2 Жылнама 31 bob

Хизкия киргизген өзгерислер(1-21). 

1 Байрам толық тамам болғаннан кейин, оған қатнасқан израиллылардың барлығы Яҳуда қалаларына барып, кийели тасларды майдалап, кийели ағашларын кесип таслады. Олар пүткил Яҳуда, Бенямин, Эфрайым ҳәм Менашше жерлериндеги сыйыныў орынларын ҳәм қурбанлық орынларын бирде биреўин қалдырмай бузып таслады. Соңынан израиллылар өз қалаларына, өз ийеликлерине қайтты.
2 Хизкия руўханийлер менен лебийлилерди атқаратуғын ўазыйпаларына қарап, топарларға бөлди. Олардың айырымларына жандырылатуғын қурбанлықларды ҳәм татыўлық қурбанлықларын усыныў, айырымларына Жаратқан Ийениң мәканының дәрўазаларында хызмет етиў, айырымларына тәрийиплеў ҳәм алғыс-мақтаў қосықларын айтыў тапсырылды.
3 Патша Жаратқан Ийениң нызамына муўапық, ҳәр күни азанда ҳәм кеште, Шаббат күнлери, Жаңа ай байрамында ҳәм Жаратқан Ийениң Нызамында белгиленген байрамларда усынылатуғын жандырылатуғын қурбанлықлар ушын өз мал-мүлкинен маллар ажыратты.
4 Руўханийлер менен лебийлилердиң өзлерин Жаратқан Ийениң Нызамын орынлаўға бағышлаўы ушын, патша Ерусалимде жасайтуғын халыққа руўханийлер менен лебийлилерге тийисли болған пайларын берип турыўды буйырды.
5 Бул пәрман жәрияланыўдан-ақ, израиллылар бийдайдың, жаңа шараптың, зәйтүн майының, палдың, жерден өнген барлық өнимлердиң биринши зүрәәтинен сақыйлық пенен алып келе баслады. Сондай-ақ қолларында бар болғаннан мол етип үсир берди.
6 Яҳуда қалаларында жасап атырған израиллылар менен яҳудалылар да өз сүриў ҳәм падаларынан үсир берди, және Қудайы Жаратқан Ийеге арналған мухаддес затларынан да үсир берип, оларды бир жерге жыйнап үйин-үйин қылды.
7 Олар бул исти үшинши айда баслап, жетинши айда тамамлады.
8 Патша Хизкия ҳәм оның ҳәмелдарлары келип, үйинлерди көргенде, Жаратқан Ийеге алғыс айтып, Оның халқы Израилға пәтиясын берди.
9 Хизкия руўханийлер менен лебийлилерден бул үйинлер ҳаққында сорағанда,
10 Садоқ тийресинен болған бас руўханий Азария жуўап берип: «Халық Жаратқан Ийениң Ибадатханасына садақаларын алып келе баслағаннан бери, тамағымыз тоқ, артып та қалмақта. Жаратқан Ийе Өз халқын жарылқағанлықтан, аўысығының өзи ағыл-тегил», – деди.
11 Сонда Хизкия Жаратқан Ийениң Ибадатханасына зат сақланатуғын бөлмелер қурыўды буйырды ҳәм олар қурылды.
12 Бул бөлмелерге барлық садақалар, үсирлер, бағышланған затлар садықлық пенен апарып қойылды. Бул ислердиң басында лебийли Кенания турды, ал иниси Шимей оның орынбасары болды.
13 Патша Хизкия ҳәм Қудайдың Ибадатханасының басқарыўшысы Азарияның тапсырмасы бойынша, Ехиел, Азазия, Нахат, Асаҳел, Еримот, Иозабад, Элиел, Исмахия, Махат ҳәм Беная Кенания менен оның иниси Шимейдиң қол астында бақлаўшылар хызметин атқара баслады.
14 Ибадатхананың Шығыс дәрўазасының қараўылы лебийли Имна улы Қоре Қудайға ықтыярлы түрде берилген қурбанлықларға жуўапкер болып, ол Жаратқан Ийеге аталған сыйларды ҳәм бағышлап, арнаўлы түрде берилген сыйларды бөлип бериў ўазыйпасын алып барды.
15 Эден, Минямин, Ешуа, Шемая, Амария ҳәм Шекания руўханийлер жасап атырған қалаларда руўханийлерге тийисли үлеслерин топарлары бойынша, үлкен- кишисине бирдей етип бөлип бериўде Қореге жәрдемлести.
16 Буннан тысқары, Жаратқан Ийениң Ибадатханасына кирип, өзиниң ўазыйпасы ҳәм топарына сай ондағы күнделикли жумысларды атқаратуғын үш жас ҳәм оннан жоқары болған, шежиреге киргизилген еркеклерге,
17 сондай-ақ, әўладлары бойынша шежиреге киргизилген руўханийлерге, жигирма ҳәм оннан жоқары жастағы лебийлилерге ўазыйпалары менен топарларына сай үлес бөлип берди.
18 Және де, руўханийлер менен лебийлилердиң шежиреге киргизилген нәрестелерине, ҳаялларына ҳәм ул-қызларына да үлес тийди. Себеби олар өзлерин садықлық пенен Қудайға бағышлаған еди.
19 Қалаларының әтирапындағы аўылларда жасап атырған Харон урпақларынан болған руўханийлерге келсек, олардан болған барлық еркеклерге ҳәм лебийлилердиң шежиресине кирген ҳәр бир адамға тийисли үлесин бериў ушын атлары аталып, айырым адамлар тайынланды.
20 Хизкия пүткил Яҳуда бойлап усылай ис алып барды. Ол Қудайы Жаратқан Ийениң нәзеринде ийгиликли, туўры ҳәм ҳадал ислерди иследи.
21 Ол Қудайдың Ибадатханасындағы хызметте ҳәм Нызам менен буйрықларға әмел қылыў ислеринде нелер ислеген болса да, Қудайына бойсынып, шын жүректен ҳәрекет етти. Нәтийжеде ол табысқа еристи.


