1 Жылнама 6 bob

Лебийдиң урпағы(1-15). Лебийдиң басқа урпақлары(16-30). Ушырасыў шатырындағы сазенделер(31-49). Харонның урпағы(50-53). Лебийлилер жасаған қалалар(54-81). 

1 Лебийдиң уллары: Гершом, Қоҳат ҳәм Мерарий.
2 Қоҳаттың уллары: Амрам, Исҳар, Хеброн ҳәм Уззиел.
3 Амрамның балалары: Харон, Муўса ҳәм Мәриям. Харонның уллары: Надаб, Абиҳу, Элазар, Итамар.
4 Элазардан Пинехас, Пинехастан Абишуа,
5 Абишуадан Буккий, Буккийден Уззий,
6 Уззийден Зерахия, Зерахиядан Мерайот,
7 Мерайоттан Амария, Амариядан Ахитуб,
8 Ахитубтан Садоқ, Садоқтан Ахимаас,
9 Ахимаастан Азария, Азариядан Юханан,
10 Юхананнан Азария туўылды. Азария патша Сулайманның Ерусалимде қурғызған Ибадатханасында руўханий болып хызмет етти.
11 Азариядан Амария, Амариядан Ахитуб,
12 Ахитубтан Садоқ, Садоқтан Шаллум,
13 Шаллумнан Хилкия, Хилкиядан Азария,
14 Азариядан Серая, Сераядан Иосадақ туўылды.
15 Жаратқан Ийе Яҳуда ҳәм Ерусалим халқын Набуходоносор арқалы сүргин қылғанда, Иосадақ та сүргин қылынған еди.
16 Лебийдиң уллары: Гершом, Қоҳат ҳәм Мерарий.
17 Гершомның улларының атлары: Либний ҳәм Шимей.
18 Қоҳаттың уллары: Амрам, Исҳар, Хеброн ҳәм Уззиел.
19 Мерарийдиң уллары: Махлий ҳәм Муший. Түп бабасы бойынша дизимге алынған Лебий урыўының тийрелери мыналар:
20 Гершомның урпағы: Гершомнан Либний, Либнийден Яхат, Яхаттан Зимма,
21 Зиммадан Иоах, Иоахтан Иддо, Иддодан Зерах, Зерахтан Еатрай туўылды.
22 Қоҳаттың урпағы: Қоҳаттан Амминадаб, Амминадабтан Қорах, Қорахтан Ассир,
23 Ассирден Элқана, Элқанадан Эбясаф, Эбясафтан Ассир,
24 Ассирден Тахат, Тахаттан Уриел, Уриелден Уззия, Уззиядан Шаул туўылды.
25 Элқананың басқа уллары: Амасай ҳәм Ахимот.
26 химоттан Элқана, Элқанадан Софай, Софайдан Нахат,
27 Нахаттан Элиаб, Элиабтан Ерохам, Ерохамнан Элқана туўылды
28 Самуелдиң уллары: туңғыш улы Иоел, екиншиси Абия.
29 9Мерарийдиң урпағы: Мерарийден Махлий, Махлийден Либний, Либнийден Шимей, Шимейден Узза,
30 Уззадан Шимеа, Шимеадан Хаггия, Хаггиядан Асая туўылды.
31 Келисим сандығы Жаратқан Ийениң үйине апарылғаннан соң, сол жерде хызмет етиў ушын Даўыт тайынлаған сазенделердиң атлары төменде берилген.
32 Сулайман Ерусалимде Жаратқан Ийеге арнап Ибадатхана қурғанға дейин, олар Ушырасыў шатырында қосық айтып, хызмет етти. Олар өз хызметин берилген көрсетпелер бойынша орынлайтуғын еди.
33 Сол жерде уллары менен бирге сол хызметти атқарып атырғанлар мыналар: Қоҳаттың урпағынан: қосықшы Ҳеман. Ҳеман Иоелдиң, Иоел Самуелдиң,
34 Самуел Элқананың, Элқана Ерохамның, Ерохам Элиелдиң, Элиел Тоахтың,
35 Тоах Суфтың, Суф Элқананың, Элқана Махаттың, Махат Амасайдың,
36 Амасай Элқананың, Элқана Иоелдиң, Иоел Азарияның, Азария Сефанияның,
37 Сефания Тахаттың, Тахат Ассирдиң, Ассир Эбясафтың, Эбясаф Қорахтың,
38 Қорах Исҳардың, Исҳар Қоҳаттың, Қоҳат Лебийдиң, Лебий Израилдың улы еди.
39 Ҳеманның оң жағында хызмет ететуғын жәрдемшиси, туўысқаны Асаф болды. Асаф Берехияның улы болып, Берехия Шимеаның,
40 Шимеа Михаилдиң, Михаил Баасияның, Баасия Малкияның,
41 Малкия Этнийдиң, Этний Зерахтың, Зерах Адаяның,
42 Адая Этанның, Этан Зимманың, Зимма Шимейдиң,
43 Шимей Яхаттың, Яхат Гершомның, Гершом Лебийдиң улы еди.
