1 Жылнама 26 bob

Ибадатхананың дәрўаза қараўыллары(1-19). Қазна қараўыллары(20-28). Лебийлилердиң басқа хызметлери(29-32). 

1 әрўаза қараўыллары мына топарлардан ибарат болды: Қорах урпақларынан: Асаф әўладынан Қоре улы Мешелемия.
2 Мешелемияның уллары: туңғыш улы Зехария, екиншиси Едиаел, үшиншиси Зебадия, төртиншиси Ятниел,
3 бесиншиси Элам, алтыншысы Еҳоханан, жетиншиси Элиеҳоенай.
4 Обед-Эдомның уллары: туңғыш улы Шемая, екиншиси Еҳозабад, үшиншиси Иоах, төртиншиси Сакар, бесиншиси Нетанел,
5 алтыншысы Аммиел, жетиншиси Иссахар, сегизиншиси Пеуллетай. Қудай Обед-Эдомды усылай жарылқаған еди.
6 Обед-Эдомның улы Шемаяның уллары бар еди. Олар уллы қәбилет ийелери болғанлықтан, өз әўладларының басшылары болды.
7 Шемаяның уллары: Отний, Рефаел, Обид ҳәм Элзабад. Шемаяның туўысқанлары Элиҳу менен Семахия да қәбилетли адамлар еди.
8 Олардың барлығы Обед- Эдомның урпақлары еди. Олардың өзлери де, уллары менен туўысқанлары да жумысқа инталы, жүдә уқыплы адамлар болды. Обед-Эдомға тийислилер барлығы болып алпыс еки адам еди.
9 Мешелемияның уллары ҳәм ағайинлери он сегиз адамнан ибарат болып, олар да қәбилетли адамлар еди.
10 Мерарий урпағынан Хосаның уллары: басшысы Шимрий. Шимрий туңғыш ул болмаса да, әкеси оны басшы етип тайынлады.
11 Екиншиси Хилкия, үшиншиси Тебалия, төртиншиси Зехария. Хосаның уллары менен ағайинлери он үш адам еди.
12 Дәрўаза қараўылларының топарлары өз басшылары бойынша бөлинди. Олар да Жаратқан Ийениң Үйинде хызмет етип атырған басқа лебийлилер сыяқлы өз ўазыйпаларына ийе еди.
13 Ҳәр дәрўаза ушын, әўладлары бойынша үлкен-кишиге теңдей шек тасланды.
14 Шығыс тәрептеги дәрўазаға тасланған шек бойынша Шелемияға түсти. Кейин оның улы Зехария ушын шек тасланды ҳәм оған арқа тәрептеги дәрўаза түсти. Зехария ақыллы, кеңесгөй адам еди.
15 Қубладағы дәрўаза шек бойынша Обед-Эдомға, ал ғәллехана оның улларына түсти.
16 Батыстағы дәрўаза менен жоқарғы жолдағы Шаллехет дәрўазасы шек бойынша Шуппим менен Хосаға түсти. Қараўыллар үзликсиз избе-изликте өз ўазыйпасын орынлайтуғын еди.
17 Ҳәр күни шығыстағы дәрўазада алты лебийли, арқадағы дәрўазада төрт лебийли, қубладағы дәрўазада төрт лебийли, еки ғәллеханада еки адамнан төрт лебийли қараўыллықта турды.
18 Батыс тәрептеги ҳәўлиге баратуғын жол бойында төрт қараўыл, ҳәўлиниң ишинде еки қараўыл турды.
19 Қорах ҳәм Мерарий урпақларынан болған дәрўаза қараўыллары усылай орналастырылды.
20 Олардың ағайинлери болған лебийлилерге Қудайдың Үйиндеги қазнаға ҳәм Қудайға арналған саўғалар туратуғын қазнаға қараў тапсырылды.
21 Гершонның әўладынан болған Лааданның урпағынан, Лаадан тийресиниң тийре басшысы Ехиелий.
22 Ехиелийдиң уллары Зетам ҳәм оның туўысқаны Иоел Жаратқан Ийениң Үйиниң қазнасын қараўыллады.
23 Амрам, Исҳар, Хеброн ҳәм Уззиел урпақларынан мына адамларға хызмет берилди:
24 Муўсаның улы Гершомның урпағынан Шебуел қазналар үстинен бас бақлаўшы болды.
25 Гершомның туўысқаны Элиезердиң нәсили мынадай еди: Элиезерден Рехабия, Рехабиядан Ийшая, Ийшаядан Иорам, Иорамнан Зихрий, Зихрийден Шеломит туўылған еди.
26 Шеломитке ҳәм оның ағайинлерине Даўыт патшаның, тийре басшыларының, мыңбасылардың, жүзбасылардың ҳәм әскербасылардың бағышлаған саўғалары сақланатуғын қазнаға қараў тапсырылды.
27 Олар саўашта қолға түсирген олжалардан бир бөлегин Жаратқан Ийениң үйин тәмийинлеў ушын бағышлайтуғын еди.
28 Көзи ашық Самуел, Киш улы Шаул, Нер улы Абнер, Серуя улы Иоаб бағышлаған саўғаларды ҳәм Жаратқан Ийеге арналған басқа саўғаларды да Шеломит пенен оның ағайинлери қараўыллайтуғын болды.
29 Исҳар урпағынан Кенания ҳәм оның уллары Қудайдың Үйиниң сыртындағы ислерге жуўапкер болып, Израил халқы ушын бий ҳәм қазы етип тайынланды.
30 Хеброн урпағынан Хашабия ҳәм оның бир мың жети жүз қәбилетли ағайини Израилда Иордан дәрьясының батыс бөлегиндеги Жаратқан Ийениң ҳәм патшаның хызметине байланыслы ислерге жуўапкер болды.
31 Хеброн урпағынан болған Ерия өз урпағының шежиреси бойынша Хеброн урпақларының басшысы болды. Даўыттың ҳүкимдарлығының қырқыншы жылында Хеброн урпақларының шежиреси изертленген еди. Сонда Гиладтағы Язерде жасаған Хеброн урпақлары арасынан жүдә қәбилетли адамлар табылды.
32 Ерияның ағайинлери арасында еки мың жети жүзи жүдә қәбилетли әўлад басшылары болды. Қудайдың ҳәм патшаның ислерине қараўы ушын, Даўыт патша оларды Рубен ҳәм Гад урыўлары, және де, Менашше урыўының ярымы үстинен басшы етип тайынлады.


