1 Жылнама 9 bob

Сүргиннен Ерусалимге қайтқан халық(2-34). Патша Шаулдың шежиреси(35-44).

1 Солай етип, пүткил Израил халқы Израил патшаларының жылнама китабында жазылған шежиреге киргизилген еди. Яҳуда халқы Жаратқан Ийеге қыянет ислегени ушын, Бабилонға сүргин етилген еди
2 Өз қалаларындағы өз ийеликлерине израиллылар руўханийлер, лебийлилер ҳәм Ибадатхана хызметшилери менен бирге биринши болып қайтып келип, қоныс басты.
3 Яҳуда, Бенямин, Эфрайым ҳәм Менашше урыўынан болған мына адамлар Ерусалимде жасады:
4 Яҳуданың улы Перестиң урпағынан: Банийдиң қуўлығы Имрийдиң шаўлығы Омрийдиң ақлығы Аммиҳудтың улы Утай.
5 Шеланың урпағынан: туңғыш улы Асая ҳәм оның уллары.
6 Зерахтың урпағынан: Еуел ҳәм оның туўысқанлары. Яҳуда урыўынан ҳәммеси болып алты жүз тоқсан адам еди.
7 Бенямин урыўынан: Ҳассенуаның шаўлығы Ҳодаўияның ақлығы Мешулламның улы Саллу,
8 Ерохамның улы Ибнея, Михрийдиң ақлығы Уззийдиң улы Эла ҳәм Ибнияның шаўлығы Реуелдиң ақлығы Шефатияның улы Мешуллам.
9 Шежиресинде жазылғаны бойынша Бенямин урыўынан тоғыз жүз елиў алты адам еди. Булардың ҳәммеси әўлад басшылары еди.
10 Руўханийлер: Едая, Еҳояриб, Яхин
11 ҳәм Азария. Азария Хилкияның улы Мешулламның ақлығы Садоқтың шаўлығы Мерайоттың қуўлығы Ахитубтың жаўлығы еди. Ахитуб Қудайдың Үйиниң бас хызметкери еди.
12 Малкияның шаўлығы Пашхурдың ақлығы Ерохамның улы Адая ҳәм Иммердиң жаўлығы Мешиллемиттиң қуўлығы Мешулламның шаўлығы Яхзераның ақлығы Адиелдиң улы Маасай.
13 Әўлад басшылары болған Ибадатхана хызметшилери барлығы бир мың жети жүз алпыс адам еди. Олар Қудайдың Үйиндеги ислерди шеберлик пенен атқаратуғын еди.
14 Лебийлилер: Мерарий урпағынан: Хашабияның шаўлығы Азриқамның ақлығы Хашшубтың улы Шемая,
15 Бақбаққар, Хереш, Галал ҳәм Маттания. Маттания Асафтың шаўлығы Зихрийдиң ақлығы Миханың улы еди.
16 Едутунның шаўлығы Галалдың ақлығы Шемаяның улы Обадия ҳәм нетофалылардың аўылларында жасап атырған Элқананың ақлығы Асаның улы Берехия.
17 Ибадатханадағы дәрўаза қараўыллары: Шаллум, Аққуб, Талмон, Ахиман. Олардың туўысқаны Шаллум олардың басшысы еди.
18 Олар бүгинге дейин, шығыс тәрептеги Патша дәрўазасында хызмет етип келеди. Лебийлилердиң ордасынан болған дәрўаза қараўыллары да усылар еди.
19 Қорахтың шаўлығы Эбясафтың ақлығы Қорениң улы Шаллум ҳәм оның Қорах әўладынан болған туўысқанлары Ибадатхананың кирер аўзын қараўыллады. Олардың ата- бабалары да Жаратқан Ийениң Мухаддес шатырының кирер аўзын қараўыллаған еди.
20 Алдынғы ўақытлары Элазар улы Пинехас дәрўаза қараўылларын басқарған еди ҳәм Жаратқан Ийе оның менен бирге еди.
21 Мешелемия улы Зехария Ушырасыў шатырының дәрўазасының қараўылы еди.
22 Таңлап алынған дәрўаза қараўыллары барлығы болып еки жүз он еки адам еди. Олар аўыллары бойынша шежиреге киргизилди. Оларды бул жуўапкершиликли ўазыйпаға Даўыт ҳәм көзи ашық Самуел тайынлаған еди.
23 Олар ҳәм олардың урпақлары Жаратқан Ийениң Ибадатханасының, яғный Шатырының дәрўазасында сақшылық қылатуғын еди.
24 Олар төрт тәрептеги: шығыс, батыс, арқа ҳәм қубладағы дәрўазаларды қараўыллады.
25 Олардың аўылларда жасайтуғын туўысқанлары ўақты-ўақты келип, жети күнлик хызметти олар менен бөлисип ислеўге миннетли болды.
26 Бас дәрўаза қараўылларының төртеўи де лебийли болып, оларға Қудайдың Ибадатханасындағы бөлмелер ҳәм ғәзийнеханалар исенип тапсырылған еди.
27 Оларға Қудайдың Ибадатханасын қараўыллаў ҳәм ҳәр таңда қапыларды ашыў ўазыйпасы жүкленгенликтен, олар түнди Қудайдың Үйи әтирапында өткеретуғын еди.
28 Лебийлилердиң базылары Ибадатхана хызметинде қолланылатуғын затларға жуўапкер болды. Олар затларды хызмет ушын бергенде де, қайтарып алғанда да санайтуғын еди.
29 Олардың басқалары Ибадатханадағы буйымларға ҳәм басқа барлық затларға, сондай-ақ сапалы унға, шарапқа, зәйтүн майына, ливан шайырына ҳәм хош ийисли затларға жуўапкер еди.
30 Ал руўханийлердиң базылары хош ийисли затларды араластырып таярлаў хызметин атқарды.
31 Қорахтың урпағынан Шаллумның туңғыш улы, лебийли Маттития садақа етип усынылатуғын нанларды таярлаў хызметине қойылған еди.
32 Оның Қоҳат урпағынан болған базы туўысқанларына болса, ҳәр Шаббат күни усынылатуғын нанларды таярлап, оларды усыныў хызмети жүкленди.
33 Лебийлилердиң әўлад басшылары болған сазенде ҳәм қосықшылар Ибадатхана бөлмелеринде жасады. Олар күни-түни хызметте болғанлықтан, хызметтиң басқа түрлеринен азат болды.
34 Булардың ҳәммеси урпақ шежиреси бойынша лебийлилердиң әўлад басшылары еди ҳәм олар Ерусалимде жасайтуғын еди.
35 Гибонның тийкарын салған Еиел Гибонда жасады. Оның ҳаялының аты Мааха еди.
36 Еиелдиң туңғыш улы Абдон болып, басқа уллары мыналар еди: Сур, Киш, Баал, Нер, Надаб,
37 Гедор, Ахйо, Зехария ҳәм Миклот.
38 Миклот Шимеамның әкеси еди. Булар Ерусалимде, ағайинлериниң жанында жасады.
39 Нер Киштиң, Киш Шаулдың әкеси еди. Шаул Ионатан, Малкий-Шуа, Абинадаб ҳәм Эшбаалдың әкеси еди.
40 Ионатан Мериб-Баалдың, Мериб- Баал Миханың әкеси еди.
41 Миханың уллары: Питон, Мелех, Тахреа.
42 Ахаз Яраның, Яра Алемет, Азмаўет ҳәм Зимрийдиң әкеси еди. Зимрий Мосаның,
43 Моса Бинеаның, Бинеа Рефаяның, Рефая Эласаның, Эласа Аселдиң әкеси еди.
44 Аселдиң алты улы бар еди. Олардың атлары мынадай: Азриқам, Бохеру, Исмайыл, Шеария, Обадия ҳәм Ханан. Булардың барлығы Аселдиң уллары еди.