44 Ҳеманның шеп жағында хызмет ететуғын жәрдемшиси туўысқаны Мерарий урпағынан Этан болды. Этан Кишийдиң улы болып, Киший Абдийдиң, Абдий Маллухтың,
45 Маллух Хашабияның, Хашабия Амасияның, Амасия Хилкияның,
46 Хилкия Амсийдиң, Амсий Банийдиң, Баний Шемердиң,
47 Шемер Махлийдиң, Махлий Мушийдиң, Муший Мерарийдиң, Мерарий Лебийдиң улы еди.
48 Олардың лебийли туўысқанлары Мухаддес шатырдағы, Қудайдың Үйиндеги басқа барлық хызметлерди орынлаў ушын тайынланды.
49 Бирақ тек Харон ҳәм оның урпақлары ғана қурбанлық орында жандырылатуғын қурбанлықларды берип, түтетки түтетилетуғын орында түтеткилерди түтететуғын ҳәм Ең мухаддес бөлмеде исленетуғын барлық хызметлерди атқаратуғын еди. Олар Қудайдың қулы Муўса берген барлық буйрықлар бойынша, Израил халқын гүнадан пәклейтуғын еди.
50 Харонның урпақлары мыналар: Харонның улы Элазар, Элазардың улы Пинехас, Пинехастың улы Абишуа,
51 Абишуаның улы Буккий, Буккийдиң улы Уззий, Уззийдиң улы Зерахия,
52 Зерахияның улы Мерайот, Мерайоттың улы Амария, Амарияның улы Ахитуб,
53 Ахитубтың улы Садоқ, Садоқтың улы Ахимаас.
54 Лебийлилердиң жасаўы ушын ажыратылған жерлер мыналар: Қоҳат тийресинен шыққан Харонның урпақларына биринши шек түскенликтен,
55 оларға Яҳудадағы Хеброн ҳәм оның әтирапындағы жайлаўлар берилди.
56 Ал қала дөгерегиндеги атыз ҳәм аўыллар Ефунне улы Калебке берилди.
57 Солай етип, Харонның урпақларына паналайтуғын қалалар: Хеброн, Либна, Яттир, Эштемоа,
58 Хилез, Дебир,
59 Ашан, Ютта ҳәм Бейт-Шемеш қалалары жайлаўлары менен қоса берилди.
60 Бенямин урыўынан да оларға Геба, Алемет, Анатот қалалары жайлаўлары менен қоса берилди. Қоҳат тийресине берилген бул қалалар барлығы болып он үш еди.
61 Қоҳат тийресиниң қалғанларына Менашше урыўының ярымынан алынған он қала шек таслаў арқалы берилди.
62 Гершом урпағына тийре санына қарай, Иссахар, Ашер, Нафталий урыўларынан ҳәм Башандағы Менашше урыўынан алынған он үш қала шек бойынша берилди.
63 Мерарий урпағына тийре санына қарай, Рубен, Гад ҳәм Зебулон урыўларынан алынған он еки қала шек бойынша берилди.
64 Израиллылар бул қалаларды жайлаўлары менен қоса лебийлилерге берди.
65 Яҳуда, Шимон, Бенямин урыўларынан алынған ҳәм жоқарыда атлары аталған қалалар шек таслаў арқалы берилди.
66 Қоҳат тийресинен болған базы шаңарақларға Эфрайым урыўына тийисли жерлерден қалалар берилди.
67 Оларға Эфрайымның таўлы үлкесиндеги паналайтуғын қала Шехем, Гезер,
68 Иоқмеам, Бейт-Хорон,
69 Айялон ҳәм Гат-Риммон қалалары жайлаўлары менен қоса берилди.
70 Қоҳат тийресиниң қалған шаңарақларына Менашше урыўының ярымынан алынған Анер ҳәм Билеам қалалары жайлаўлары менен қоса берилди.
71 Гершом урпағына мына қалалар жайлаўлары менен қоса берилди: Менашше урыўының ярымына тийисли жерлерден: Башандағы Голан ҳәм Аштарот.
72 Иссахар урыўынан: Кедеш, Даберат,
73 Рамот, Анем.
74 Ашер урыўынан: Машал, Абдон,
75 Хуқоқ ҳәм Рехоб.
76 Нафталий урыўынан: Галиладағы Кедеш, Хаммон, Кирятайым.
77 Мерарий урпақларының қалғанларына мына қалалар жайлаўлары менен қоса берилди: Зебулон урыўынан: Риммоно ҳәм Табор.
78 Рубен урыўынан: Ерихоның қарсы алдында, Иордан дәрьясының шығыс тәрепинде жайласқан шөлдеги Бесер, сондай-ақ, Яҳаса,
79 Кедемот ҳәм Мефаат.
80 Гад урыўынан: Гиладтағы Рамот, Маханайым,
81 Хешбон ҳәм Язер.


