
Скачать - Мухаддес Китап (Қарақалпақ). (Таурат, Забур, Инжил) (51mb PDF)






















Muxaddes Kitap. Audio

Kitap Дүньяның жаратылыўы Matto Muqaddas xushxabar  Mark Muqaddas xushxabar  Luqo Muqaddas xushxabar  Yuhanno Muqaddas xushxabar  Havoriylarning faoliyati  Yoqubning maktubi  Butrusning birinchi maktubi  Butrusning ikkinchi maktubi  Yuhannoning birinchi maktubi  Yuhannoning ikkinchi maktubi  Yuhannoning uchinchi maktubi  Yahudoning maktubi  Rimliklarga maktub  Korinfliklarga birinchi maktub  Korinfliklarga ikkinchi maktub  Galatiyaliklarga maktub  Efesliklarga maktub  Filippiliklarga maktub  Kolosaliklarga maktub  1-Salonikaliklarga  2-Salonikaliklarga  Timo'tiyga birinchi maktub  Timo'tiyga ikkinchi maktub  Titusga maktub  Filimo'nga maktub  Ibroniylarga maktub  Yuhannoga ko'rsatilgan vahiy

Sharhlar


Sebebi Quday bul du'nyanı sonshelli su'ygenlikten, O'zinin' jalg'ız Ulın berdi. Onın' Ulına isengen ha'r bir adam nabıt bolmay, ma'n'gilik o'mirge iye boladı
Юхан 3:16


Фильмлер

Qaraqalpaqsha Фильмлер

Мультфильмлер

Qaraqalpaqsha Мультфильмлер

Фильмы на Каракалпакском

Qaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha Kino

Инжил Онлайн – har doim tomondan Muqaddas Kitob (Injil) oddiy va samimiy versiyasiga ega istaganlar uchun sayt. Saytida kitob matn Xudoning Kalomini o'rganish yordam beradi va simfonik.