Shu bobni tarjimada ko’rish


Kitoblar




kitap Qaraqalpaqsha Júklep alıw - Muxaddes Kitap Qaraqalpaq tilinde (latin 27mb .PDF)
Жүклеп алыў - Мухаддес Китап (кирилл 26mb .PDF)
Tawrat | Zabur | Injil (+audio)




ӘЖАЙЫП КИТАПТЫ ОҚЫҢ Муқаддес Китап.


1. Ең көп оқылатуғын китап - ҳәр жылы шама менен 80 миллион нусқада баспадан шығарылады

2. Мухаддес Китап 1600 жыл даўамында 40 тан артық авторлар тәрепинен жазылған ҳәм ҳеш қандай қарама-қарсылықларға ийе емес.

3. Инжил үш тилде (еврей, грек ҳәм арамей) ҳәм үш континентте жазылған.

4. Мухаддес Китап толық ямаса бөлеклеп 2377 тил ҳәм диалектке аўдарылған.


Bible Karakalpaksha Muxaddes Kitap Qaraqalpaqsha (latin 50mb .pdf)
Скачать - Мухаддес Китап (Қарақалпақ). (Таурат, Забур, Инжил) (51mb PDF)






















Muxaddes Kitap. Audio

Kitap Дүньяның жаратылыўы Matto Muqaddas xushxabar  Mark Muqaddas xushxabar  Luqo Muqaddas xushxabar  Yuhanno Muqaddas xushxabar  Havoriylarning faoliyati  Yoqubning maktubi  Butrusning birinchi maktubi  Butrusning ikkinchi maktubi  Yuhannoning birinchi maktubi  Yuhannoning ikkinchi maktubi  Yuhannoning uchinchi maktubi  Yahudoning maktubi  Rimliklarga maktub  Korinfliklarga birinchi maktub  Korinfliklarga ikkinchi maktub  Galatiyaliklarga maktub  Efesliklarga maktub  Filippiliklarga maktub  Kolosaliklarga maktub  1-Salonikaliklarga  2-Salonikaliklarga  Timo'tiyga birinchi maktub  Timo'tiyga ikkinchi maktub  Titusga maktub  Filimo'nga maktub  Ibroniylarga maktub  Yuhannoga ko'rsatilgan vahiy

Sharhlar


Sebebi Quday bul du'nyanı sonshelli su'ygenlikten, O'zinin' jalg'ız Ulın berdi. Onın' Ulına isengen ha'r bir adam nabıt bolmay, ma'n'gilik o'mirge iye boladı
Юхан 3:16


Фильмлер

Qaraqalpaqsha Фильмлер

Мультфильмлер

Qaraqalpaqsha Мультфильмлер

Фильмы на Каракалпакском

Qaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha Kino

Инжил Онлайн – har doim tomondan Muqaddas Kitob (Injil) oddiy va samimiy versiyasiga ega istaganlar uchun sayt. Saytida kitob matn Xudoning Kalomini o'rganish yordam beradi va simfonik.