1 Жылнама 7 bob
1 Иссахардың Тола, Пуа, Яшуб ҳәм Шимрон деген төрт улы бар еди.
2 Толаның уллары: Уззий, Рефая, Ериел, Яхмай, Ибсам ҳәм Самуел. Олар өз әўладларының басшылары еди. Даўыт патшалық еткен дәўирде, Тола урпақларының шежиресинде олардан жигирма еки мың алты жүз мәрт жаўынгер есапқа алынған.
3 Уззийдиң улы Израхия. Израхияның уллары: Михаил, Обадия, Иоел ҳәм Ишшия. Олардың бесеўи де әўлад басшылары еди.
4 Олардың ҳаяллары да, балалары да көп болғанлықтан, әўладының шежиреси бойынша оларда урысқа жарамлы отыз алты мың адам бар еди.
5 Урыў шежиреси бойынша, Иссахар урыўының тийрелеринен сексен жети мың мәрт жаўынгер есапқа алынған.
6 Беняминниң үш улы бар еди: Бела, Бехер ҳәм Едиаел.
7 Беланың бес улы бар еди: Эсбон, Уззий, Уззиел, Еримот ҳәм Ирий. Олардың бесеўи де әўлад басшылары еди. Олардың шежиресинде жигирма еки мың отыз төрт мәрт жаўынгер дизимге алынған еди.
8 Бехердиң уллары: Земира, Иоаш, Элиезер, Элйоенай, Омрий, Еремот, Абия, Анатот ҳәм Алемет. Булардың ҳәммеси Бехердиң уллары еди.
9 Олардың шежиресинде әўлад басшылары ҳәм жигирма мың еки жүз мәрт жаўынгер дизимге алынған.
10 Едиаелдиң улы: Билҳан. Билҳанның уллары: Еуш, Бенямин, Эҳуд, Кенаана, Зетан, Таршиш ҳәм Ахишахар.
11 Едиаелдиң барлық уллары әўлад басшылары еди. Оларда урысқа жарамлы он жети мың еки жүз мәрт жаўынгер бар еди.
12 Шуппим ҳәм Хуппим Ирдиң, Хушим болса, Ахердиң урпақлары еди.
13 Нафталийдиң уллары: Яхсиел, Гуний, Есер ҳәм Шаллум. Олар Яқыптың ҳаялы Билҳадан тараған урпақлар еди.
14 Менашшениң уллары: арамлы тоқалынан туўылған уллары Асриел ҳәм Махир. Махир Гиладтың әкеси еди.
15 Махир Хуппим менен Шуппимниң қарындасы Мааханы ҳаяллыққа алды. Менашшениң басқа урпағының аты Селофехад болып, оның тек ғана қызлары болды.
16 Махирдиң ҳаялы Мааха ул туўып, атын Переш деп қойды. Оның инисиниң аты Шереш еди. Шерештиң Улам ҳәм Рекем атлы еки улы болды.
17 Уламның улы Бедан. Менашшениң ақлығы Махирдиң улы Гиладтың әўлады усылардан ибарат еди.
18 Махирдиң қарындасы Ҳаммолехет Ишҳодты, Абиезерди ҳәм Махланы туўды.
19 Шемиданың уллары: Ахиян, Шехем, Ликхий ҳәм Аниам.
20 Эфрайымның Шутелах деген улы бар еди. Шутелахтан Беред, Бередтен Тахат, Тахаттан Элада, Элададан Тахат,
21 Тахаттан Забад, Забадтан Шутелах туўылды. Эфрайымның Шутелахтан басқа Эзер ҳәм Элад деген уллары да болды. Эзер менен Элад Гат қаласының тийкарғы турғынларына қараслы малларды урлап алып кетпекши болғанда, гатлылар оларды өлтирди.
22 Олардың әкеси Эфрайым узақ ўақыт аза тутты. Сонда туўысқанлары оны жубатыўға келди.
23 Эфрайым және ҳаялы менен жатты ҳәм ҳаялы жүкли болып, бир ул туўды. Үйинде бахытсызлық жүз бергени ушын, әкеси баланың атын Бериа деп қойды.
24 Оның Шеера деген қызы да бар еди. Шеера төменги ҳәм жоқарғы Бейт-Хорон ҳәм Уззен-Шеера қалаларының тийкарын салды.
25 Эфрайымның Рефах атлы басқа бир улы да бар еди. Рефахтан Решеф, Решефтен Телах, Телахтан Тахан,
26 Таханнан Лаадан, Лааданнан Аммиҳуд, Аммиҳудтан Элишама,
27 Элишамадан Нун, Нуннан Ешуа туўылды.
28 Эфрайымлылардың жайласқан жерлери Бейт-Элди ҳәм оның дөгерегиндеги аўылларды, шығыстағы Нааранды, батыстағы Гезерди ҳәм оның дөгерегиндеги аўылларды, Шехемди, Айяны ҳәм олардың дөгерегиндеги аўылларды өз ишине алды.
29 Менашше урыўының жерлерине шегаралас Бейт-Шеан, Таанах, Мегиддо ҳәм Дор қалалары, және оларға тийисли аўыллар бар еди. Израил улы Юсуптиң урпағы усы жерлерде жасады.
30 Ашердиң уллары: Имна, Ишўа, Ишўий, Бериа ҳәм олардың қыз туўысқаны Серах.
31 Берианың уллары: Хебер ҳәм Бирзаиттың тийкарын салған Малкиел.
32 Хебердиң Яфлет, Шомер, Хотам атлы уллары ҳәм Шуўа атлы бир қызы бар еди.
33 Яфлеттиң уллары: Пасах, Бимҳал ҳәм Ашўат. Яфлеттиң уллары усылар еди.
34 Шемердиң уллары: Ахий, Роҳага, Хубба ҳәм Арам.
35 Оның туўысқаны Ҳелемниң уллары: Софах, Имна, Шелеш ҳәм Амал.
36 Софахтың уллары: Суах, Харнефер, Шуўал, Берий, Имра,
37 Бесер, Ҳод, Шамма, Шилша, Итран ҳәм Беера.
38 Етердиң уллары: Ефунне, Писпа ҳәм Ара.
39 Улланың уллары: Арах, Ханниел ҳәм Рисия.
40 Булардың ҳәммеси Ашерден тараған урпақлар болып, олар әўлад басшылары, таңланған мәрт жаўынгерлер, абырайлы басшылар еди. Ашер урыўының шежиреси бойынша, урысқа жарамлы жигирма алты мың адам есапқа алынған еди.



