Shu bobni tarjimada ko’rish


Kitoblar




kitap Qaraqalpaqsha Júklep alıw - Muxaddes Kitap Qaraqalpaq tilinde (latin 27mb .PDF)
Жүклеп алыў - Мухаддес Китап (кирилл 26mb .PDF)
Tawrat | Zabur | Injil (+audio)




ӘЖАЙЫП КИТАПТЫ ОҚЫҢ Муқаддес Китап.


1. Ең көп оқылатуғын китап - ҳәр жылы шама менен 80 миллион нусқада баспадан шығарылады

2. Мухаддес Китап 1600 жыл даўамында 40 тан артық авторлар тәрепинен жазылған ҳәм ҳеш қандай қарама-қарсылықларға ийе емес.

3. Инжил үш тилде (еврей, грек ҳәм арамей) ҳәм үш континентте жазылған.

4. Мухаддес Китап толық ямаса бөлеклеп 2377 тил ҳәм диалектке аўдарылған.


Bible Karakalpaksha Muxaddes Kitap Qaraqalpaqsha (latin 50mb .pdf)
Скачать - Мухаддес Китап (Қарақалпақ). (Таурат, Забур, Инжил) (51mb PDF)






















Muxaddes Kitap. Audio

Kitap Дүньяның жаратылыўы Matto Muqaddas xushxabar  Mark Muqaddas xushxabar  Luqo Muqaddas xushxabar  Yuhanno Muqaddas xushxabar  Havoriylarning faoliyati  Yoqubning maktubi  Butrusning birinchi maktubi  Butrusning ikkinchi maktubi  Yuhannoning birinchi maktubi  Yuhannoning ikkinchi maktubi  Yuhannoning uchinchi maktubi  Yahudoning maktubi  Rimliklarga maktub  Korinfliklarga birinchi maktub  Korinfliklarga ikkinchi maktub  Galatiyaliklarga maktub  Efesliklarga maktub  Filippiliklarga maktub  Kolosaliklarga maktub  1-Salonikaliklarga  2-Salonikaliklarga  Timo'tiyga birinchi maktub  Timo'tiyga ikkinchi maktub  Titusga maktub  Filimo'nga maktub  Ibroniylarga maktub  Yuhannoga ko'rsatilgan vahiy

Sharhlar


Sebebi Quday bul du'nyanı sonshelli su'ygenlikten, O'zinin' jalg'ız Ulın berdi. Onın' Ulına isengen ha'r bir adam nabıt bolmay, ma'n'gilik o'mirge iye boladı
Юхан 3:16


Фильмлер

Qaraqalpaqsha Фильмлер

Мультфильмлер

Qaraqalpaqsha Мультфильмлер

Фильмы на Каракалпакском

Qaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha Kino

Инжил Онлайн – har doim tomondan Muqaddas Kitob (Injil) oddiy va samimiy versiyasiga ega istaganlar uchun sayt. Saytida kitob matn Xudoning Kalomini o'rganish yordam beradi va simfonik.