Shu bobni tarjimada ko’rish


Kitoblar




kitap Qaraqalpaqsha Júklep alıw - Muxaddes Kitap Qaraqalpaq tilinde (latin 27mb .PDF)
Жүклеп алыў - Мухаддес Китап (кирилл 26mb .PDF)
Tawrat | Zabur | Injil (+audio)




ӘЖАЙЫП КИТАПТЫ ОҚЫҢ Муқаддес Китап.


1. Ең көп оқылатуғын китап - ҳәр жылы шама менен 80 миллион нусқада баспадан шығарылады

2. Мухаддес Китап 1600 жыл даўамында 40 тан артық авторлар тәрепинен жазылған ҳәм ҳеш қандай қарама-қарсылықларға ийе емес.

3. Инжил үш тилде (еврей, грек ҳәм арамей) ҳәм үш континентте жазылған.

4. Мухаддес Китап толық ямаса бөлеклеп 2377 тил ҳәм диалектке аўдарылған.


Bible Karakalpaksha Muxaddes Kitap Qaraqalpaqsha (latin 50mb .pdf)
Скачать - Мухаддес Китап (Қарақалпақ). (Таурат, Забур, Инжил) (51mb PDF)






















Muxaddes Kitap. Audio

Kitap Дүньяның жаратылыўы Matto Muqaddas xushxabar  Mark Muqaddas xushxabar  Luqo Muqaddas xushxabar  Yuhanno Muqaddas xushxabar  Havoriylarning faoliyati  Yoqubning maktubi  Butrusning birinchi maktubi  Butrusning ikkinchi maktubi  Yuhannoning birinchi maktubi  Yuhannoning ikkinchi maktubi  Yuhannoning uchinchi maktubi  Yahudoning maktubi  Rimliklarga maktub  Korinfliklarga birinchi maktub  Korinfliklarga ikkinchi maktub  Galatiyaliklarga maktub  Efesliklarga maktub  Filippiliklarga maktub  Kolosaliklarga maktub  1-Salonikaliklarga  2-Salonikaliklarga  Timo'tiyga birinchi maktub  Timo'tiyga ikkinchi maktub  Titusga maktub  Filimo'nga maktub  Ibroniylarga maktub  Yuhannoga ko'rsatilgan vahiy

Sharhlar


Sebebi Quday bul du'nyanı sonshelli su'ygenlikten, O'zinin' jalg'ız Ulın berdi. Onın' Ulına isengen ha'r bir adam nabıt bolmay, ma'n'gilik o'mirge iye boladı
Юхан 3:16


Фильмлер

Qaraqalpaqsha Фильмлер

Мультфильмлер

Qaraqalpaqsha Мультфильмлер

Фильмы на Каракалпакском

Qaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha Kino

Инжил Онлайн – har doim tomondan Muqaddas Kitob (Injil) oddiy va samimiy versiyasiga ega istaganlar uchun sayt. Saytida kitob matn Xudoning Kalomini o'rganish yordam beradi va simfonik.