Shu bobni tarjimada ko’rish


Kitoblar




kitap Qaraqalpaqsha Júklep alıw - Muxaddes Kitap Qaraqalpaq tilinde (latin 27mb .PDF)
Жүклеп алыў - Мухаддес Китап (кирилл 26mb .PDF)
Tawrat | Zabur | Injil (+audio)




ӘЖАЙЫП КИТАПТЫ ОҚЫҢ Муқаддес Китап.


1. Ең көп оқылатуғын китап - ҳәр жылы шама менен 80 миллион нусқада баспадан шығарылады

2. Мухаддес Китап 1600 жыл даўамында 40 тан артық авторлар тәрепинен жазылған ҳәм ҳеш қандай қарама-қарсылықларға ийе емес.

3. Инжил үш тилде (еврей, грек ҳәм арамей) ҳәм үш континентте жазылған.

4. Мухаддес Китап толық ямаса бөлеклеп 2377 тил ҳәм диалектке аўдарылған.


Bible Karakalpaksha Muxaddes Kitap Qaraqalpaqsha (latin 50mb .pdf)
Скачать - Мухаддес Китап (Қарақалпақ). (Таурат, Забур, Инжил) (51mb PDF)






















Muxaddes Kitap. Audio

Kitap Дүньяның жаратылыўы Matto Muqaddas xushxabar  Mark Muqaddas xushxabar  Luqo Muqaddas xushxabar  Yuhanno Muqaddas xushxabar  Havoriylarning faoliyati  Yoqubning maktubi  Butrusning birinchi maktubi  Butrusning ikkinchi maktubi  Yuhannoning birinchi maktubi  Yuhannoning ikkinchi maktubi  Yuhannoning uchinchi maktubi  Yahudoning maktubi  Rimliklarga maktub  Korinfliklarga birinchi maktub  Korinfliklarga ikkinchi maktub  Galatiyaliklarga maktub  Efesliklarga maktub  Filippiliklarga maktub  Kolosaliklarga maktub  1-Salonikaliklarga  2-Salonikaliklarga  Timo'tiyga birinchi maktub  Timo'tiyga ikkinchi maktub  Titusga maktub  Filimo'nga maktub  Ibroniylarga maktub  Yuhannoga ko'rsatilgan vahiy

Sharhlar


Sebebi Quday bul du'nyanı sonshelli su'ygenlikten, O'zinin' jalg'ız Ulın berdi. Onın' Ulına isengen ha'r bir adam nabıt bolmay, ma'n'gilik o'mirge iye boladı
Юхан 3:16


Фильмлер

Qaraqalpaqsha Фильмлер

Мультфильмлер

Qaraqalpaqsha Мультфильмлер

Фильмы на Каракалпакском

Qaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha Kino

Инжил Онлайн – har doim tomondan Muqaddas Kitob (Injil) oddiy va samimiy versiyasiga ega istaganlar uchun sayt. Saytida kitob matn Xudoning Kalomini o'rganish yordam beradi va simfonik.